Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet6/36
Sana24.04.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1394028
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)

КӨРИНЕР БОЛЫҢ 
Ис билгенге заман келди, жигитлер,
Етек-жеңди дурыслап түринер болың.
Сүрер болсаң, дәўран келди, жигитлер,
Ел көзине түсип, көринер болың. 
Жаслык қуўат берди, шағлап өтсин деп.
Ойға алған мақсетине жетсин деп. 
Қарыўланып халыққа хызмет етсин деп,
Елден алғыс алып, сүйинер болың. 
Истиң көзин билип ким етсе талап,
Дәўран атын минер жалларын тарап.
Жаслық ғайрат деген жемисли дарақ
Мийўалаған сайын ийилер болың. 
Ашық Аяз нәсияты сол болар:
Бийдәўлетлик жигит өмирин қор қылар.
Исбилермен болсаң, бахтың зор болар,
Қулдай ислеп, бегдей кийинер болың. 


20 
АЎЫЛДАҒЫ КЕШ 
Қысқы кеште түпкирдеги жабанның
Көриниси кеўлин тербер адамның. 
Күтилмеген қонақ болдым үйине
Жаслық ўақта бирге оқыған жорамның. 
Жадырасып жақсы күтип алысты,
Апақ-шапақ қуўанысып қалыстық,
Газ плита гүрлеп жанып, шай қайнап,
Жыллы жерге калың төсек салысты. 
Аклықлары сәлемлести биримлеп,
"Телевизор тамға бәриң кириң!" деп,
Қонақ жайдан қуўып шығып оларды,
Дастурхан дүзетти қурдас күлимлеп. 
Жорам улын ертип кирди қораға,
Бирақта қой сойдырмадым жорама.
Таўық сорпа, аз-кем арақ суўықта,
Пай, кетеди-аў гүрриң қызған арада! 
Бир-биреўден ҳал-аҳўал сорасып,
Ғаўқылдастық ҳәзилимиз жарасып.
Гәп қашырдық еслеп өткен-кеткенди,
Сағынысқан кеўиллерге минәсип. 
Бирге оқыған баллар менен қызлардан,
Санап шықтық ким бар-ким жоқ олардан.
Аңламаппыз пәтли ағысын өмирдиң,
Жорамның да сақал-шашы ағарған. 
Айттым оған—Сен фермерсең белгили,
Табыскерсең қатарыңнан үлгили.


21 
Суўсызлықтан қысым көрип атырсаң,
Басқа түсип тәбияттың сүргини.— 
Дегенимде үнсиз қалды бир майдан.
Сызлаўығын тырнап алған қусайман.
Суў дәрти—ел дәрти қарақалпақта,
Жазда—қурғақшылық, гүзде—пушайман. 
—Суўсызлық дәртиниң несин айтасаң.
Атыз беттен қолың суўып қайтасаң. 
Еки жылдан берли егинде сән жоқ,
Телпегиң түседи басты шайқасаң. 
Фермерлик жақсы ғой билген дийқанға,
Уғрас келер мына еркин заманға
Тил табысып меншик пенен ел мәпи,
Мийнетиңниң палын татсаң жаман ба? 
Елмиз ғой аўылға аўызын ашқан,
Жерге ырыс-несибе урығын шашқан,
Суўдың қытлығынан бәри қымбатлап,
Базардан да ҳәзир берекет қашқан. 
Өрдегилер дәрьяларды сатажақ,
Сөйтип тегин мол пайдаға батажақ.
Қулыплап алып ғәзийнесин қудайдың,
Ышқырына гилтин байлап жатажақ 
Тәбият қырсығы ҳәзир қайда жоқ,
Аңсат турмыс, билсем, хеш бир жайда жоқ.
Кел, бир алып жиберейик, жоражан,
Батпан уўайымнан мысқал пайда жок.— 
Деп муртынан күлди қонақка қарап.
Бундайда пайдалы бир тостлық шарап.


22 
Қурдас келди қыз туўғандай қуўанып.
Аўқатынын хош ийиси бурқырап. 
—Ҳәзир нелер болмай атыр дүньяда.
Бир жақларда суўы сыймай дәрьяға,
Апатшылық көрип атыр тасқыннан,
Бул күнге де шүкир етейик аллаға. 
Көптен суўсызлықты көрмеген елмиз,
Суўды қәдирлеўди билмеген елмиз.
"Айланба шел" шаўып егис жерлерге,
Тапқа келтире алмай терлеген елмиз. 
Синоптиклер айтып атыр хабарда:
Быйыл дым көп қар жаўыпты таўларға, 
Хорезм хәм Қарақалпақка суў келер,
Ғарқәллезий болса Әмиў суўларға. 
Ҳәр нәрсе қәдирли болар азында,
Кел, алсақ алайық кеўил сазында
Жап-салмаңа суўды сыйдыра алмай,
Албырап жүргейсең бәхәр-жазында... 
Февраль, 2002-жыл. 
 
 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling