Ибрайым юсупов жети асырым
Download 0.8 Mb. Pdf ko'rish
|
jeti asirim
СУББОТНИКТЕ
I Жумалатқан алтын шардай, Бас көтерди қумнан куяш. Еснеп турған жас уландай Түр көрсетти Тахиатас. Шықты жаслар бригадасы Топ-топ болып субботникке. Келип Антон отағасы, Татьянаға қылды өкпе: - Айтпадым ба, әй, сен қызға, "Арақыздан қалдырман" деп. Ериншеклик қылдыңыз ба, Болармыз деп босқа ҳәлек? Кулди Таня: - Антон ағай, Айыплы ғой оған қызлар. "Уста көрсе, қорқар тоғай", Деген "ырым" тапты олар. 103 - Соны айтқан қайсы надан? Сумлық ғой бул, ой не деген! Жоныў ушын Россиядан Ағаш таппай келдим бе мен? Адам уста бола алмас!, Жас ағашты сүйе алмаса. Жоныўға шебер қолымды, рас, Кесермен-аў еге алмаса... "Антон аға, жаслар, мине, Субботникке шақырды" деп, Барғаныңда кемпириме Мақтанып қояр едим мен де. Кейийин деп сени көрип, Шығып едим өкпе жыйнай. Бирақ өкпем кетти ерип Жазда алжасып жаўған қардай; Мейли, енди өкпесиз-ақ, Жарасайық бас қатырмай, Жата алмайман, билиң бирақ Сизлер жүрген жерге бармай. Сақалымды қыраў шалмас, Арақызда өмир сүрсем, Ғаррылық мени таба алмас, Жаслар менен бирге жүрсем. - Ўай, айттым ғой, Антон ағай, Усылайынша жасырып бой, Әжелди де алдап оңай Коммунизмге жетпекши ғой. 104 Гүўлеп күлип қоршады журт, "Бермеймиз,—деп—ғаррылыққа", Уста күлип сыйпады мурт, (Шебер бәле ол қуўлыққа). - "Марш изимнен!" деди Антон, Кеўилли топ кетти жүрип. Жер басына жеткеннен сон, Туў тигилди кумға бийик. Оқыўшылар мектеп беттен, Дүсирлетии барабанды, Қос қанаттай қусқа питкен, Жигерли топ келип қалды. Ис қайнады, ҳәр түп терек Тапты өмир тер, ықластан, Ҳәр кеўилде тоғай гүллеп, Соқты жүрек шаршамастан. Түс аўғанда тербеп самал, Турды сапқа нарт нәлшелер, Адам қолы гүл ғой мысал, Еркин мийнет етсе егер! Антон аға пайын болып Жәрдемлести Валяға көп. (Қыялыңа бүлбил қонып, Еге алмапсан, оңлап терек.— Деди Таня жолдасына, "Романтиктиң" ҳалын сорап. Валя айтты: — Тәбият ана Көгертер дә мени аяп! 105 - Ағашты тек шаншыў жерге Шайтанның да қолынан келер. Тутпай қалса ол егерде Бүлбилиңди ким есиркер? Соның ушын, Валяжан-ай, Қалма соңырақ жаман атқа. Пухталап ек, Ҳе ... қой былай! Сүйенбе, қызым, тәбиятқа. Тәбият деген сықмар киси, Оннан жуўап алыў қыйын. Сениң менен болмас иси, Ислемесе қол ҳәм мийиң. Мрамордан қала салып, Көр пайғазы оннан сорап. Еңбегиңди еске алып, Бермес бийпул бир жапырақ... Тәбияттың минези мынаў, Елеслетти-аў бүгин маған: Сондай сықмар мүжик еди-аў, Бир гезде мениң байғус бабам. Жупыны ғана дәскеси болды, Дүнья қайда жатқан артып! Рәҳәт көрмей өзи өлди, Ширкеў бәрин кетти тартып. Мүжиклердн тонаўға патшаң, Шебер едн-аў садағаң кеткир. Тәбиятқа тек ширкеў жақтан Қараўға ғана болды "өткир". 106 Сықмардан буйым алыўдың жолы: Көрсетесең көзине жанын. Басқа жолдан көндириў оны ... Рети жоқ-аў, билсең жаным,.. Дедиде Антон Макарович, Күлдй көзин қысып қарап, "Қәйтип сизди қыярмыз биз?" Дести жаслар оны орап. Таня баслап түс аўғанда, "Тоғайшылар" ашты суўды. Жанлы суў ол өз жолында Туншықтырып шөлди буўды. Таня күткен жас тоғайда Бүртик жарып, өссе ғаўлап, Бүгин және қапталында, Турды мыңсан нәлше—әўлад. Суў алдында тарбаяқлап, Қашты гүмгүм-шөл баласы. Бир команда күткендей-ақ Тур Тахиатас қаласы. Download 0.8 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling