Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet25/36
Sana24.04.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1394028
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)

 
3. ЫРЫМ 
Анам айдарымды сыйпап отырып,
"Үш орайың бар.. " деп күлгени есте. 
Ол ойлаған: балам дәўранды сүрип,
Қатара үш отаў тигер деп өссе. 
Ырымлар да бизге тиккендей қастын,
Не дерсең тәғдирдиң ғалма-ғалына.
Шүкир, олсыз да бул ғаўғалы бастың
Төрт орайы болмағанына... 
Апрель, 2000-жыл. 
4. КЕЛГЕН БОЛДЫ МА 
Ығбалың оянып, бахтың жанбаса,
Ялғаншы дүньяға келген болды ма.
Ышқы висалынан мийриң қанбаса,
Мухаббат бағына кирген болды ма. 
Шағлап қудай қосқан қостарың менен,
Қәдир билер қәлем касларың менен,
Шағал мәслик қурмай досларың менен,
Бес күнлик дәўранды сүрген болды ма. 


66 
Гүл ышқында күймек бүлбилдиң кәри,
Аңсағаным—туўған жердиң бәхәри.
Әдира қалған арзыў-әрманның бәри
Жат журтта түсиме кирген болды ма? 
Қанаты суў болған сүйлиңдей мысал.
Жасың қайтса, шалқып ушалмас қыял.
Қәбириңниң басында бир жақсы ҳаял
Жылап қалмаған соң, өлген болды ма... 
Апрель, 2002-жыл. 

ҚУЛПЫТАСТАҒЫ ЖАЗЫЎЛАР 
(Эпитафия) 
 
Ерназар Алакөздиң анасы ҚУМАР 
АНАЛЫҚтың Қазакдәрьядағы кәбир тасындағы 
жазыў:
15
 
Нақыл сөз бар "Алып-анадан" деген,
Бабалардың бул айтқаны даналық.
Халқына бахадыр ул туўып берген,
Руўҳын шад болғай, Қумар аналық! 
БЕРДАҚтың естелигине: 
Заман дәртин дәстан етип тилиңде,
Халқыңның ар-намыс хүжданы болдың.
Аяқтағы қарақалпақ елинде
Шайырлық мүлкиниң султаны болдың. 
Ҳәр сөзиңде даналығың таныттың,
15
Бул естелик сөзлердиң көбиси марҳумлардың жақын- 
жуўықларының өтинишлери тийкарында жазып берилди  И.Ю. 


67 
Мәртлиги бар Алакөздей алыптың.
Қөңли ақ, қалпағы қара халықтың
Қосыққа айланған әрманы болдың. 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling