Bog'liq Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)
РАСУЛ ҒАМЗАТОВТЫҢ ЕСТЕЛИГИНЕ Кавказдың ен бийик саналған шыңы
Өзин пәс тутқандай бүгин қарасаң,
Патиматсыз
8
қалған бул ялғаншыны
Енди сен де таслап кетип барасаң.
Бәлент таў баўырында сылдырап аққан
Булақ шөлин басар жолаўшылардың.
Сениң қосықларың ҳәммеге жаққан,
Заманласлар кеўлин сен бийлеп алдың.
8
Патимат – Г.Ғамзатовтың жақында қайтыс болған зайыбы.
36
Сулыў ҳәзил менен даналық сөзди
Илҳамлы шайырлық пенен торладың.
Инсан әрманлары қыйнаған гезде
Гүлден—шырай, айдан—сәўле урладың.
Қойсуў дәрьясының бойын жайлаған
Аз санлы авардан туўған ул болып,
Адамзаттың ар-намысын жырлаған
Даңқ жайдың Ғамзатов Расул болып.
Шайырлық шыңына сен шыға билдиң,
Заманыңда асқар таўлардан асып.
"Үлкенбиз" деп, кисимсиген еллердиң
Шайырлары шығалмады тырмасып.
Сен туўылған үйде—Цада аўылында
Еске алдық бирге устаз Ғамзатты.
"Даңқлы шайырларды бердик дүньяға",
Деп Хунзак сайлары гүркиреп атты.
Уйықла, шайыр! "Сол биймаза дүньяның
Енди сен көрмеген не қызығы бар?
Кел бунда қасыма, әзийз шайырым!"
Деп Патимат бәлким шақырған шығар.
Декабрь, 2002-жыл. ЕКИ СЕГИЗЛИК Расул Ғамзатовтан Ҳиндлер айтар: әўел баста
Жылан жаратылған деп,
Таў халықлары айтар: дәслеп
Бүркит жаратылған деп.
37
Мен ойлайман: алды менен
Адамизат жаралған.
Бүркитлерде, жыланларда
Адамлардан таралған.
* * *
Дәўир, айыплайсаң мени неге сен?
Биз— ақмақ, өзиңди ақыллы билип,
"Кеше кәтелестиң" деп, бүгин сөгесең,
Жазалайсаң хәм де үстимнен күлип.
Өйтип шетке алма бүгин өзиңди,
Өзиң ғой "олай айт", "былай айт" деген.
Сөйлеймен деп жүрип сениң сөзиңди,
Сениң кәтең менен қәтелескенмен.