Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet56/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Таяныш сөзлер


Жумысызлық ҳәминфляция,макроэкономикалық анализдиң тийкарғы көрсеткишлери. Жумыссызлық экономикалықкатегрия ретинде, оның түрлери, қәлиплесиў басқышлары. Жумыссызлықтың УИӨ ге тәсири ҳәм оның экономикалық анализи. Жумыссызлықты анализ ислеў усылы, оның муғдарының нормасы.Жумыссызлықты қәлиплестириўши факторлар. Жумыссызлық ҳәм бәнтлик.Өзбекстанның жумыссызлықты азайтыўдағы сиясаты. Жумыссызлықтың дәрежесинниң акономикалық анализи.Инфляцияҳәм оның экономикалық мәниси.Инфляцияныбелгилеўши факторлардың анализи ҳәм олардың қурамы. Мәмлекеттиң экономикасының ғәрезсизлик жылларындағы раўажланыў дәўиринде,инфляциядәрежесиниңдинамикасының экономикалық қурамы, өзгериў (азайыў)тенденциясының анализи.

Қадағалаў ушын сораўлар


  1. Жумысшы күши ресурсларының бәнтлигиниң дәрежеси, жумыссызлық ҳәм оның түрлери, жумыссызлықты анықлаў усыллары.

  2. Инфляцияҳәм жумыссызлықтың өз-ара байланысын түсиндириң.

  3. Толық ҳәм нәтийжели бәнтликти түсиндириң.

  4. Жумысшы күши базары ҳәм оның Өзбекстанда қәлиплесиўи ҳәм тәртипке салыныўы.

  5. Жумысшы күшин, тәкирар өндирия ҳәм жумысшы күшиниңресурсларының муғдары ҳәм сапасы бойыншаанықлаўды түсиндириң.

10-БАП.МАКРОЭКОНОМИКАЛЫҚПРОГНОЗЛАЎДЫҢ ӘҲМИЙЕТИ,ПРЕДМЕТИҲӘМ ОБЪЕКТИ


Жобасы:
    1. Экономикалықпрогнозлаў түсиниги,оның әҳмийети ҳәмфункциясы


    2. Прогноз,гипотезаҳәм жоба ҳаққындағы түсиниклер
    3. Прогнозластырыўобъектиниң системалы анализи


    1. Экономикалық прогнозлаў түсиниги, оның әҳмийети ҳәмфункциясы

Социаллық-экономикалық турмысты,келешекти баҳаламастан оның раўажланыў келешегин прогнозларсыз көз алдымызға келтириў қыйын. Жобалы жәмийетликхожалықты жүргизия жағдайында экономикалықпрогнозлар, жәмийеттиң раўажланыўының мүмкин болған мақсетлерин, оларға ерисиўди тәмийинлеўши экономикалықресурсларды,ўзақ мүддетли,ортамүддетли ҳәм күнделикли жобалардың экономикалық жақтан нәтийжеливариантларын анықлаў ушын, экономикалық ҳәм техникалық сиясаттың баслы бағдарларын анықлаў,қабылланып атырған карарлардыңнәтийжелигинпрогноз ислеў ҳәм бәрҳама анық илажларды, ҳәрекетлерди иске асырыўда зәрүр болып есапланады. Базар реформалары ҳәм илимий-техникалық раўажланыўды жетилистириў жағдайындапрогнозлаў, социаллық раўажланыўдың стратегия ҳәм тактикасын қәлиплестириўдиң шешиўши илимий факторарының биринен есапланады.
Инсанның ойлаў уқыплылығының ең тийкарғы ҳәм әҳмийетли өзгешеликлериниң бири–бул келешекти алдын-ала болжап билиўи болып есапланады.
Бүгинги күнде алдын-ала болжаўдың еки түрли көриниси бар - илимий болжаў ҳәмде илимий тийкарланбаған болжаў. Илимий тикарланбаған болжаў – инсанның тапқырлығы, сезгирлиги менен байланыслы болжаўды өз ишине алады.
Илимийболжаўдың әпиўайы болжаўдан принципиал парқы сонда,илимийболжаў арқалы келешекте жүз бериўи мүмкин болған ўақиялар ҳаққында исенимли ҳәм анық мағлыўматка ийе болыў мүмкин. Бул арқалы турмыстағы ең әҳмийетли мақсетке муўапық карарларды кабыллаў имканиятына ийе боламыз. Илимий болжаўдың ҳәр қый формалары арасында ең көп тарқалған түрлериниң бирипрогнозластырыўболып есапланады.
Прогноз усы ўақытка шекем ҳешбиртил системасында елеге шекем бақланбаған ўақияларды атамалары арқалы белгилеўге, кандай да бир объект, процесс, ҳәдийсениң жағдайын узақ ямаса жақын келешек ушын белгилеўге жәрдем береди.
Прогнозды таярлаўда тексерилген анық ҳәм қарсылыққа ушырамайтуғынпрогнозластырыўметодынан пайдаланыў тийис. Сонда ған,прогнозды жеке интуиция түринде емес алилимге тийкарланған түрде таярланғанлығын билиў мүмкин. Буннан баска,прогнозластырылған ўақия -ҳәдийсениңреализациясын келешекте тексериў усылларыда анық болыўы шәрт.
Солай етип, прогноз бул келешекте, белгили бир мүддет аралығындаобъект, ҳәдийсе ямаса процесслердиң раўажланыўының нәтийжеси ҳәм де олардың итималлы бағдарлары ҳаққындағы илимий-методикаға тийкарланған додалаў болып есапланады.
Прогнозластырыў тараўы кең көлемли ҳәр ҳәр қыйлы.Бүгинги күнде географиялық, геологиялық, экологиялық, медициналық прогнозластырыў, илим-техника ҳәмтехникалық прогноз, экономикалық, социологиялық, әскерий прогнозластырыў, сыртқы-сиясый,юридикалық,мәдений-эстетикалық ҳәм басқа да түрдегипрогнозластырыў тараўларын атап өтиўимиз мүмкин.

    1. Download 2.93 Mb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling