Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet27/36
Sana17.09.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1679955
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)

 
ХОЖАНИЯЗ РЕЖЕПОВтың
басындағы жазыў: 
Ели сүйген ер жигитиң бири едиң,
Халыққа қалыс хызмет етип жүр едиң.
Бул дүньядан биймезгил көз жумғаның
Дағлап кетти досларыңның жүрегин. 
АШИРБАЙ аға ХАЛИМОВтың
қәбир тасындағы жазыў 
Сиз ёшаган, биз туғилган
Қитай-кипчок элларинда
Номингиз ёд этар мудом
Ватандошлар дилларинда. 
Мехрингиздан камол топган,
Биз фарзандлар миннатдормиз.
Жойингиз жаннатда бўлсин,
Сиз муьтабар падаримиз 
Халық шайыры ТӘЖЕТДИН СЕЙТЖАНОВтын 
қулпытасындағы жазыў: 
Әдиўли азамат един,
Елден хүрмет көрип кеттиң.
Жалғаншыны жалпағынан
Иретинде сүрип кеттиң. 
Солдат болып жаўға шаптың,
Шайыр болып елге жақтың.
Кәсибиңнен кәмал таптың,
Даңқ-абырай алып кеттиң. 


70 
Жақсы ул ҳәм қыз қалдырып,
Халық ядында из қалдырып,
Өлмейтуғын сөз қалдырып,
Кимсең Тәжет болып кеттиң. 
МАРҚАБАЙ ЕЛМУРАТОВтың
басындағы жазыў: 
Заманыңның хызметине тақ турып,
Заң-законға қылдың көп жыл сақшылық,
Жол ортада дем таўсылса, илаж не?
Ел умытпас исмин сиздей жақсының.
КАМАЛ РЗАЕВтың 
естелигиндеги жазыў: 
Айтыўлы азамат едиң белгили,
Ел басқарып, хызмет еттиң үлгили
Ертерек кеттиңиз келмес сапарға,
Бирақ халқың сизди яд етер бәрхә 
Аптекши АЛЛАНАЗАРОВ РАЗАДДИЙНниң 
басындағы жазыў: 
Жақсы адам едиң туўры сөзлеген,
Инсап, мириўбеттиң жолын гөзлеген
Ҳәсте бенделерге шифа берсем деп,
Инсан дәртлерине дәрман излеген. 
ҚОҢЫРАТБАЙ МӘМБЕТНАЗАРОВтың 
қулпытасындағы жазыў: 
Байтеректиң жасыл жарпағы едиң,
Ел сүйген жақсының урпағы едиң
Ағаңның әрўағы саған яр болғай,


71 
Исмиң ядымызда мудам бар болғай. 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling