Әжинияздың мийрасларын үйрениўдиң дәслепки басқышлары
Әжинияз шығармаларының жыйналыўы ҳәм баспада жәрияланыўы
Download 87.5 Kb.
|
1 2
Bog'liqажиниязтаныу 1-тема
Әжинияз шығармаларының жыйналыўы ҳәм баспада жәрияланыўы.
Әжинияз шығармаларын жыйнаў, басып шығарыў мәселелери кейинги дәўирге дейин, атап айтқанда XX әсирдиң 30-жылларынан 60-жылларға дейин даўам етти. Өткен әсирлердеги мәдений мийрасларды жыйнаў, үйрениў ҳәм системаластырыў, оны сол дәўирдеги мәденият пенен байланыстырыў мәденият хызметкерлеринен үлкен жуўапкершиликти талап ететуғын еди. Қарақалпақстанда мәдений мийрасларды халық арасынан жыйнаў ҳәм оларды системаластырып үйрениўде рус илимпазларының орны гиреўли болды. Рус илимпазларының шөлкемлестирген экспедициялары биринши қарақалпақ илимпазларын жетистирип шығарды ҳәм олар экспедиция барысында терең тәжирийбе топлады. Әжинияз Қосыбай улының өмирине тийисли мағлыўматларды топлап, шығармаларын жыйнап, олардың түп нусқа үлгилерин анықлаўда ҳәм қол жазбалар жыйнаўда рус илимпазлары менен бир қатарда 20-30-жыллардағы миллий интеллигенция ўәкиллериниң хызмети айрықша болды. Олар Әжинияз шайырды көзи менен көрип, соннан тәлим алған адамлар менен ямаса оның туўған-туўысқанлары менен ушырасып шайырдың дөретпелерин жазып алды. Шайыр шығармаларының жыйналыўында 20-жыллардың орталарында Н.А.Баскаков тәрепинен жүргизилген, 1934-жылы А.А.Соколов басшылығында шөлкемлестирилген әдебий лингвистикалық ҳәм фольклорлық экспедициялар жүдә үлкен әҳмийетке ийе болды. Бул экспедиция ағзалары Әжинияз шайыр туўралы билетуғын, еситкен Набат ахун, Яхыя молла, Қутлымурат беглер беги, Есберген ахун, Қаражан бақсы, Бәўетдин Насыров, Аяп Сержанов, Нәметулла Мәтурзаев, Өтепберген Тилеўбергенов, Әбдирәсиўли Хожаметов, Тилеўмурат бақсылардан шайыр ҳаққында көп мағлыўматлар топлайды. Инабатлы ислерди әмелге асырыўда 1931-жылы Қарақалпақстан илим изертлеў иститутының ашылыўы ески әдебий-мәдений мийрасларымызды қайта тиклеў сыяқлы айрықша жағдай туўғызды. Әжинияз дөретпелерин жыйнаўда, басып шығарыўда жергиликли қәнигелерден Қ.Айымбетов, С.Маўленов, Ш.Хожаниязов, Қ.Ерманов, Қ.Әмирбаев, К.Бердимуратов, И.Юсупов, А.Каримов, А.Бердимуратов, Ҳ.Ҳамидов, Қ.Байниязов ҳәм тағы басқалардың хызмети үлкен болды. Әсиресе, ф.и.к Қ.Байниязов Әжинияз шайыр ҳаққында көплеген жаңа мағлыўматлар жыйнайды ҳәм булар бойынша бирқанша мақалаларын жәриялайды. Илимпаздың мақалаларынан биринде Қазақстан даласында ҳәм Қарақалпақстан территориясында жасаўшы қазақ ғаррыларынан Ә.Бердимуратов тәрепинен жазып алынған Әжинияздың «Дарийхаға», «Өмирим», «Әлиптен басланады сөздиң басы», «Айтта, тойда кийинер қыз-келиншек», «Сырнайың алып кетти ақыл-ойды», «Елден басқа панам жоқ мен өзимде» деп басланатуғын бурын баспа сөзде жәрияланбаған қосықларының бар екенлигин жазады. Ол 1969-жылы шайырдың биринши устазы Елмурат ахун мешитинен қалған мийраслар арасынан Әжинияз шығармаларының жаңа қол жазбасын табады. Илимпаздың мағлыўматына қарағанда қол жазба ХIХ әсирде қолланылған «китабый хат» ямаса насталық жазыўында, күйдирилген тарыға мас деп аталатуғын жипек қыйқымы араластырылған қара сыя ҳәм қамыс қәлем менен көширилген. Онда баспада дағазаланып жүрген Ҳүрзаданың атасы менен хошласыўы «Ғам йемә» қосығынан он қатар ҳәм бурын оқыўшылар жәмийетшилигине биймәлим болған, Нағметулланың атасы Әжиниязға айтқаны «Хош имди» редифи менен тамамланатуғын 24 қатар қосығы бар.1 70-жыллары Қ.Байниязов Шоманай районында жасаўшы ғаррылардан Әжинияздың «Алты қыз», «Жума қыз», «Көк шолақ ийтке», «Турым» ҳәм тағы басқа шығармаларын жазып алып «Жас Ленинши» (1975, 23-октябрь, №87(4692) газетасында жәриялайды. Ҳ.Ҳамидов әдебий тилдиң тарийхы бойынша көп жыллық изертлеўлеринде қарақалпақлар бурын өз жазыўларына ийе болмаған деген пикирди пүткиллей бийкарлайды. Ол Шымбай районы территориясынан Әжинияздың қол жазбасын таўып, 1962-жылы «Әмиўдәрья» журналында жәриялайды. Сондай-ақ, ол 1975-жылы Шымбай районының территориясында жайласқан ески мешиттен алған китаплардың арасынан Әжинияз шайырдың «Көңлим мениң», «Бозатаўлы нәзелим» деген еки қосығын таўып, баспа сөзде дағазалайды. 1 Шайырдың творчествосына байланыслы баспа сөзде жәрияланған бир қатар мақалаларда оның қосықларының табылған қолжазбалары ҳаққында толығырақ мағлыўмат бериледи. Ҳ.Ҳамидовтың «Әжинияз шығармаларының жаңадан табылған қолжазба нусқасы» («Әмиўдәрья», 1963, №5, 27-103-бет) мақаласында Кегейли районынан табылған қолжазбалары ҳаққында айтылып, онда шайырдың улыўма өз ишине 360 тан асламырак қосық қатарын жәмлеген тоғыз үлкен көлемдеги шығармасы берилген. Усы автордың «Әжинияздың жаңа қол жазбалары» («Әмиўдәрья», 1974, №12) мақаласында 1971-жылы Халқабадтан Н.Жапақов ҳәм Ҳ.Ҳамидовлар тәрепинен табылған қолжазбасы туўралы мағлыўмат бериледи. Қолжазбаға барлығы болып төрт қосық жәмленген «Ичиндә», «Қәдирини», «Яранлар», «Керәкти». Булардан кейинги екеўи бурыннан нәмәлим, усы қолжазба арқалы табылған қосықлар. Ҳ.Ҳамидов тәрепинен Әжинияз шайырдың ең соңғы «Бездирер», «Меңзер» қосықлары 1975-жылы табылады. Автордың тастыйықлаўынша қолжазба ХХ әсирдиң басларында көширилген деп шамаланады. 2 Фольклорист Қ.Мәмбетназаров тәрепинен Шымбай районынан табылған қолжазбада бурыннан белгисиз «Яхшида», «Бәрин бирдей болған емес» деп аталатуғын еки қосығы анықланады.1 Сондай-ақ, ол 1878-жылы «Туркстан ўалаяты» газетасында шайырдың Қыз меңеш пенен айтысы басылғанын анықлайды.2 Әдебиятшы К.Мәмбетов тәрепинен Әжинияздың қазақ шайыры Қыз Меңеш пенен айтысының қолжазбасы табылады.3 Ҳ.Ҳамидовтың пикиринше, «бул айтыстың тексти Әжинияз тәрепинен сол тойда айтылған сораў-жуўап ҳәм дегишпе мәнисиндеги өзиниң ҳәм Меңештиң айтқан өлеңлерин кейинирек ядтан қайта тиклеп, қайтадан көркемлеп ислеп хатқа түсирилген».4 Ески мийрасларды жыйнаўшылардың бири Айдос Бердимуратов тәрепинен Кегейли районынан Әжинияз шығармаларының бир қанша қолжазба нусқасы табылады. Солай етип, ХХ әсирдиң 60-жылларына шекем Әжинияз шайыр дөретпелерин халық арасынан жыйнаў иси даўам етеди. Бул дәўирдеги экспедиция материалларынан шайырдың өзиниң қолжазбалары да табылады. Мысалы, 1962-жылы шөлкемлестирилген экспедиция материаллары ишинде Әжиниязға урыўлас жақынларынан сол гезде 81 жасар Мәшерип Ныязымбет улының берген материаллары шайыр дөретпелериниң қолжазба үлгиде сақланып келгенлигин тастыйықлайды. Сондай-ақ, Ҳ.Ҳамидов, К.Мәмбетовлар тәрепинен табылған қолжазба нусқалар да бул пикиримиздиң дәлийли бола алады. Солай етип, Әжинияз творчествосының жыйнала баслаўын тарийхый көз қарас пенен 1930-жыллар деп белгилеген менен оның тийкарғы түп нусқаға жақын қолжазбалары 1960-жылларда табылады. Сол себепли шайыр шығармаларының толығырақ баспа жүзин көриўи кешеўилленди. 50-60-жыллар аралығындағы арнаўлы экспедициялар нәтийжесинде Әжинияз шығармаларының жаңа қолжазбалары табылды. 1929-жылы Н.А.Баскаковқа тапсырған А.Муўсаевтың Әжинияздың қосықлары жазылған дәптери де 1960-жылы белгили болады. Усы дәўирде информатор Мәшериптен шайырдың ең жақсы қосықлары жазып алынып, бурын текстлери қәте жазылған шығармалары толықтырылады. Себеби, урысқа шекемги дәўирде шайырдың тек ҳәммеси болып жигирмалаған шығармасы жазып алынған еди. Ең дәслеп шайыр шығармаларының баспа жүзин көриўи ХIХ әсирдиң 70-80-жылларына туўра келеди. «Әжинияздың Қыз Меңеш пенен айтысы» Ташкентте шығатуғын «Туркстан ўалаяты» газетасының 1878-жылы 11-сентябрь ҳәм 9-октябрь санларында (№ 11-12) жәрияланады. Буннан кейин 1925-жылы жарық көрген шайырдың көлемли дөретпеси «Бозатаў» поэмасы болып, ол биринши рет Ташкентте С.Мәжитовтың «Егеделер саўаты» китабында толық түринде басылып шығарылады. Филология илимлериниң кандидаты А.Муртазаевтың пикиринше «Бозатаўдың тез баспа жүзин көриўиниң себеби дәрьяның аржақ-бержағындағы қарақалпақлардың үлкенинен-кишкенесине дейин жақсы билиўине байланыслы болыўы мүмкин».1 Автордың бул пикири бизиңше шынлыққа сай келеди. Әжинияз шайырдың 20-30-жыллары жазып алынған қосықлары олардан үзиндилер «Қарақалпақ әдебияты ҳәм искусствосы» журналының 30-жыллардың ақырындағы санларында ҳәм көпшилик бөлеги «Қарақалпақ халық творчествосы» (1940-жылы) атлы топламларда басып шығарылады. Шайырдың мийрасларының урыстан алдыңғы жылларда жүдә аз жыйналыўы өз алдына қосықлар топламы болып шығарылыўына иркиниш жасайды. «Бозатаў» поэмасы сондай-ақ, 1943-жылы шыққан «Халық батырлары» жыйнағында да жәрияланады. Шайырдың биринши сайланды дөретпелериниң жыйнағында жигирмаға жақын қосықлары берилип, ол 1949-жылы жарық көрди. Әжинияз шайыр дөретпелериниң түп нусқаға жақын қол жазбаларының әдеўир кейин, атап айтқанда 50-жыллардан соң табылыўы қосықлар топламының толық шығарылыўына ҳәм илимий аренаға шығыўына да әдеўир кери тәсирин тийгизеди. Әжинияз шайырдың бүгинги күнге дейин таңламалы жыйнағы алты мәрте (1949, 1960, 1965, 1975, 1988, 1994) баспадан шықты. Сондай-ақ, сайланды дөретпелериниң үлгилери рус (1975), өзбек (1962), қазақ1, грузин2тиллерине аўдарылып, баспадан шығарылды. Әжинияз шығармаларын жыйнаў ҳәм халыққа танытыўда ӨзРИА Қарақалпақстан бөлиминиң Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил әдебият институты қарақалпақ әдебияты секторы хызметкерлериниң хызмети үлкен болды. Әжинияз шығармаларын баспаға таярлаўда И.Сағыйтов, Ҳ.Ҳамидов, А.Каримов, А.Муртазаев, Қ.Байниязовлар жемисли мийнет етти. Буннан басқа шайыр дөретпелери «Қарақалпақ поэзиясының антологиясында», соңғы табылған шығармалары «Әмиўдәрья» журналының бетлеринде жәрияланып атыр. Сөңғы жылларда Әжинияздың сайланды шығармалар топламының жарық көриўи шайыр творчествосының ҳақыйқый илимий аренаға шығыўына үлкен мүмкиншилик жаратты. Соның менен бирге шайыр шығармаларының текстологиялық мәселелери ҳаққында тартыслы пикирлер де жүзеге шығады. Әсиресе, бул мәселе менен әдебиятшы Қ.Байниязов қызығып, тереңирек шуғылланады. Әдебиятшы Қ.Байниязов шайырдың 1975-жылғы топламындағы; Аспанды берик етпес Дабр, Қурмайын (?) Беглик ете билмес берим бермян, Дүзде ашлық машақатын көрмеян, Үйде ыссы нанның қәдирин не билсин. (105-бет) деген қатарларда айтыўшы Мақтымқулының базыбир сөзлерин түсинбегенликтен, бузып басқаша түрде айтқан ҳәм айырым қосық қатарларының орнын алжастырып жиберген десе1, А.Муртазаев «Аспанды берик етпес Давр, Қурмайан» деген қатарға былайынша түсиник береди; «Дабар-бул Меркурий планетасы, Қурмиен» да жулдыз аты болса керек. Бирақ, егер текстте «Қурмиян» болмай, «ҳамийаннан» болып қолланылған болса, онда ол бирге жүриўши «жолдас» дегенлерди аңлатады.2 А.Муртазаев бул мәселеде Қ.Байниязовтың Мақтымқулы ҳәм Әжинияз арасындағы байланысқа субъективлик көз қарасларын критикалайды.3 Филилогия илимлериниң кандидаты Кәримбай Қурамбаев қарақалпақ әдебиятының туўысқан халықлары әдебияты менен байланысы бойынша илимий изертлеўлеринде Әжиниязды Мақтымқулының аўдармашысы сыпатында қарап: «Бизиң нәзеримизде, Әжинияздың айырым қосықларын Мақтымқулыдан аўдарма сыпатында есаплап жүрген әдебиятшы алымлардың пикирлеринде ҳақыйқатлық бар сыяқлы. Соны да естен шығармаўымыз тийисли, бир шайыр екинши бир шайырдың шығармасын өз тилине аўдарғанда оргиналдың формасын дәл сақлаўы шәрт емес. Себеби, Әжинияз Мақтымқулының қосықларын өз ана тилине аўдарып атырған ҳалатта түркмен шайырынан илҳамланып кетип өзинше жаңа куплетлер менен қатарлар қосып жибериўи тәәжип емес».1 «Сондай-ақ, автор әдебиятшылар арасында тартысқа себепши болған «Не билсин», «Жақсы» қосықларын Мақтымқулының қарақалпақша сөзбе-сөз аўдармасы деп есаплайды. Ҳақыйқатында да, Әжинияз шайыр творчествосы ҳаққында бундай пикирлердиң жүзеге келиўинде қол жазбаларының бизге толық жетип келмеўи, жоқлығы тийкарғы себеплердиң бири. Сонлықтан, әдебиятшы илимпазлар арасында усы тақылеттеги тартыслы мәселелер даўам етип, еле бир тоқтамға келген емес. Соған қарамастан шайыр дөретиўшилиги халқымыздың өткен әсирлердеги әдебий мийрасы сыпатында идея-тематикалық, жанрлық талқыға тартылып, бир қанша теориялық мәселелери үйренилди. 1 Байниязов Қ. Қосықтың күши. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1977, 32-бет. 2 Муртазаев А. Шайырдың муҳаббаты. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1988, 6-бет 1 Байниязов Қ. Қосықтың күши. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1977, 38-бет. 2 Муртазаев А. Шайырдың муҳаббаты. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1988, 23-24-бет. 1 Мәмбетов К. Әжинияз. Илимий очерк. Нөкис, «Билим», 1994, 15-бет. 1 Дәўқараев Н. Шығармалары, III том. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1979, 72-бет. 2 Муртазаев А. Шайырдың муҳаббаты. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1988, 19-бет. 3 Ирманов Қ. Әжинияз Қосыбай улының өмири, «Әмиўдәрья», 1977, №2, 121-бет. 4 Мәмбетназаров Қ. Әжинияздың революцияға шекемги баспа сөзде жәрияланған дәслепки шығармалары, «Әмиўдәрья», №3, 66-119-бет. 5 Муртазаев А. Шайырдың муҳаббаты. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1988, 18-бет. 1 Байниязов Қ. Әжинияз шайыр ҳаққында халықтың аңыз-әңгимелери. «Жас Ленинши», 1975, 12-август; «Әмиўдәрья», 1993, №1, 87-91-бетлер. 2 Дәўқараев Н. Шығармалары. III том. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1979, 72-бет. 1 Байниязов Қ. Қосықтың күши. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1977, 8-5-бет. 1 Ҳамидов Ҳ. Әжинияздың жаңа қосықлары. «Жас Ленинши», 1975-жыл, 14-март. 2 Сонда, № 22 (4627). 1 Мамбетназаров Қ. Әжинияздың жаңа табылған қосықлары, «Әмиўдәрья», 1972, №4, 118-121-бетлер. 2 Мамбетназаров Қ. Әжинияз шайырдың революцияға дейинги баспада жәрияланған биринши шығармасы. «Әмиўдәрья», 1966, №6. 3 Мамбетов К. Әжинияздың қолжазбасы. «Әмиўдәрья», 1967, №5, 126-бет. 4 Ҳамидов Ҳ. Ески қарақалпақ тилиниң жазба естеликлери. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1985, 71-бет. 1 Муртазаев А. Шайырдың муҳаббаты. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1988, 15-бет. 1 Қарақалпақ поэзиясының антологиясы. Алматы, 1979, 41-52-бетлер. 2 Идет Джон (На грузинском языке). Детюниздат Грузинской ССР «Накадули» Тбилиси, 1970, 19-21-бет. 1 Байниязов Қ. Қосықтың күши. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1977, 28-бет. 2 Әжинияз. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1975, 235-бет. 3 Муртазаев А. Шайырдың муҳаббаты. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1988, 13-бет. 1 Курамбаев Қ. Кеўил кеўилден суў ишер. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1992. Download 87.5 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
1 2
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling