Электр-кинетикалык потенциал, электрофорез ҳәм электроосмос
Лектор: доц. Б.Нурымбетов
Жобасы: - Электр-кинетик потенциал.
- Электрофорез ҳәм электроосмос.
- Шөгиў ҳәм ағып шығыў потенциаллары.
- Коллоид бөлекшелердиң дүзилиси ҳаққында Миццяр назария.
- Коллоид бөлекшелердиң электр өткизгишлиги
Электр-кинетикалык потенциал - Коллоид бөлекшелердиң сырты үлкен болғаны ушын ионлар оларға аңсат жабысады, яғный адсорбцияланады. Адсорбцияланған усы ионлар коллоид еритпелердиң турақлығына тәсир етеди.
- Коллоид еритпе ишиндеги барлық бөлекшелер оң ямаса терис зарядқа ийе болып, бул бөлекшелер бир-биринен қашады, бул болса коллоид еритпениң турақласыўына алып келеди. Зарядланған коллоид бөлекше сырты еритпеден қарама-қарсы ионларды тартып алыўға умтылады, нәтийжеде бөлекше менен суйықлық арасында, тап конденсатордағы сыяқлы, қарама-қарсы зарядлы ионлар қабаты, яғный қос электр қабат пайда болады.
Суйықлық қатты бөлекшеге салыстырмалы (ямаса бөлекше суйықлыққа салыстырмалы) ҳәрекетленгенинде қос электр қабаттың адсорбцион ҳәм диффузион қабатлары шегерасында пайда болатуғын потенциаль электро-кинетик потенциал делинеди. Ол дзета ( ) ҳәриби менен белгиленеди ҳәм дзета-потенциал деп аталады. - Суйықлық қатты бөлекшеге салыстырмалы (ямаса бөлекше суйықлыққа салыстырмалы) ҳәрекетленгенинде қос электр қабаттың адсорбцион ҳәм диффузион қабатлары шегерасында пайда болатуғын потенциаль электро-кинетик потенциал делинеди. Ол дзета ( ) ҳәриби менен белгиленеди ҳәм дзета-потенциал деп аталады.
- Электро-кинетик потенциалдан тысқары және термодинамик потенциалда бар: термодинамик потенциал қатты бөлекше сырты менен суйықлық ишиндеги улыўма потенциаллар айырмасын көрсетеди.
- Электрокинетик потенциал - сыртқа адсорбцияланған анионлар санынан адсорбцион қабат қурамына кирген катионлар санын алып таслағанда қалатуғын катионлар саны менен сырттың анионлары арасындағы потенциаллар айырмасын көрсетеди
Do'stlaringiz bilan baham: |