Әжинияздың мийрасларын үйрениўдиң дәслепки басқышлары


Download 87.5 Kb.
bet1/2
Sana23.01.2023
Hajmi87.5 Kb.
#1111193
  1   2
Bog'liq
ажиниязтаныу 1-тема


Әжинияз шайырдың әдебий мийрасының миллий әдебиятта тутқан орны
Шайырдың өмири ҳәм творчествосын үйрениўдеги дәреклер
Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигин үйрениў мәселеси ХХ әсирдиң 30-жылларынан басланады. Әсирлер даўамындағы халқымыздың өтмиштеги классикалық үлгилериниң жазба түрде сақланбаўы шайыр мийрасларын үйрениўде бир қанша қыйыншылықлар туўғызды. Деген менен әдебият жанкүйерлери ғалаба халықлық мийрасларды тиклеў барысындағы бул қыйыншылықларды жеңип, шайырдың шығармаларын халық арасынан жазып алады. Әжинияздың өмирин, творчествосын үйрениўде мине усы халық аўзынан жазып алынған шайыр шығармалары дәслепки дәрек есапланады.1 Филология илимлериниң кандидаты Айдар Муртазаевтың көрсетиўинше «Әсиресе, шайырдың үлкен тарийхый ўақыя Қоңырат көтерилисиниң қайғылы-ақыбетлерин сүўретлейтуғын «Бозатаў» поэмасын ондағы жер-қоныс, белгили қала шәҳәр, гезлесетуғын тарийхый адам атлары ҳәм басқа да географиялық атамалар, оларға шайырдың қатнасы, оның жеке өзгешелигинен, ақыл-парасаты, билим, сын-сыпатынан хабардар етип, Әжинияздың унамлы характеристикасын дүзиўге имканият береди. Әжинияздың қыз Меңеш пенен айтысындағы «Жылым қой, жасым қырықта қыз -Ақ Меңеш» деген қатарларға қарап отырып, ҳайўанат жыл есабы арқалы оның туўылған жылын анықлаў мүмкин. Булардан тысқары, шайырдың мектеп медреселерде оқып билим алыўы, үйлениўи, ислеген кәсип-кәри, балалары, дослары, урыўы, шығысы-теги туўралы да оның қосықларында бираз мағлыўматлар бар. «Шықты жан», «Еллерим барды», «Керек» («Молла Зийўар той-тамаша қылай деп» басланатуғын) сыяқлы қосықларында Әжинияздың жеке өмири, тәғдирлеринде ушырасқан ўақыялар, қубылыслар ҳәм оған қатнасы бар адам атлары конкрет сөз етилген».2
Әжиниязтаныўшы илимпаз Қ.Байниязов та «Әжинияз шайырдың өмири ҳаққында базы бир мағлыўматларды оның шығармалары арқалы анықлаўға ҳәрекет етеди. Әжинияздың Қазақстанға барыў себеплери түрлише түсиндириледи. Қ.Байниязовтың пикиринше, «Биринши сапарында ол дөҳметтен қутылыў ушын барады ҳәм қайтып келип қырық тилла төлеп, қун ямаса өлим жазасынан қутылады. Шайырдың «Шықты жан», «Көриң» шығармаларын қараңыз».1
Әдебиятшы А.Муртазаев та шайырдың «Шықты жан» қосығын усы ўақыяға байланыслы дөреген деп жуўмақ жасайды:
«Әжинияз Қосыбай улы жаңа жетисип, өмирдиң гүлленген дәўирине ҳәзир ғана қәдем қойған бир пайытта тап болған дөҳмет (жесир даўы), оның бахтына, келешегине қанша жаман тәсир еткен болса, бул оның творчествосында да сонша из қалдырды. Шайырдың «Шықты жан» шығармасы өмириниң усындай дәрбедерлик излерин сүўретлеўге арналады.2
Профессор К.Мәмбетов «Әжинияздың Қазақстанда узақ ўақыт болыўында да еки фактте бир-бири менен қосылып кеткен», - деген пикирди айтады. Ол ең дәслеп қырға қыз излеп барган болса, соңынан бул мәселе басылып кеткеннен кейин де Қазақстанда талай мәртебе болған. Ол Қазақстанда мәдений ағартыўшылық пенен де шуғылланған. Бул пикирди «Қазақстан» дүркининдеги жазылған қосықлары анық тастыйықлайды. Әжинияздың Қазақстандағы өмири оның «Шықты жан» қосығында жақсы баянланған. Мысалы:
« Көп сәлем мендин бирадар, ашнайыў, дуў жәҳән,
Шиддәтий руўзый жудалықдур, қыяметдин яман,
Алты сан алашны гездим, тапмадым намиў нышан,
Иншалла, гүзге елге барарман болсам аман,
Аҳ дарийға, ўаҳ дарийғ, мың санлы әрман шықты жан … » 1
Бүгинги күнге дейин Әжинияз Қосыбай улы жасаған ўақыт 1824-1878-жыллар деп белгиленеди. Революцияға дейинги қарақалпақ әдебияты тарийхы изертлеўшиси Н.Дәўқараев шайырдың өмир баянын жазыўда оны көрген адамлардың мағлыўматына сүйенип, жасаған жыл сәнелерин 1824-1878- жыллар деп белгилейди.
«Әжиниязды көрген қәндекли Яхыя молланың, теристамғалы Қутлымурат беглер беги ҳәм басқалардың айтыўына қарағанда, Әжинияз ат жақлы, узын бойлы, сулыў, сазенде, хош ҳаўаз адам болған1», -дейди Н.Дәўқараев. Соңғы изертлеўлерде Әжинияз шайырдың жасаған жыллары ҳаққында төмендегише пикирлер айтылады:
«Шығармаларындағы мағлыўматларға қарағанда, шынында Әжинияз 1823-жылы, яғный өзиниң сөзине қарағанда ҳайўанат жыл есабы бойынша Қой жылы туўылған. Бирақ Н.Дәўқараев ҳәм басқалар буны саррас есапламай, Қойдан кейинги Мешинди, яғный 1824-жылды Әжинияз туўылған жыл етип, белгилеп жиберген».2
Айрым изертлеўшилердиң берген мағлыўматларына қарағанда Әжинияз Қосыбай улы 1811-жылы туўылып3, 1887-жылы қайтыс болған ямаса 1824-жылы туўылып 1883-жылы өлген4. А.Муртазаев бундай мағлыўматларды тийкарсыз деп есаплап, «олар бунда көбинен көп, соңғы гезлердеги жүргизген экспедиция материалларына (аўызеки жазып алынған), яки өзлериниң «дала жазыўларына сүйенген»5 деген пикирди айтады. Ҳақыйқатында да, шайыр шығармаларындағы айырым фактлер, тарийхый ўақыялар Қ.Ирманов, Қ.Байниязов, Қ.Мәмбетназаровлардың пикирлерин тастыйықламайды, бийкарлайды.
Демек, бул келтирилген пикирлерден Әжинияз Қосыбай улы 1824-жылы Арал теңизиниң қубла жағалаўында (ҳәзирги Қоңырат районының арқа-батысында 50-60 шақырымдай жердеги «Қамыс бөгет» деген жерде) туўылған, 1878-жылы қайтыс болған деген мағлыўматлар илимде қәлиплеседи.
Екинши дәрек фольклорлық, әдебий-лингвистикалық экспедиция ҳәм архив материаллары болып табылады. Бул халықтың шайыр ҳаққындағы дөреткен аңыз-әңгимелери. Оларда шайырдың жигитлик дәўири, мектеп- медреседе оқып билим алыўы, шайырлық таланты, үйлениўиндеги жәнжеллер, Қазақстан жерлеринде тири ғайып болып кеткен қалыңлығын излеп ямаса талап ислеп, ол жақларға барып келгенлиги ҳәм тағы басқалар туўралы да көп ғана мағлыўматлар бар. Әжинияз шайыр ҳаққында аңыз әңгимелердиң биразлары Қ.Байниязов тәрепинен Әмиўдәрья журналында жәрияланады.1
Әжинияз Қосыбай улының өмирине тийисли мағлыўматлар топлаў ушын шыққан экспедиция ағзалары Әжиниязды көзи менен көрип, ҳәтте шайырдың хызметин етип, оннан тәлим-тәрбия алған адамлар менен сөйлесиў алып барған ҳәм олардан анық фактлик материаллар алыўға ерискен. Мысалы, Н.Дәўқараев Әжинияз шайыр ҳаққындағы мағлыўматларды жазыўда қәндекли Яқыя молланың ҳәм Қутлымурат беглер бегиниң әңгимелерине тийкарланады.2 Әдебиятшы илимпазлар Қ.Байниязов пенен А.Муртазаевлар шайырдың қосықлары менен ол ҳаққында әңгимелерди тийкарғы дәрек сыпатында пайдаланады.
Солай етип, Әжиниязтаныў илими оның шығармаларын ҳәм өмири ҳаққында мағлыўматларды топлаў сыяқлы ислердиң қолға алыныўы менен қәлиплесе баслайды. Бул шайыр дөретиўшилигин үйрениўдеги дәслепки басқышлар еди.

Download 87.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling