43
"Билимли ел озар" дейди халайық,
Бул нақылға бәрҳа садық болайық.
Бизде сондай даңқлы муғаллимлер бар
Беруний әўлады деўге ылайық.
Сиз—мураббий, турған булақ басында,
Ҳәр жеткиншек қанып ишсин жасында.
Жаңа заман талабына салық бил,
Бүгин жаңа әсир босағасында.
Бул киятқан әсир пүткил әлемде
Жүгинер тек илим менен билимге.
Бул киятқан әсир саған түсинбес.
Сөйлеспесең компьютер тилинде.
Пал хәрредей гүлден әсел жыйыңлар,
Устазлықтың жолы енди қыйынлар.
Мийге—билим, жүрегине жаслардың
Адамгершиликтиң нурын қуйыңлар.
Билим менен ақыл
егизге усар,
Билим—келешекке негизге усар.
"Билимсиз-ақ жасаймыз" деп жүргенлер,
Ендиликте суўсыз теңизге усар.
Руўҳынды шөллетпей суўғарар болың,
Албаўлық арбасын туўарар болың.
Ҳәр оқыўшың тест-сынақтан өткенде,
Шешең қыз туўғандай қуўанар болың.
"Устазым" деп, жаслар арқа сүйеген,
Алдыңызда ақ басымды ийемен.
Келешектиң гүлшанына гүл еккен,
Мен муғаллим деген халықты сүйемен