Пул - кредит сиясатын иске асырыўдың әҳмийетли қуралларыныңбири–бул, есап ставкасы сиясаты болып есапланады. Есап ставкасы ямасақайта финансластырыў ставкаси деп Орайлық Банк тәрепинен коммерциялық банклерге берилетуғынссуданың процент ставкасытүсиниледи.Бундайссудаларды коммерциялық банклер нәзерде тутылмаған зәрүрлик болғанда ҳәм финанслық жағдайы турақлы болғанда алады. Есап ставкасының төменлеўи менен коммерциялық банклерде, Орайлық Банктен қосымша ресурсларды алыў мүмкиншилиги кеңейеди. Өз гезегинде,бундай коммерциялықбанклердиң ресурсларынан таза кредитлерди бериў арқалыпул усынысын көбейтеди. Және сондай жағдайларда бар болып, Орайлық Банк есапставкасын жоқарылатып, коммерциялық банклер тәрепинен қосымша ресурсларды алыўдағы тосқынлықларды бир қанша жоққа шығарғандай болады ҳәм кредит бериўдеги олардың мүмкиншилигин азайтады, усындай жол мененпул усынысын шеклейди. Егер бундай ставка төмен болса, онда коммерциялықбанклер көбиреккредит алыға ҳәрекет етеди.Нәтийжеде банклердиң артықша ресурслары көбейеди ҳәм айланыстағыпулмассасының көбейиўине себепши болады. Егерде есап ставкасының муғдары жокары болса, онда банклер азырақ кредит алыўға, алғанларын болса қайтарып бериўге ҳәрекет етеди, нәтийжеде артықшабанк ресурслары қысқарады, айланыстағы пулмуғдары азаяды.
Бул көрсеткишлердиң дәрежеси көпшилик мәмлекетлерде экономикалық жағдайға қарап ҳәр қыйлы мақсетлерге бөлинеди.Мәселен экономикада турғынлықэлементлери бақланса, инвестицияларды қоллап-қуўатлаў ҳәм улыўма экономикалық активликти жокарылатыў ушынАҚШФедерал резервлер системасы есап ставкасын2016-жылыбир процентке қысқартты.ӨзбекстанРеспубликасында қайта финансластырыў ставкасы 2021-2022-жылларда орташа14 процентти қурады (7.2.-кесте). Әмелиятта, мәмлекетлер есап ставкасы сиясатын ашық базардағы операциялар сиясаты менен муўапықластырған түрде алып барыўға ҳәрекет етеди.
7.2.-Кесте ӨзбекстанРеспубликасында процентставкаларының өзгерияи 2010-2022-жж(%)
Do'stlaringiz bilan baham: |