«Ҳәзирги заман қарақалпақ тилиндеги келбетликлердиң семантик-функционал өзгешеликлери»


Download 16.29 Kb.
Sana18.06.2023
Hajmi16.29 Kb.
#1572825
TuriДиссертация
Bog'liq
оппонент пикир


Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 70230101 – Лингвистика (қарақалпақ тили) қәнигелиги бойынша магистр академиялық дәрежесин алыў ушын жазылған Генжеева Гулзар Даўлетназаровнанын « Ҳәзирги заман қарақалпақ тилиндеги келбетликлердиң семантик-функционал өзгешеликлери» деген темада жазылған магистрлик диссертациясына рәсмий оппонент Р.Мамбетова билдирген
ПИКИРИ
Г.Генжееванын магистрлик диссертация жумысы кирисиў, тийкарғы үш бап, жуўмақлаў ҳәм пайдаланылған әдебиятлар дизиминен турады. Кирисиў бөлиминде жумыстың актуальлығы, илимий жаңалығы, мақсет ҳәм ўазыйпалары, изертлеўдиң методы сыяқлы мәселелер тийкарланып берилген.
Диссертант жумыстың биринши бабында қарақалпақ тилинде келбетликлердин лексика-грамматикалық мәселелерин үйрениўди мақсет етип белгилеген. Онда қарақалпақ тилиндеги келбетликлердиң тийкарғы ѳзгешеликлерин, лексикалык курамы хам дəреже корсеткишлерин тереннен үйрениўди ўазыйпа етип белгилеген. Магистрант бул ўазыйпаларды шешип алға қойған мақсетине ерискен. Қарақалпақ тилиндеги келбетликлердиң тийкарғы белгилерин, морфологиялык,лесикалык, синтаксисилик айырмашылыкларын көрсетип бере алған. Теориялық мәселелерден дурыс жуўмақлар шығара алған. Пикирлер тил фактлери жәрдеминде толық дәлилленген. Келтирилген мысаллар гүман туўғызбайды.
Келбетликтин манилик турлери хам олардын лексика-грамматикалык түсиниклерине арналған жумыстың екинши бабында келбетликлердиң манилик топарларға бөлиниўи, олардын грамматикалык озгешеликлери изертлеўдиң объектине айланған. Онда мəнилик топарларға – характер –ѳзгешелик,жағдай,рен-тус,маза-дəм,ийис ,кѳлем-ѳлшеу,орын хам ўакыт мəнили келбетликлер сыяклы топарларға бөлиниўи көрсетилген. Олар бойынша бойынша илимий мағлыўматлар келтирилген. Бапта тийкарғы манилик топарлар оз алдына үйренилип, олардын турлери ,жасалыу ѳзгешеликлери, дареже корсеткишери, лексикалык айырмашылыклары үйренилген. Олардың ҳәр бирине сәйкес мысаллар берилген.
Магистирлик диссертацияның үшинши бабы келбетликтин манилик топарларынын семантикалык хам стиллик озгешеликлерин үйрениўге арналған. Онда келбетликлердиң манилик топарларынын лексика-семантикалык,стиллик колланыу айырмашылыклары мәселеси изертленген. Магистрант бул бапта келбетликтин харбир манилик топарларынын семантикасыбтуура хам ауыспалы манилерибауысыу жоллары , коркем шыгармада келбетликлерди колланыудын стиллик озгешеликлерине кең түрде токталган .
Әлбетте, жумыста жетискенликлер менен бир қатарда кемшиликлер ҳәм жетиспеўшиликлер бар. Теманың изертлениўине байланыслы 1 бабында келбетликлердин лексика –грамматикалык озгешелликлери менен бир катарда олнын этимологиясына да тоқтағанда мақул болар еди. Характер охгешелик пенен жагдай келбетликлерини ортасындагы ацырмашылыкка кең түрде тоқтап өткенде жумыстың қуны асқан болар еди.
Бул келтирилген кемшиликлер жумыстың мазмунын төменлете алмайды. Қарақалпақ тилиндеги келбетликтин семантикалык хам стиллик озгешеликлери биринши рет арнаўлы изертлеўдиң объектине айланған. Жумыста илимий жаңалық көп. Усыларды есапқа алып, Г.Генжееванын « Ҳәзирги заман қарақалпақ тилиндеги келбетликлердиң семантик-функционал өзгешеликлери » деген темадағы жумысын питкен деп есаплайман ҳәм жоқары баҳалаўды усыныс етемен.
Рәсмий оппонент
Р.Мамбетова – ҚМУ
Аударма теориясы ҳәм
әмелияты кафедрасы
доценти, ўа.и.к
Download 16.29 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling