Ә диўли Инсан
Download 128.39 Kb.
|
- Bu sahifa navigatsiya:
- Қосық әлеминде қуяштай парлап… (Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповқа арнап жазылған қосық)
Ә диўли Инсан. Халқы ушын туўылған бар бир киси, Муңын жырлаў болған оның хәр иси, Сизден таптық уллылықтың үлгисин, Жанып жасап өткен, әдиўли Инсан. "Қос бәйтерек" биреўисиз билемиз, Сағынғанда баўырымыз тилемиз, Сүўретиңди үй төрине илемиз, Жүреклерде қалған, әдиўли Инсан. Қәлем менен қанша қудық қазғансыз, Боямастан, тек хақыйқат жазғансыз, Аралға жан ашыр перзент болғансыз, Мәскеуге жол алған, әдиўли Инсан. Дәстан жаздың жүреклерге жетердей, Оқыған жан бир силкинип кетердей, Көзлерине тотыя қып өтердей, Қарақалпақ улы, әдиўли Инсан. Мақтанышы, ақкөкирек Халықтың, Сағағындай, тапшы қызыл балықтың, Әдебият әлеминде алық дым, Атың мәңги жасар, әдиўли Инсан. Жақсыдан бақ қалар дегенғой бабам, Топырағың торқа болсын жақсы адам, Умытпаймыз ядымызда Сиз мудам, Дүньяға бир келген, әдиўли Инсан. Қосық әлеминде қуяштай парлап… (Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповқа арнап жазылған қосық) Қ арақалпақта кимсең болып Ибрайым, Тарийх бетлерине енди де кетти. Топырағы торқа болғай илайым, Бир бүлбил дүньяға келди де кетти. Мыңсан жулдыз парлап жанғаны менен, Жалғыз қуяш киби шуғла шашалмас. Мың – мың шайыр қәлем алғаны менен, Бир Ибрайымның орнын басалмас. Болса ҳәр бир сөзи мысалы алмастай, Қосықлары дөнер еди алмаздай. Сол арқалы таныр халқымызды жәҳән, Мыңсан еки ел ишинен алжаспай. Журт ышқында пошша торғайдай шырлап, Халқының намысын қызғыштай қорғап. Қосық әлеминде қуяштай парлап, Бир шайыр дүньяға келди де кетти. Download 128.39 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling