Мектепке дейінгі білім беру ұйымындағы сахналастыру – іскерлігін ұйымдастыру


Download 0.65 Mb.
bet1/31
Sana16.06.2023
Hajmi0.65 Mb.
#1510707
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   31
Bog'liq
Лекция сахна каз группа


1. ТАҚЫРЫБ.Мектепке дейінгі білім беру ұйымындағы сахналастыру – іскерлігін ұйымдастыру
1, Мектепке дейінгі кезеңдегісахналастыру әрекеттері негізгімақсаты
2. Театр - іс-әрекеттің формалары және принциптері.
3. Театр баланы рухани тәрбиелейді
4,Театр-сахна қызметінің турлері


Тірек сөздер мен сөз тіркестері қойылым әрекеттері, театр, қойылыміс-әрекет формалары, сахналау қызметі принциптері
Саҳна ойыны-өз-өзинен жүзеге келетуģын дөретиўшилик искерлик болып, оның даўамында бала дуңя ҳаққындаģы ҳәм өзи ҳаққындаģы билимлерин сынап көреди ҳәм кеңейтиреди. Ойын ойнап, балалар өзлери турмыста көрген жерлерин ҳәм саҳналарды қайта жаратады, шаңарақ аģзаларының ис-ҳәрекетлерине еликлейди, ушыратқан түрли инсанлардың ролин ойнайды. Олар өзлерине түсиникли болģан әлемди яки олардың санасына қорқыўģа салатуģын дуңяны қайта жаратады.
Балалар өзлери еситкен сеслерге ҳәм көрген ис-ҳәрекетлерге еликлейди. «Жортаģа» исленген ҳәрекетлерден заўық алģан жаģдайда балалар өз ҳәрекетлери ҳәм даўыслары менен жаңа жаģдайģа мүнәсийбет билдиреди-қысқа етип айтқанда, олар ойнады. Бул ойын егер ол қоллап-қуўатланса, саҳналастырыўģа – саңат ўаормасына, искерликтиң жәмиетлесиўши түрине ҳәм ўақыялықты өзлестириў усылына шекем раўажланып барады.
Дөретиўшилик саҳналастырыў ҳәм ойын, әсиресе кишкене балалар ойыны басқалардан ажыратып қойылыўы яки белгили орын ҳәм ўақыт пенен шеклеп қойылыўы мүмкин емес. Топарда, үйде ҳәм жәмәәт орынларындаģы дөретиўшилик пенен саҳналастырыў ҳәм ойын баланың өзинде жуўапкершилик сезимин тәрбиялаўда, жаңа билимлерди сиңдирип алыўģа жәрдем береди, бул жаģдай әсиресе топарда анық көзге тасланады.
Саҳналастырыў- ең жеке, индивидуал усыллардан бири. Бирақ, дөретиўшилик саҳналастырыў театр тамаша емес. Онда роллерды ядлайтуģын, тамашагөйлерге тәсир көрсетиў ушын аксессуарлардан ҳәм костюмлерден пайдаланатуģын атқарыўшылар жоқ. Дөретиўшилик саҳналастырыўда балалар өзлери ушын таныс жаģдайлар ҳәм темаларды тосаттан, өз-өзинен ойлап табады, ойнайды ҳәм түсиндиреди. Мәселен, мектепке шекемги жастаģы балалар көбирек балаģа қараў, машина айдаў, ҳайўанат баģына барыў сыяқлы өзлери турмыста дус келген ўақыялар, менен байланыслы реал яки сәwлеленетуģын роллерге тйикарланģан жаģдайларды ойнайды. Саҳна ойынында балалар өз дуңяларын жаратады ҳәм реал дуңяны билип алады. Бул қыялындаģы дуңяда балалар реал турмыслық машқалаларды шешиўге урынады. Олар өзиниң кеширмелерин тәкирарлайды, қатй ойнайды ҳәмжанландырады.
2. Саҳналастырыўдың балалар раўажланыўына тәсири
Саҳна ойнында балалар көбинесе күтилмегенде өз жуўапкершилигине басқа бир инсанның ролин ойнаўды алады, объектлерден олардың ўаунктсияларын алмастырģан жаģдайда пайдаланады ҳәм таныс жаģдайды өз ойынларында сәwлелендиреди. Мектепке шекемги жастаģы бала ушын бул-сезимлик байытылģан ҳәм қабыл етилген тәризде үйрениў ушын идеал саҳна болып табылады. Саҳна ойыны баланы ҳәр тәреплеме раўажландырады. Егер тәрбияшы баланың искерлигин дурыс шөлкемлестирсе, олар өзлериниң жеке қәбилетлерине уқсас ҳәр тәреплеме тәжирийбе арттырады.
Дөретиўшилик саҳналастырыўда мектепке шекемги жастаģы бала сондай ҳәркетлерди әмелге асырады, олар:
- бес сезимниң раўажланыўына көмеклеседи;
-актив ҳәм пассив сөйлеўди раўажландырады, балаларģа инсанлардың өз-ара мүнәсийбетлерин түсиниўде ҳәм минез-қулқын үлгилерин өзлестириўге жәрдем береди;
-түсиниклерди бир-бирине байланыстырады;
-дөретиўшилик пикирге ҳәм машқалаларды шешиўге туртки береди;
-сезимлерди сәwлелендириў усылларын раўажландырады;
-улыўма ҳәрекетшеңликти раўажландырады.
Ойында балалар өз дыққат итибарын топлаўды үйренеди, түсиниклерин шынықтырады, жаңа идеяларды сынап көреди, үлкенлердин минез-қулық ўаормаларын тәжирийбе етип көреди ҳәм өзлерин қоршап турģан дуңяģа тәсир көрсетип атырģанлыģын сезеди. Буннан тысқары өз пикирлери, сезимлери ҳақкында басқаларды хабардар етиў усылларын иелеп баслаģаннан кейин оларда гөззаллықты, ритмди ҳәм дөгерек орталықтаģы топланģанлыģын қабыл етип өсип барады.
3. Сотсиал раўажланыў.
Сюжетли-ролли ойын айтарлықтай ҳәмме ўақыт бир неше балалардың қатнасыўында талап етеди ҳәм усы себепли ол бала сотсиал раўажланыўының зәрур ўаакторы есапланады. Ойын көп жаģдайларда биргеликте режелестириў ҳәм жәмәәт елементлерине ие болады: «Мен анна боламан, сен балам боласан, боптыма?» яки «Дуканларģа барамыз, Баҳадыр ата болыўы мүмкин». Ойын қарама-қарсылықларды шешиў әмелиятын ҳәм тәмийинлейди: «Мен пәр қадалģан шляпаны алыўды қәлеймен. Сен оģан тийме». Балалар сәwбетлесиўлери, қапа болыўлары мүмкин, бирақ олар басқалардың мәплери менен есапласыўģа көнлигеди.
Әсиресе олар тенлеслери менен шуģылланыў жаģымлы ҳәм қызықлы екенлигин түсине баслайды.
4. Сезимлик раўажланыў.
Балалар ойында турмыс ҳаққында өзлери билген затларды: өзлериниң билимлери ҳәм қәтелерин, тилеклери ҳәм қорқыўлары, гейде аўырлы еске түсириўлерди алып киреди. Сөйлеў имканиятлары шекленген кишкенелер, көп жаģдайда, ойыннан өз дуңяларын қабыл етиў қуралы сыпатында пайдаланады.
Ойын балалардың сотсиал роллер ҳәм өз-ара мүнәсийбетлер ҳаққындаģы түсиниклерин сәwлелендиреди. Мәселен, балалар шаңарақтың қандай жасаўы, ким аўқат писириўи, Ким кир жуўыўы, ким жумысқа барыўы, ата-аналардың қандай сөйлеўи-тыныш қарым-қатнасыққа кирисиўи яки жәнжеллесиўи, шаңарақ аģзаларының бир-биреўи менен қарым-қатнаслары оларģа қуўаныўы ямаса қапа болыўы өзлериниң тәжирийбелеринен биледи. Буннан тысқары балалар түрли кәсиптеги инсанлар, доктор яки медитсина мийирбийкеси, сатыўшы яки оқытыўшы ҳәм басқалар ҳаққында ҳәм бирқанша билимлерге ие болады. Балалар бул роллерди өзлери оларды қандай түсинсе сондай ойнайды.
Балалар, сондай-ақ, өзлери басынан кеширген яки еситкен ўақыяларды ҳәм ойнаўы мүмкин. Олар өзлерин қорқытып жиберген бир ўақыяны, мәселен, өзлери гуўа болģан бахытсыз қублысты ойынģа көшириўлери ҳәм усы арқалы аўыр руҳый кеширмелерден қутылыўды жеңиллестириўи мүмкин. Олар, сондай-ақ, және бир марте заўық ләззет алыў мақсетинде куўынышлы, жаģымлы бир ўақыяны ҳәм ойын сыпатында тәкирарлаўлары мүмкин.
Ролли ойында балалар кийимлерин алмастырады ҳәм ким болыўын қәлесе сол инсанның келбетине кириўи мүмкин. Бала ҳәмме нәрсеге күши жететуģын ата ямаса қорқынышлы сезимди оятатуģын доктор ҳәм болыўы мүмкин. Қорқақ бала күшли ҳәм батыр бола алады. Шаңараģында үкеси туўылģан бала өзи бөбек болып ойныўы мүмикн. Балалар адамлар ҳәм ўақыяларды тек ģана олар тийкарынан қандай болса ямаса қандай болып көринсе сондай суўретлемейди, ал гейде өзлери оларды қандый болыўын қалесе сондай суўретлейди. Бул менен өзлериниң тилеклерин сәwлелендиреди. Ойын балаģа ол еле сөз бенен суўретлеп бере алмайтуģын унамсыз сезимлерди сәwлелендириў имканиятын береди. Ойында балалар турмыслық тәжирийбени ойнайды, бунда олар роллер ҳәм ўақыяларды өзлериниң бахтлы емотсионал жаģдайларын сақлаўģа болģан умтылыўларына муўапық рәwиште таңлайды ҳәм шөлкемлестиреди. Ойын себепли балаларда өзлериниң күшли ҳәм әззи тәреплерин, исендириў ямаса бойсындырыў қәбилетлерин түсиниў дәрежеси артады. Булардың ҳәммеси өз-өзин аңлаўдың раўажланыўына хызмет етеди.

5. İнтеллектуал раўажланыў


Саҳна ойыны протсессинде балалар бир қублысты басқасы менен байланыстырыўды, минез-қулық үлгилериниң негизине кирип барыў ҳәм хабарды шөлкемлестириўди үйренген жаģдайда өзлериниң когнитив көнликпелерин раўажландырады. Олар идеяларды сынап көреди, сынап қөриў, қәтелерге жол қойыў арқалы үйренеди. Олар режелер дүзеди ҳәмелге асырады, өтмиш, ҳәзирги заман ҳәм келешек ҳаққындаģы түсиниклерин қәлиплестиреди. Балалар адамлар ҳәм ўақыяларды өз қыялында тиклеў ушын есте сақлаўдан пайдаланады. Ойында балалар материаллар ҳәм ойыншықлардан жаңа усылларда пайдаланган жаģдайда дөретиўшилик қублыслардың пайда болыўын қоллап-қуўатлаў арқалы емес, ал ойлаў ҳәм қарым-қатнаста тийкарģы ролъ ойнаўшы сөйлеў көнликпелерин тартылыўы себепли ҳәм хошаметлейди.
Театрдың бала үшін маңызы зор, балалар онымен кездесуді асыға күтеді! Театр бәріне (немесе бәріне дерлік) қабілетті. Бұл ғажайыптар жасайды: мектеп жасына дейінгі балалардың шығармашылық қабілеттерін қуантады, үйретеді, дамытады, олардың мінез-құлқын түзетеді, өз ойын эмоционалды түрде жеткізуге көмектеседі, балалардың сөйлеуін, шешендік өнерін дамытады, өзіне деген сенімділікті арттырады, көпшілік алдында сөйлеу дағдыларын алады көмектеседі.
Театр өнері баланың жеке басының жан-жақты дамуына ықпал етеді. Театр өнерімен күнделікті қарым-қатынаста бола отырып, балалар төзімділікке, мейірімділікке, төзімділікке және өзін-өзі ұстай білуге ​​дағдыланады. Театр мектеп жасына дейінгі балалардың эмоциясы мен көңіл-күйіне (психикасына) қатты эмоционалды әсер етеді, олардың ой-өрісін кеңейтеді, сөйлеуін байытады, адамгершілік және рухани қиялын қалыптастырады, ақыл-ой қиялын дамытады, интеллектуалдық қабілеттерін арттырады.

Download 0.65 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   31




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling