Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк
Прогноз,гипотезаҳәм жоба ҳаққындағы түсиниклер
Download 2.93 Mb.
|
Макро экономикалык анализ 23
Прогноз,гипотезаҳәм жоба ҳаққындағы түсиниклерГипотеза улыўмалық теория шеңбериндеги илимий болжаўды характерлейди..Бул соны билдиреди,гипотезаны дүзиў даслепкибазалық теория тийкарында үйренилип атырған объектлердиң ҳәрекети ҳәм раўажланыў нызамшылығы ҳәм де себеп-ақыбетлерин өз ишине алады. Гипотезаның дәрежесинде, ҳәрекетлердиң улыўма нызамлылықларын сәўлелендириўши бундай объектлерге сапа жағынан анықлама бериледи. Прогноз гипотезадан парықлы түрде жәнеде толық анықлыққа ийе, себеби тек ғана сапа өлшемлерине емес, ал муғдарлық өлшемлерге де тийкарланады, сол себепли объекттиң келешектеги жағдайын муғдар бойынша характерлеўге мүмкиншилик береди.Прогнозанық теория дәрежесинде болжаўды нәзерде тутады. Солай етип,прогнозгипотезадананықсызлық дәрежеси төмен ҳәм де жоқары дәрежедеги ҳақыйқыйлығы менен парықланады. Соның менен бирге, прогноздың үйренилип атырған объект, ҳәдийсе менен арасындағы туўрыдан-туўры байланысы жоқ:прогноз итималлық характерге ийе. Жобаанық белгиленген мақсетлерди қойыў ҳәм үйренилип атырғанобъекттиң анықҳәдийселерин болжаўды нәзерде тутады. Онди белгиленген ўазыйпаларға муўапық түрде раўажланыўдың жоллары ҳәм кураллары атап өтиледи, қабыл етилген басқарыў қарарлары тийкарлап бериледи. Оның ең тийкарғы парқы-тапсырмалардың анықлығы ҳәм көргизбели екенлигинде. Солай етип, жобада болжаў буннан былайда аның көриниске ийе болады. Прогноз сыяқлы жоба да, анық әмелий теорияның нәтийжесине ҳәм жетискенликлерине тийкарланады. Прогнозлаўдың формалары өзиниң мәниси бойынша баскарыў ҳәм жобаластырыў системасындабир-бири менен ҳәм де үйренилип атырғанобъект пенен тығыз байланыста болып, объекттиң өзиниң анықлығы менен келешектеги ҳәрекетлериниң басқышларының избе-излигин сәўлелендиреди. Бул процесстиң даслепки қәдеми -объектти оның ушын жаңадан белгиленген жағдайына өткериў жобасын дүзиў болып есапланады. Буның ушын ең әҳмийетли куралдан есапланған миллий болжаў ҳәм жоба ортасында байланыстырыўшы звено ретинде қатнасыўшы прогноз хызмет етеди. Гипотеза улыўмалық характерге ийе болса да, онысыз ҳеш қандай илимийбасқарыў ҳәм жобаластырыўды иске асрыўға болмайды. Гипотеза бундай процесске тәсир көрсетип, оны дүзиў ушын әҳмийетли ахборот дереги болып есапланады. Көпшилик жағдайдагипотеза тиккелей жобаларды дүзиўде де усындай ўазыйпаларды орынлайды. Жобаластырыў менен прогнозлаў бир- бири менен тығыз байланыслы. Жоба ҳәм прогноз өзиниң мәниси бойынша жобаның жәмийетлик өндиристи баскарыўда жетекши буўын ретинде шешиўширольди аткарып атырған жағдайында,бир-бирин өз-ара толтырыўшы жобаластырыўдың басқышларын сәўлелендиреди.Бунда прогноз ҳәрекеттеги турмыстың келешектеги раўажланыў мүмкиншиликлеринеқаратылған фактор ретинде хызмет ететуғын болса, прогнозлаў -жобаларды таярлаў рычаги ретинде жүзеге келеди. Download 2.93 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling