Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet80/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   76   77   78   79   80   81   82   83   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Қадағалаў ушын сораўлар:

  1. Социаллық процесслердиң өзгешеликлери нелерден ибарат?

  2. Социаллық раўажланыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин прогнозлаў системасынақандайфакторлар тәсир етеди?

  3. Социаллық раўажланыўдыпрогнозластырыў системасы дегенде нени түсинесиз?

  4. Халықтың турмыс дәрежесин прогнозлаўда қандай көрсеткишлерден пайдаланылады?

  5. Халықтың турмыс дәрежесинпрогнозлаўқандай бөлимлерден ибарат?

  6. Социаллық тараўдыпрогнозлаўдақандаймоделлерден пайдаланылады?



Таяныш сөзлер


Социаллық процесслердиң өзгешеликлери ҳәм оларды характерлеўшикөрсеткишлер.Мәмлекетлик бюджеттен, социаллық процесслерди раўажландырыў ушын ажыратылғаг ғәрежетлер, олардың өзгериўиниң динамикасы, Өзбекстанның социаллық тараўларды раўажландырыў сиясаты. Социаллық тараўларды прогнозлаў усыллары ҳәммоделлери, олардң өзине тән өзгешеликлери. Халықтың турмыс дәрежесин баҳалаўшы көрсеткишлер, усы көрсеткишлердиң өзгериў динамикасы. Халықтың урмыс дәрежесин белгилеўши нормалар. Өзбекстанда олардың муғдары прогноз ушын тийкарғыахборотбазасы. Турмыслық хызметлер тараўынпрогнозлаў, усақлап сатыў айланбасы ҳәм оған болған талапты прогнозлаў. Кадрлар таярлаў ҳәм билимлендириў ситсемасынпрогнозлаў.
16-БАП. ДЕМОГРАФИЯЛЫҚ ПРОЦЕССЛЕРДИ ПРОГНОЗЛАЎ

Жобасы:


    1. Прогнозлаў объекти, демографиялық процесслердиң өзгешеликлери, өзгериўтенденциясы, өсиў динамикасы.

    2. Мәмлекет халқының структурасы. Жумысшы күши, олардың қала ҳәм аўыллардағыдүзилиси.

    3. Демографиялық процесслерди характерлеўши көрсеткишлер ҳәм оларды белгилеўши факторлар.



    1. Прогнозлаў объекти, демографиялық процесслердиң өзгешеликлери, өзгериўтенденциясы, өсиўдинамикасы


Ҳәммеге белгили, халық жәмийеттиң тийкарғы өндириўши күши ҳәм детутыныўшысы болып есапланады. Усыларды есапқа алғанда, мәмлекетти социал-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың кейинги өсиў динамикасын үйрениў үлкен әҳмийетке ийе. Халықтың өсиў динамикасы менен өндирислик күшлердиң көбейиўи, оларды аймақлар бойынша, жасы ойынша жайласыўын аныклаў, усы жумысшы күшлерине муўапық жумыс орнын жаратыў, техника, технологияларды сатып алыя менен бирге тутыныўшы ретинде турақ-жай, ҳәмде мәдений-турмыс объектлерин қурыў, азық-аўқат ҳәм басқа да күнделикли тутыныў өнимлерин жетистириў көлемин жобаластырыўда, халықтың саны тийкар болып хызмет етеди.
Халықтың санын төмендеги усыллар арқалы есаплаў мүмкин: Дәслеп үйренилип атырған жылдағы халықтың саны, жынысы бойынша мағлыўмат топланады. Бундай мағлыўмат кейинги жылларда жасаўы мүмкин болған халықтың, жасаў коэффициентине көбейтиледи. Нәтийжеде ҳәзирги ўақытта жасап атырған халықтың усы жылдан кейинги динамикасы келип шығады.
Демографиялық прогнозлар халықтың ҳәрекетин ҳам мийнет ресурсларыныңтәкирар жетистирилиўин,мийнетке уқыплы халықтың бәнтлик дәрежесин, оның маманлық ҳәм кәсиплик дүзилисин өз ишине алады.Демографиялықпрогноз, халықтыңдинамикасын оның жас ҳәм жынысый дүзилисин, туўылыў ҳәм өлиўшиликтиң дәрежеси, халықтың аймақлық жайласыўы ҳаққындағы мағлыўматларды анализлеў тийкарында иске асырылады. Демографиялық прогнозкелешектеги шаңарақлардың саны, олардың орташа үлкенлиги, миграция процесслериниң бағдарлары ҳәм жеделлиги, актив мийнет ҳәрекетиниң узаақлығы, мийнет ҳәрекетин баслаў ҳәм тамамлаў, пенсияға шығыўдың орташа жасы, халықтың өмир сүриўиниң орташа жасы ҳаққында зәрүр мағлыўматларды алыўға имкан береди.
Демографиялық прогнозлар тийкарында халықтың мүтәжликлериниң муғдары ҳәмдүзилиси, жеке тутыныў өнимлерин жетистириў, билимлендириў, ден-саўлықты сақлаў ҳам тағы баскаларды раўажландырыў жобаластырылады. Қулласы, демографиялық прогнозлар социаллық раўажланыў ҳәм турмыс дәрежесин жақсылаў прогнозлары менен тығыз байланыслы.32
Социаллық раўажланыў прогнозлары халықтың социал-эконмикалық мүтәжликлерин,турмыс тәрзиниң өзгериўтенденцияларын анықлаў тараўындағы қурамалы изертлеўлеркомплексин өз ишине алады.Булкомплекске төмендегилер киреди:мийнетресурсларының бәнтлиги ҳәм олардан пайдаланыў, миллий байлықты тәкирар өндириў, өндирислик емес мүтәжликлерди қәлиплестириў, халықтың турмыс дәрежеси, экономика тармақларын раўажландырыў, аймақлық өзгерислер, экономикалық өсим, экономикалық механизм ҳәм басарыў системасын раўажлндырыў, дүнья хожалығы ҳәм сыртқы экономикалық байланысларды раўажландырыў прогнозларын иске асырыў ҳәм басқалар.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   76   77   78   79   80   81   82   83   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling