География ҳӘм тәбийий ресурслар факультети экономикалық ҲӘм социаллық география кафедрасы
Кесте-№1Қарақалпақстан республикасында барлық категориялардағы хожалықлар маллардың бас санының өсиўи, мың бас есабында
Download 0.63 Mb.
|
есабат 1.
Кесте-№1Қарақалпақстан республикасында барлық категориялардағы хожалықлар маллардың бас санының өсиўи, мың бас есабында
Кестеде берилген мағлыўматларға қарағанда Қарақалпақстан бойынша маллардың бас саны тутасы менен алғанда айтарлықтай өсти. Көрсетилген жыллар ишинде әсиресе қарамаллардың, қой ҳәм ешкилердиң сондай-ақ, куслардың бас саны айтарлықтай өсти. Мысалы: 1975-2010-жылларда барлық хожалықлар бойынша ири қара маллардың бас саны 2,2есеге, соның ишинде сыйырдың бас саны 1,8 есеге көбейди. Ал, шошқалардың бас саны 60% ке кемейди. Кейинги жыллар ишинде мал шарўашылығын раўажландырыў бойынша үлкен-үлкен жумыслар исленди. Маллардың от-шөп базасы беккемленди ҳәм кеңейтилди. Мал шарўашылығын қәнийгелестириў нәтийжесинде хожалық аралық бирлеспелердиң, ассосациялардың ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердиң күши менен от-шөп таярлаў пунктлерин иске қосыў, фермаларды механизацияластырыў, мал шарўашылығы комплекслерин курыў, өндирис процессин автоматластырыў ҳәм механизацияластырыў бойынша жумыслар иске асырылды. Бул мал шарўашылық тараўларында шарўашылық өнимлердиң өндириўдиң пәтин күшейтти. 1976-жыл менен салыстыранда 2008-жыла келе Республикада гөш өндириў тирилей салиақта 2,8 есеге, сүт 1,6 есеге қаракөл терилерин таярлаў 10,4%ти қурады (кесте-№2). Кесте-№2 Айырым жыллар ишинде Қарақалпақстан мал шарўашылық өнимлерин жетистириўдиң дәрежеси
Кестеде берилген мағлыўматлара қарағанда мал шарўашылғы өнимлери, соның ишинде гөш жетистириў бойынша алға илгерлеўлер байқалады. Бирақ буннан жәмийетлик хожалықларда маллардың бас саны көбейди деген түсиник келип шықпайды. Керисинше кейинги жылларда, әсиресе, 1990-2000-жыллар аралығында қыстың жүдә аязлы келиўине байланыслы, мал шарўашылығы тараўларына мал қыслатыў жумысларына таярлықтың төмен дәрежеде болыўы себепли маллардың бас саны, әсиресе қой ҳәм ешкилердиң бас саны көбирек шығынға ушырады. Ал гөш таярлаўдың өсиўи, тийкарынан жекке хожалықларда таярлаў жумысларын дурыс шөлкемлестириўге байланыслы болды. Сонлықтан мал шарўашылығын раўажландырыўа тийкары мәселе өнимниң өзине түсер баҳасын арзанлатыў ҳәм өндиристиң нәтийжелигин арттырыўға қаратылыўы тийис. Бул өз гезегинде өндиристиң тийкарғы фондларынан пайдаланыўды жақсылаўды ҳәм хожалықтың ишки резервлерин толық иске қосыўды талап етеди. Көп жыллар даўамында Қарақалпақстанда қаракөл қойлары өсириледи ҳәм өзиниң биологиялық өзгешелиги бойынша шөлистанлы ыссы ҳәм қурғақшылық климатқа ийкемлесип, Қарақалпақстан шараятында тийкарғы өним беретуғын тараўлар қатарына айланды. Қарақалпақстанда биринши қаракөл терисин өндириў XVII әсирге туўра келеди. 1673-жылы хийўа елшиси Москваға 300 қаракөл терисин сыйлыққа апарып қаракөл шарўаларының әҳмийетлилигин көпшилик еллерге танытады. Қарақалпақстанда қаракөл шарўашылығының ҳақыйқый раўажланыў ҳәм қәлиплесиўи екинши дүнья жүзлик урыстан кейинги жылларға туўра келеди ҳәм бул тараўды раўажландырыў бойынша бир қанша табыслар қолға киргизилди. Ҳәзир қаракөл қой шарўашылығы Орта Азия Республикаларының бардығына дерлик , сондай-ақ Қарақалпақстанда да кеңнен раўажланбақта. Орта Азия Республикаларында қаракөл қойлардың бас саны бойынша Өзбекстан биринши орынды ийелейди ҳәм ең сапалы қаракөл терилерин жетистиреди. Кейинги жыллар ишинде Қарақалпақстанда да раўажландырыў бойынша үлкен көлемдеги шөлкемлестириў жумыслары иске асырылды, қой шарўашылығында қаракөлшиликке қәнийгелестирилген хожалықлар саны көбейди ҳәм оларда ҳасылландырыў жумысларын шөлкемлестирилмекте және тәбийий жайлаўлардың отлақлары реконструкцияланбақта. Бирақ, шөлистанлы жайлаўларда суўландырыў мәселелариниң үзилиске түсиўине байланыслы. Тәбийий жайлаўлардан пайдаланыўдын нәтийжелиги пәс ҳәм олардың майданы Республиканың тәбийий эканомикалық зоналары бойынша биргеликли жайласпағанлықтан мал шарўашылыына өзлестириў дәрежеси еледе төмен. Мәселен: Республиканың Қубла районларында 3 млн. гектардан аслам жайлаўлар болса, усының ҳәзирги күнде тек болғаны 51,3% ғана өзлестирилсе, ал арқа районларда бул көрсеткиш 43% ти, Арал районында 5,3% тен артпайды. Республикада қәнийгелескен қаракөлшилик хожалықлары шөлкемлестирилседе, олардың көпшилиги елеге шекем қуўатлы өндирислик базасына ийе емес. Нәтийжеде қәнийгелескен қаракөлшилик хожалықларының көпшилиги дерлик сап пайда менен жумыс ислеўге кирисе алмай атыр. Сонлықтан Республикамызда қәнийгелестирилген қаракөлшилик хожалықларды тез арада шөлистанлы жайлаўлардан рационаллы пайдаланыўға өтиўи тийис. Ҳәзирги артезиан қудықлары базасында шөлистанлы отлақлар суўландырылмақта. Мысалы: Қызылқум зонасында қазылған скважинадан секундына 2 куб/м суў топлап жылына 1,8-2 мың гектар майданларды суўландырыўа мүмкиншилик береди. Бул мал шарўашылық зоналарында «суўландырылған киши массивлар» базасында тек от-шөп таярлаў емес ал овощ, бахча егинлерин өсириў, сондай-ақ, жүзимгершиликти раўажландырыўға да толық имканиятлар дүзеди.Солай етип, қой шарўашылығы зоналарында пайдаланылмай атыран резервлерди иске қосыў мал шарўашылығы өнимлериниң көлемин арттырыўға ҳә өнимниң өзине түсер баҳасын арзанлатыўға жол ашатуғыны сөзсиз. Алдағы перспективада Қарақалпақстан жағдайында қой шарўашылығының тийкарын қаракөлшилик бағдардағы қойлар ийелейтуғын болады. Сонлықтан Үстирт жайлаўларын өзлестириў бул жерде интенсивли қаракөлшилик бағдардағы хожалақларды шөлкемлестириўге мүмкиншилик береди. Бизге мәлим Үстирт платосын әйемги заманлардан берли адамлар пайдаланып келмекте. Бурын үстирт арқа саүда кәрўан жоллары өткен. Бул жоллар Бухара ханлығы Қазакстан аркалы Волга бойы, Урал ҳәм Россияның орайлық районлары менен тутастырып турған. Үстирт бойынша Петр I дәўиринде-ақ, Александр Бекович-Черкасский экспидициясы бай мағлыўматларды топлаган. Бул мағлыўматлар Үстиртти бурыннан-ақ шарўашылық ушын пайдаланған район екенлигин тастыйқлайды. Ҳәзирги ўақытта Үстирттиң отлақларын ҳәм басқа да байлықларын интинсив пайдалнныў бойынша көплеген ислер исленбекте. 1961-жылғы Өзбекстан ҳүкимети Үстирт жайлаўларын пайдаланыўды жақсылаў ислери бойынша қарарына сәйкес Үстиртте қой шарўашылығын раўажландырыў жолға қөйылды. Үсыған сәйкес Үстиртти тез өзлестириў ислери алып барылмақта. Үстирт жайлаўларын өзлестириў ҳәм оны аўыл-хожалық айланысына қосыў тек Қарақалпақстан ушын ғана емес,ал Қаршы,Мырзашөл ҳəм басқада аймақларды пахташылыққа пайдаланыўга байланыслы бул районлардағы қаракөл қойларды Үстирт зонасына аўыстырыўға мүмкиншилик жаратылады. Бул Өзбекстанда қой шарўашылығын буннан былай раўажландырыўда жетекши ролди ийелейтуғыны сөзсиз. Қарамал шарўашылығы. Қарақалпақстанда барлық хожалыкларда қарамаллардың бас саны 2010-жылғы стат мағлумат бойынша 759,6 мың басты қурайды. Гөш өндириўдиң жыллық көлеми, сойылған салмақта 50,4 мың тонна, сүт 158,7 мың тоннаны қурайды. Кейинги жылларда Әмиўдәрья дельтасының ҳәм Арал теңизи бойларының әҳмийетли тәбийий отлақлары, гөш бағдарындағы мал шарўашылығын раүажландырыў ушын кеңнен пайданылмақта. Ҳәзир бул жайлаўларда Қарақалпақстанның пахташылық пенен шуғылланатуғын орайлық ҳәм түслик район хожалықларының 60 мың бастан артық қарамаллары ҳәм Хорезм облостының 45 мың бастай қара маллары бағылады. Қарамал шарўашылығын раўажландырыў ушын суўғармалы зоналарда көп резервлерге ийе. Тек суўғармалы зорналардың есабынан ҳәр жылы 100-120 мың тонна беде яки Республикада жыйнап алынатуғын қатты щт-шөптиң жартысы таярланады. Буннан басқа Әмиўдәрья дельтасындағы тәбийий жайлаўлардың есабынан ҳәр жылы 300 мың тоннадай шөп таярланады ҳам бул район толығы менен гөш бағдарындағы мал шарўашылыққа қәнийгелестирилди. Жаз айларында бул жерде Республиканың барлық ири қарамалларының 2/3 бөлеги бағылады. Бул пахташылық ҳәм ғәллешилик хожалықларында жумыс працессин дурыс шөлкемлестириўге мүмкиншилик дүзбекте. Соңғы жылларда қала халқы санының көбейиўине байланыслы қала әтирапы сүт бағдарындағы шарўашылық фермалары дүзилип, бул қала халқын сүт пенен тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болды. Солай атип, қала әтирапы сүт хожалықларын шөлкемлестириў бириншиден сүтке болған талапларды шешиўге тийкар дүзсе, екиншиден бул тараўды санаат тийкарында дүзиў жолы менен аўыл-хожалық өнимлериниң көлемин артырыўға мүмкиншилик таяроанбақта. Сүт бағдарындағы мал шарўашылығы, қусшылық ҳәм шошқашылық ушын тасып алып келинетуғын көпшилик от-шөплер суўғарылып егилетуғын зонадағы егинлердиң тийкарында таярланбақта. 2008-жылғы мағлыўмат бойынша от-шөплик егинлер барлық егислик майданлардың 39,4% ийелейди. Буннан басқа пахта ҳәм ғәлле ушын 300-350 мың гектардай егислик жерлер пайдаланылып, олардан топланған тасландылар да пайдаланылады. От-шөплик егинлер ишинде жетекши орынды жоңышқа ҳәм мәкке, жүўери ийелейди. ҳәм бул егинлердиң майданын кеңейтиў ушын республикада үлкен мүмкиншиликлер бар. Буннан баска Республикада жоңышқашылықты раўажландырыўға буннан былай үлкен әҳмийет берилди. Алдағы перспективада жоңышқа тек алмаслап егиў схемасындағы дақыл ролин атқарып қоймастан мал шарўашылығы тараўын, әсиресе саўын бағдарындағы малларды жоқары витаминли от-шөп пенен тәмийинлейтуғын болады. Қарақалпакстан аўыл хожалыгының структурасындагы ең әҳмийетли қосымша тараўлар ретинде бағшылық, жүзимгершилик, овощ ҳәм палыз егинлерин раўажландырыўға да айрықша итибар берильекте. Усыған сәйкес бул тараўдың егислик майданлары кеңейтилди ҳәм ҳәр бир гектар жерден алынатуғын зүрәәтлик жоқарылады. Нәтийжеде қарамал шарўашылығын раўажландырыў ушын қосымша от-шөп баланысын дүзиўге мүмкиншилик таярланбақта. Қарақалпақстанлы дийханлар Андижанлыларды қошлай отырып аўыл хожалығын, ҳәсиресе шарўашылықты интенсив раўажландырыў бойынша баслама көтермекте. Бул жаңа технологияға тийкарланған бағдар есапланып, келешекте дийханшылықты интенцификациялаў жолы менен ҳәр гектар егислик жерден алынатуғын ҳасылдарлықты жоқарылатў есапланады. Нәтийжеде дийханшылық тараўларында 297-310 мың тонна пахта, 0,5 млн. тонна ғәлле ҳәм т.б аўыл хожалық өнимлерин таярлаўға мүмкиншилик жаратылады. Бул дийханшылық пенен бир қатарда шарўашылық тараўларын раўажландырыўға ҳəм аўыл хожалығының өнимдарлығын арттырыўға мүмкиншилик береди.Солай етип, шарўашылықта үлкен режелердиң ис жүзине асыўы халқының материаллық абаданлығын жақсылаўға тийкар дүзеди. Жуўмақлап айтканда, Қарақалпақстанда мал шарўашылық тараўлары кейинги жыллардың ишинде айтарлықтай раўажланды. Мәселен: 2008-жылды 1975-жыллар менен салыстырғанда ири қарамаллардың бас саны 2,2 есеге, соның ишинде сыйырлардың бас саны 1,8 есеге көбейди. Бирақ деген менен Қарақалпақстанда мал шарўашылығының ҳәзирги раүажланыў дәрежеси халықтың өсип баратырған шарўашылық өнимлерине деген талапларын толық қанатландырмайды. Сонлықтан келешекте мал шарўашылығын кескин раўажландырыў ҳәм оның онимдарлығын арттырыў ең баслы ўазыйпалар қатарына киреди. Download 0.63 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling