Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Ашық базардағыоперациялар ҳәм есап ставкасы


Download 2.93 Mb.
bet50/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Ашық базардағыоперациялар ҳәм есап ставкасы.




Ашық базардағы операциялар – Орайлық Банк тәрепинен мәмлекеттиңоблигацияларын(қымбат баҳалы қағазлар) коммерциялық банклер ҳәм халықтан сатып алыў ҳәм оларға сатыў операциялары болып есапланады.Орайлық Банк, коммерциялықбанклерден ямаса халықтан бундай қымбат баҳалы қағазларды сатып алар екен, коммерциялық банклер өзлериниң резервлерин сатып алынғаноблигациялардың муғдарында көбейтеди.Бундай резервлерпул базасына қосылады, яғный жоқары ликвидли пуллар болғанлығы ушын, пул усынысы мултипликатив түрде көбейеди. Орайлық Банк, коммерциялық банклер ҳәм халыққаоблигицияларды сатыў арқалы, резервлерди ҳәм де коммерциялықбанклердиң кредит бериў уқыплығын кеңейтеди. Бундай жағдайда пул усынысы қысқарады.
Ҳәзирги ўақытта барлық мәмлекетлерде пулдың муғдарын тәртипке салыўда ашықбазардағы операциялардан, яғный мәмлекетлик қымбат баҳалы қағазларды усыныўдан кең пайдаланбақта. Бундай операцияларды ОрайлықБанк тийкарынан абырайлы банклер менен биргеликте иске асырады.
Пул базарында айланыстағы пул муғдары артық деп көз алдымызға келтиремиз. Өз-өзинен белгили, Орайлық Банк артықша пул массасын азайтыўға ҳарекет етеди.Буның ушын, өзиндег қымбат баҳалы қағазларды ол ашық базарда ҳалық ҳәм банклерге усынады, олар буны сатып ала баслайды. Мәмлекет қымбат-баҳалы қағазларды (сатыў ямаса сатып алыў жолы менен) усыныс етиўи көбейген сайын, оның баҳасы төменлейди, өз гезегинде, оған болған процент (яғный, қымбат баҳалы кағазларды сатып алғанларға процент ретинде төленетуғын ҳақы) жоқарылайды, бул болса оған болған талапты көбейтеди.Банклер ҳәм халық қымбат баҳалы қағазларды көбирек сатып ала баслайды, нәтийжеде банклердиң резервлери азаяды, өз гезегинде бундай жағдай пул усынысыныңбанкмультипликаторына теңдей муғдарда қысқарыўына, сондай-ақ,банктиң резерви ҳәмпул усынысының жоқарылаўына алып келеди.ӨзбекстанРеспубликасыОрайлық Банкиҳәмпулкредитсиясатын иске асырыўда бундай қуралдың (механизмниң)ролинкескин жоқарылатыў мақсетке муўапық деп есапланған.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling