Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet16/36
Sana17.09.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1679955
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)

 
АЛЛЕРГИЯ 
академик Т. Ещановқа 
Ата-баба ат қоймаған шамасы,
Хәзир "аллергия" деген ылаң бар.
Ал оның илимий анықламасын
Академик Ешановтан сораңлар. 
Мен мәзи билгеним: адамлар ҳәзир
Түрли дәрилерди ишип-жеп атыр.
Сәл жақпас аўқатты жеп қойса да бир,
"Ўақ-ўақ, аллергиям шықты" деп атыр. 
Пулың болса, не жоқ базар апаңда.
Не көрсек, изине түсип атырмыз.
Не әжеп ишимлик болса жаҳанда,
Әлле қандай көрип ишип атырмыз. 
Бир дәри жақпаса, екинши түри,
Жамбастан уколды берип атады,
Биреўлерге жақпас жийдениң гүли,
Биреўлер ҳаўадан көрип атады. 
Тәбиятты қорлап, жәбирин тартсақ та,
Бузық пейлимизди ақлап жүремиз.
Суў бермей, Аралды өзимиз қуртсақ та,
Аллергияны да соннан көремиз... 
Бул кесел ертеде жайылған емес,
Сонда қайдан шыкқан? Ойлап қараңлар.
Оның диагнозын шайырдан емес,
Аллерголог Ешановтан сораңлар. 


45 
Ол айтады: "Буның еми геўилде,—
Геўил тамыры буның шын даўасы" дер.
Шайыр айтар: "барлық бәле кеўилде,
Шурт минез заманның қышымасы бул"... 
Бир-биреўдиң нервасына тийемиз,
Кеўил иренжиткиш ҳазаршы қусап,
Исимиз жүрмесе, журттан көремиз,
Қалтасы жуқарған базаршы қусап. 
Биреўге биреўдиң сөзи жакпайды,
Бир жыртық балонға жел берген яңлы.
Биреўдиң биреўге өзи жақпайты
Кесел қоздырыўшы аллерген яңлы. 
Телевизорды таўласаң да қәўетер,
От алғандай дүнья деген уяңды,
Қайдандур жаўызлық күшлер саў етер,
Ҳәм қоздырар бәри аллергияңды. 
Бул кеселге шатылмаўдын исласы:
Кең пейиллик, мийрим, ҳақ нийет керек.
Буны емлеў жолын айтсақ, қысқасы,—
Кеўилден кеўилге мириўбет керек. 
Шайыр айтқан болса кеўилдиң ҳағын,
Аллергия болмаў жолын қараңлар.
Енди буның медициналық жағын,
Академик Ещановтан сораңлар... 
Апрель, 2000-жыл.

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling