ШАЙЫР ТЕҢЕЛБАЙҒА
"Жүр, малдың алдына шығайық, Шайда!"
13
Шақыр тез, бийдәўлет Теңелбай қайда?
Жазыўынан "жуўыўы" көп шайырдың,
Бир қосық туўылса еки-үш айда...
Жүр, малдың алдына шығайык, Шайда!
Жолдың еки бойы пахтадан-пахта,
Қосық жазамекен мал келген ўақта?
Мал емес аў оның дәрти бирақта,
Оның кеўли сенде. өзи ҳәр жайда,
Ўақтын хош етерлик нәрсе бар жайда...
Саған ашық болғанлықтан жасында,
Шайыр болып шыққан ол ырасында.
Ышқы әксери бар оның басында.
Сондай дәртболмаса, шайырлық қайда.
Ең жақсы қосығы сен едиң, Шайда.
Еки аяғына бир етик кийип,
Жуўырды изиңнен ышқыңда күйип,
Ал сен кетип қалдын басқаға тийип,
Зар жылап Теңелбай қалды бир сайда.
Оның йош-илҳамы сен едиң, Шайда.
Теңелбайда шайырлық бар, йошы жоқ.
13
"Жүр малдың алдына шыгайық, Шайда" – Теңелбай
Сəрсенбаевтың қосыгының аты. И.Ю.
54
Сен кеткели оның кеўил хошы жоқ.
Жазған қосығынан айтқан тосы көп.
Шағлап жүре берсин мереке-тойда.
Жүр, малдың алдына шығайық, Шайда!
Декабрь, 2002-жыл.
БАРТЕР
Насраддин Афандиниң қуда түсиўи
Дәстүрдиң "қалың мал" деген шығынын
Айтыссақ, заманға болмас ылайық.
Ең абзалы, базар қатнасығының
Дәстүри бойынша бартер қылайық:
Күйеў бала таўып беремен сизге,—
Улым жақсы жигит. Еле көресиз.
Орнына мақтаўлы қызыңызды бизге
Келинликке бересиз...
АШЫҚЛЫҚ ПЕНЕН КӨП ОЙНАМА, БАЛА
Ашықлық пенен көп ойнама, бала,
Ақыл-ҳуўшың бийлеп алар мухаббат
Дәртсиз кеўлиңди сен қыйнама, бала,
Саў басыңа саўда салар муҳаббат.
Сен кирмеген бағда жемис пискендей,
Сәнемлер қолынан шарап ишкендей,
Қуўрақ тамызыққа ушқын түскендей,
Түтинсиз, жалынсыз жанар мухаббат.
Абайсызда алтын таққа миндирип,
Ҳүкимсиз-ақ айтқанына көндирип.
55
Ақмақларды ақылына ендирип,
Ақыллыны мәжгүн қылар мухаббат.
Ашық Аяз, ҳәзил-шыны аралас,
Бай-жарлы ма, кимлигине қарамас.
Қайсы аўылдың қызысаң деп сорамас,
Аяғына сени жығар мухаббат.
2000-жыл.
Do'stlaringiz bilan baham: |