Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet4/36
Sana24.04.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1394028
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)

КЕГЕЙЛИ БОЙЫНДА 
Қуўрақ шақасына қонып ақ талдың,
Бунша шықылықлайсаң, хәккебай жора!
Қәпелимде бизди жатырқап қалдың,
"Әлле ким келди" деп, шырлап бийшара! 
Хаслында мен саған "әлле ким" емес, 
Мендағы өзиңдей усы жерликпен.
Бул жағыслар бизди жатырқай билмес, 
Қайылман сендеги пидакерликтен. 
Бул жер мениң ушын жәннет мүйеши,
Көз ашып дүньяны көрдим усында.
Бунда торғайлардың сайраған сеси,
Жоқ па деймен басқа жердиң қусында. 
Бурын жылда пахта, салы егилип,
Ақ бийдай ырғалған кең тахталықлар,
Бағлар мийўаламай, гүли төгилип.
Хәзир суў сорайды атыз-арықлар. 
Бизлер ес билгели еситпегенбиз,
Мынаў Кегейлиде суў тартылғанын.
Кеше көз алдыңда қурыды теңиз,
Бүгин талан-тараж суўы дәрьяның. 
Заманның, адамның тарылып пейили,
Мириўбет дәрьясы әсбек бөлмақта. 
Тилеймиз жақсылық болғай деп кейни,
Дүнья арасатлы иске толмақта. 
Айта берсем, дәрт көп, хәккебай достым, 


14 
Балалық дәўиримди еске саласаң. 
Ыссы жаққа кетти көбиси қустың,
Ал сен бәрхә бизиң менен боласаң. 
Пышық көрсең, шықылықлап жүргенин, 
Қайсы үйдиң ийти,—бәрин билесең. 
Кимниң таўығына сағал келгенин
Айтып, дәрхал сен ахбарат бересең. 
Сен отырған терек айналасында
Палыз болды, тил үйирген гүрбеги. 
Баяғыда сол палыздың қасында
Бир бала даўыслап "аға, жүр!" деди. 
"Апам қостан қаўын жесин деп атыр"...
(Нелерди еслемес адамның ойы!)
Ал, аман бол онда, ҳәккебай батыр!
Жақсы жерғой бизиң Кегейли бойы. 
Қайсы бир қус излеп көлденең бахтын, 
Кетсе кете берсин қызыл қыяға.
Аш-тоғына көнип сен усы жақтың,
"Кесте тигип" отыра бер уяда... 
Дәрья ақпай калмас аққан жеринен,
Суў келер, қайтадан гүлленер бул жер. 
Аўылымызға ҳәр келгенде, мени сен 
Шықылықлап жүрип күтип ала бер. 
Сентябрь, 2001-жыл. Шымбай

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling