Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet13/36
Sana24.04.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1394028
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)

ЕКИ ЖОЛ 
(болған ўақыя) 
Мен ҳәўес етпеймен оның өмирин,
Урыстан қайтты тәнде осколка менен.
Көп жыл баслық болды колхозға бизиң,
Қатаң искер, әдил болды ол әбден. 
Бир гүзги қазыўда аўыр жумыстан
Баслықтың ҳаялы майырылып қалды.
Бала-шаға әбигерленип турмыстан,
Бурынғы күнинен айырылып қалды. 
Баслың таң сәҳәрде атқа минеди,
Урыстан соңғы жыллар не деген азап.
Сол кеткеннен түн жарпында келеди.
Баллары ол гезде жатады уйықлап. 


38 
Әкесин жатырқап, танымай сонда,
Бул ким? десер. Көптен көрмеген олар.
"Келиң, балларым!" деп шақырғанында,
Үрпийисип, анасына тығылар. 
Ери урыста өлген бир келин бунда
Көптен көмеклесип сол үйде жүрди. 
Аўырыў ҳаял илажсыздан соңында
Өз үстине сол келинди әперди. 
Ел билди. Билсе де ерси көрмеди,
Керек адам еди ағам халыққа.
Баслық басқа бузық жолдан жүрмеди
Келинди ол мәслик ушын алып па? 
Күнлерден бир күни ағамды бирақ
Райкомның бюросына шақырды.
Тум-тустан сиясат шыжымын орап,
"Бузықсаң" деп албыратты пақырды. 
Сонда бир ақыллы нәҳәни турып,
Жол қоймады қатты сөзге барыўға. — 
Сизге еки жол бар,—деди буйырып,
Партияда қалыўға я қалмаўға: 
Биринши жол—жас қатынды қоясаң,
Сөйтсең, еплеп партияда қаласаң.
Екинши жол—жас тоқалды қушасаң,
Партбилетти тапсырасаң-ушасаң... 
Жан киргендей болды ағам байғусқа,
Қайтадан киргендей қырғын урысқа.
Айтты: "Мә, партбилет, нетемен енди,
Екинши жолдан-ақ кетемен енди"... 
Февраль, 2001-жыл 


39 
ЖАҚСЫ ҲАЯЛЛАРҒА ЖАС МИНГЕН САЙЫН... 
 
Д. Қырмызыға 
Жақсы ҳаялларға жас минген сайын,
Гузде ашылған гүлдей шырайға енер,
Майысқақк мәжнүн тал жыл өткен сайын
Салланысып сарҳаўызға сән берер. 
Изде қалған қыз дәўранның қызығы,
Ақ жүзиңде аз кем әжим сызығы.
Ақжарқын, ийбели көзлер сүзиги
Бир күлип баққанда йош-илхам берер. 
Отырыслары ханның қонағы яңлы,
Сырлы сулыўлықтың булағы яңлы,
Көп жыллық мухаббат шарабы яңлы,
Кеўилге йош, жүреклерге қан берер. 
Әдеп-икрам менен танылып елге,
Ҳаял ма, бейиштен аўысқан хүр ме?
Ақыл-зейин суўын жуўыртып тилге,
Сөйлегенде сөз мүлкине жан берер 
Перзент, үй-машқала, жумыс, ғалма-ғал,
Сыр берип, сын бузбас бир саҳыбжамал.
Журт айтар: "Анасын көрип, қызын ал",
Ашық Аяз усы сөзге тән берер. 
Март, 2003-жыл. 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling