Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк
Инфляцияның мәниси,түрлери ҳәм есаплаў усыллары
Download 2.93 Mb.
|
Макро экономикалык анализ 23
Инфляцияның мәниси,түрлери ҳәм есаплаў усылларыИнфляция деген не? Инфляцияның әпиўайыластырылған анықламасы - бул баҳалардың улыўма дәрежесиниң жоқарылаўы. Инфляция - бул товар айланысындағы пул массасының, айланыстағы қуралларының жүдә көбейип кетиўи, нәтийжеде пул бирлигиниң қәдирсизлениўи ҳәм өз гезегинде товардың баҳасының қымбатлаўы. Инфляция деп, пулдың айланысы нызамының бузылыўы менен байланыслы түрде қағаз пуллардың қәдирсизлениўине айтылады. Бул жерде қағаз пул муғдарының көбейип кетип, оның қәдирисизлениўине, пулдың артықша эмиссия ислениўи, пул эмиссиясы өзгерместен, оның айланыў тезлигиниң жокарылаўы, айланысьағы пулдың муғдары өзгермесе де товар өндириў ҳәм хызмет көрсетиў көлеминиң азайып кетиўи, товарлар ҳәм хызметлердиң жәмийетлик қунының яғный, баҳасының төменлеўи ҳәм ақырында, пулдың қунының төменлеўи сыяқлы факторлар тәсир етеди. Қағаз пуллар инфляцияға ушырағанда үш түрли процесс бойынша қәдирсизленеди: Алтынға салыстырғанда – бул алтынның қағаз пуллардағы базар баҳасының көтерилиўинде көринеди; Товарларға салыстырғанда - бул товарлардың баҳасының жокарылаўында өз көринисин табады; Турақлы шет ел валюталарына салыстырғанда - бул шет ел валюталарына салыстырғанда, миллий пул курсының төменлеп кетиўинде көринеди. Инфляция, баҳа индексиниң жәрдеминде, базис дәўирге салыстырылып өлшенеди. Баҳа индекси болса күнделикли тутыныў баҳаларының, базис дәўирдеги тутыныў баҳаларына қатнасы арқалы анықланады. Инфляцияның түрлери. Келип шығыў себеплери бойынша: Административлик инфляция «административлик» басқарылатуғын баҳалардың жәрдеминде пайда болады. Талап инфляциясы. Өндирис тараўы халықтың талабын толық қанаатландыра алмайды, усынысқа салыстырғанда талап жокарылап кетеди. Нәтийжеде товарлардың баҳасы қымбатлайды. Аз муғдардағы товарға, көп пул массасы туўры келеди. Усыныс инфляциясы, бунда баҳалардың өсиўине себеп, ресурслардан толық пайдаланылмаған болса да, өндирислик шығынлардың жокарылаўын келтирип шығарыўы мүмкин. Шығынлар инфляциясы, бунда өндирис факторларының баҳасы жоқырылағанда, өндирислик шығынларда жоқарылайды ҳәм нәтийжеде жетисти рилген өнимниң баҳасы да кымбатлайды. Импорт инфляциясы, мәмлекетке шет ел валютасының жүда көп муғдарда кирип келиўи ҳәм импорт товарлардың баҳасының қымбатлаўы себепли жүзеге келеди. Кредит инфляциясы, артықша кредит экспансиясы себепли жүзеге келеди. Инфляция көриниси бойынша: Ашық инфляция, яғный товар ҳәм хызметлердиң еркин базардағы инфляциясы; Жасырын инфляция, бунда мәмлекеттиң баҳаларды, бирдей дәрежеде мәжбүрий кслап турыўы себепли пайда болады. Товар дефицити болғанда, товарлар «қара базар» ға өтип, ол жерде олардың баҳалары турақлы түрде жокарылап турады. Көлеми бойынша: Жергиликли инфляция, айырым мәмлекетлерде жүз беретуғын инфляция; дүнья-жүзилик инфляция. Download 2.93 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling