Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet9/36
Sana24.04.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1394028
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)

СОПРАНО
5
 
 
Саадат Кабуловаға 
Сахна төриндеги таўдан қулаған
Гүмис булақ сести ағын суўда бар.
Жаралы ақ қуўдай сыңсып жылаған
Ҳаял даўысы мени тынбай қуўдалар. 
Гә самалдай шалқыр, гә гүңиренер,
Зер шымылдықларға урынар барып.
Бейиш ҳаўазындай қәлбиме енер,
Жанымды дуўалап, ҳуўшымды алып. 
Жоқ, бул ҳауаз емес, бул—сырлы әрман,
Ҳаўаз соншама да дәртли болар ма?
5
Сопрано – операда бәлент лапызлы ҳаял даўысы (музыкалық 
термин). 


29 
Залым айралықтың отына жанған
Ғамлы кеўил буған шыдай алар ма? 
Сопрано, Сопрано! Әзийз мийманым!
Бар ма өзи сениң ийманың?
Мен не жаздым саған? Айтшы! Олсыз да
Қыйнаўлы жанымды бунша қыйнадын. 
Маэстроның
6
сырлы шыбығы ушында
Жаным сен шақырған кеңликке ушар.
Оқ жеген анасын көрип түсинде,
Маңыраған қуралай—еликке усар. 
Ҳәзир мениң тынысымның тар ўағы,
Сен рәҳим етпедиң көзде жасыма.
Ақ липаслы арыў ҳаял әрўағы
Мени шақырады булақ басына... 
Көз алдыма келер сол аппақ әрман:
Жасыл таў баўырайы, булақлар сести.
Бултлар ылағысып шыңлардан арман,
Таўдың жаз самалы жағымлы ести. 
Рәҳәтлендим оның қуўанғанына,
Айдай жамалына ынтығып бақтым.
Елеследи ләззет берип жаныма,
Мениң жигит ўақтым, оның қыз ўақты... 
Айтты: "гөззаллығын мен бул дүньяның
Бүгингидей сергек сезбеген едим".
"Бәри алдымызда, өкинбе, жаным.
Бул гөззаллық бәри сен ушын" дедим. 
6
Маэстро – бул жерде дирижёр. 


30 
Оның сулыў даўысы, нарзан сылдыры,
Жасыл таў етеги, жағымлы хаўа.
Ақ бултлардан сығалаған күн нуры,
Бәри дәртимизге бергендей даўа. 
"Бахытлыман, бахытлыман" деп ол даўыслап,
Еркелеп ийниме асылып алды.
Бирақ қәпелимде... жүрегин услап,
Үнсиз көзин жумып отырып қалды... 
Бахыт пенен бахытсызлық арасы
Қас қағым екенин аңладым сонда...
Сопрано! Сен жүрегимниң жарасын
Тырнама, гүңиренип булақ басында. 
Сол биймезгил сөнген өмир шырағы
Жансерек Жильдадай
7
ышқынып мудам,
Ақ липаслы арыў ҳаял әрўағы
Мени тынбай излер булақ басынан. 
Мақбал креслоның ернегин бүрип,
Мен пүткил барлықты умытып бул ўақта,
Журтты елестирмей, орнымнан турып,
Кетсем деймен мени шақырған жаққа. 
Лекин қызғын шапалақтан зал гүрлеп,
Сырлы сахна шымылдығы жабылды.
7
Жильда – Риголеттоның қызы ("Риголетто" операсынан). 


31 
Театр толы халық қыйқыўлап, түргеп,
Люстралар жайнап, шамлар жағылды. 
Сопрано, әзийзам! Соннан бер ўағы,
Мен сени тыңласам ара-арасында,
Ақ липаслы арыў ҳаял әрўағы
Мени шақырады булақ басында... 
Август, 1983-жыл, Кисловодск. 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling