География ҳӘм тәбийий ресурслар факультети экономикалық ҲӘм социаллық география кафедрасы
МАГИСТРЛИК ДИССЕРТАЦИЯСЫН ТАЯРЛАЎ
Download 0.63 Mb.
|
есабат 1.
Кафедра баслығы г.и.к. Ходжаева Г.А. Илимий басшы г.и.к. Ембергенов Н.Ж. Магистрант Базарбаев А. МАЗМУНЫ
КИРИСИЎ Илим-изертлеў жумысы ҳәм магистрлик диссертациясын таярлаў илимий искерликтиң тийкарғы системаларынан бири есапланады. Бүгинги күнде илим ҳәм техниканың тез пәт пенен раўажланыўы нәтийжесинде басқа тараўларда болғаны сыяқлы илим ҳәм илим-изертлеў искерлиги тараўында да белгили жетискенликлер қолға киригизилди ҳәм киргизилмекте. Бундай жетискенликлерге ерисиўде барлық мәмлекет ҳәм жәмийетлик шөлкемлер сондай-ақ, кәрхана, мекемелер менен бир қатарда жоқары оқыў орынлары да актив қатнасып киятырғанлығы үлкен әҳимийетке ийе. Бунда туўрыдан-туўры усы тараў ушын мәмлекетимиздиң басшысы ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен кең имканиятлардың жаратылғанлығы илим-изертлеў искерлигин өндирис пенен байланыслы түрде шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыўға қаратылған ис-илажларының толық орынланыўына өзиниң унамлы тәсирин көрсетпекте. Илим-изертлеў жумысы ҳәм магистрлик диссертациясын таярлаў бойынша төмендеги илажларды орынлаў көзде тутылған. - МД темасына тийисли илимий әдебиятларды таңлаў ҳәм олардың дизимин ислеп шығыў; - Тема бойынша шет тиллерде баспадан шыққан илимий әдебиятларды аўдарма қылыў; - Кафедраның илимий семинарлары ямаса есаплардың талқылаўларына бағышланган мәжилислеринде актив қатнасыў; - МД темасы бойынша машқалаларды үйрениў, оларды шешиў жолларын излеў; - Илим-изертлеў жумысларын алып барыў методологиясы менен танысыў; - Тема бойынша қалалар ҳәм қалашалар ҳаққындағы мағлыўматларды топлаў, қайта ислеў ҳәм оларды бир системаластырыў; - МД ның бөлимлерине тийисли есаплаўларды орынлаў; - Илимий конференциялар, семинарлар, диссертация жумысларының талқылаўларында қатнасыў; - Изертлеўдиң актуаллығы, жаңалығы ҳәм әмелий әҳмийетке ийе екенлигин тийкарлаў; - Илимий мақала ямаса илимий баянат тезисин таярлаў. Download 0.63 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling