Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet1/36
Sana17.09.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1679955
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)



 
 
ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ 
 
 
 
 
ҲӘР КИМНИҢ ӨЗ 
ЗАМАНЫ БАР 
 
(қосықлар ҳəм қысса) 
Нөкис 
"Қарақалпақстан" баспасы 
2004-жыл. 
Өзбекстан хәм Қарақалпақстан Халық шайыры 
Ибрайым Юсуповтың бул жаңа топламындағы 
қосықлардын көбиси хәм "Ўатан топырағы" қыссасы 
Ғәрезсизлик руўҳынан нәҳәр алған шығармапар. Опар 
жаңа заман өзгерислерин, дәўир машқалаларын ҳəм 
жаңа ой-сезимлерди жырлайды. 



ЕКИ СӨЗ 
"Әссалам" демеклик әўел басында,
Пайғамбар сүннети—инсанға ҳүрмет
Дослар, жаңа әсир босағасында
Дийдар көрисиўдин өзи ғәниймет. 
Дүнья—бузық уясындай хәррениң,
Көргиң келмегенди базда көрер көз
Тилинде, кәлбинде ҳәзир ҳәммениң
Тынышлық, татыўлық деген еки сөз. 
Көп халықлар арасат азабын шегер
Президенттен тартып, дийқанға қадер,
Уйқысын урлаўшы не десең егер,
Тынышлық, татыўлық деген еки сөз 
Алыс Косово ма, Кавказ таўдан ба,
Мазлум фаластин бе яки аўған ба,
Үмит жулдызына телмирискен көз
Көп жерде айланған питпес әрманға,
Тынышлық, татыўлық деген еки сөз. 
Мустақиллиқ—ғәрезсизлик дәўраны,
Алла несип қылды бизлерге аны
"От ишинде сақлағандай пахтаны",
Тилимизде, ойымызда мудамы.
Тынышлық, татыўлық деген еки сөз
Жақсы үмит пенен жасайды адам,
Ертең толып ағар суўлар дәрьядан.
Бир күн ақ нан жермиз, бир күн қара нан,
Жақсылық бинятын көре бергей көз.
Мийнеткеш халық тилегидур сораған:
Тынышлық, татыўлық деген еки сөз. 



Ҳадал мийнет пенен гүллентип елин,
Өзбек өзи билер жасаўдың жолын.
Елге хәм дүньяға тилеги оның:
Тынышлық, татыўлық деген еки сөз. 
Хақ жол мустақиллик кәрўанымызға!
Даналық тилеймиз Журтбасымызға.
Мәңги несип етсин дәўранымызға,
Тынышлық, татыўлық деген еки сөз! 
Декабрь 2000-жыл. 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling