Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ
Download 0.84 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)
ШАЙЫР Абдулла Ариповқа Кеше еки жигит Шымбай жолында Автобуста бақырысып сөйлести. "Радиодан айтты: Ташкенттен бунда Абдулла Арипов келипти" дести. —Өйдеген ким?—деп бир ғарры сорады. —Өзбектиң хәзирги үлкен шайыры. Ол қаршылы қарақалпақ болады. Ҳаслы маңғыт, Нөкис дейди аўылы. —Бизге ағайин ғой, хаў бала, онда,- Деп бир қара сақал қомпаңлап қойды. Бир кәйўаны жеңгей сөз қосты сонда: —Мениң бир муғаллим улым бар үйде. Телевизордан көрген сайын ол шайыр Сол балама усап кетеди гейде... —Тарийхты билмеген сада адамлар,- Деди бир шляпа кийген қылый көз, —"Маңғыт", "Нөкис" деген өзбекте де бар, Шыңғысхан дәўиринен киятырған сөз... 27 Таңланбадым мен олардың сөзине, Талай еситкенмен бул сөзди бурын. Ысық көринесең журттың көзине, Сүйикли шайырымыз Абдулла иним. Бул жердеги халықта әдет бар қызық: Жақсы адам келсе, питип мурады, Ақ кеўлинен қара қалпақ кийгизип, Дәрҳал өз қәўимине қосып алады. Әзиз Журтбасымыз, тартынбастан хеш, Айтты халықтың бул әдетин хүрметлеп: "Мен тек ғана өзбек халкының емес, Қарақалпақтың да перзентимен" деп. Сондай, сен де, мустақкиллық жыршысы, Ҳәзирет Наўайының даңқды урпағы, Бердақ әўладлары ҳүрметлеп сени, Сүйер жаңа заман қарақалпағы. Хошамет қосығынан тойған халайық, Сүйип оқыр ойшыл қосықларыңды. Бийик хүрмет—мәртлигиңе ылайық, Пәк туттың шайырлық намыс-арыңды. "Кызыл идеология" қаразларына Суў қуйып, жел берип, жағынса кимлер, Зер мухаба қаплап китапларына, Берди оларға даңқ хәм бийик минбер. Жалғаншылық үстем еди шынында, Жүзегөйлер жүрди салтанат қурып. Ал сен шынлық сөзди ҳәр жазғаныңда, Сени шарға қылды төбеңнен урып... 28 Заман оңайланды, қудайға шүкир, Жалған уйқасықлар уйқаспай қалды, Хақыйқатлық ушын басланды дәўир, Халық өз тәғдирин қолына алды... Халыққа сөз унатып, ышқында жанып, Оны руўҳландырған шайыр бахтияр. Жырла шайыр, заманыңда йошланып, Сөзиң ел кеўлинде тапсын итибар. Бахытлыман, илесип мен де көп пенен, Жаңа заманнан йош алғаным ушын. Сынақлы сапарда Арипов пенен Заманлас, ўатанлас болғаным ушын. Июнь, 2001-жыл Download 0.84 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling