Ибрайым юсупов үмит жағасы


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet1/36
Sana13.05.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1456689
TuriПоэма
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Umit jagasi (1990)



ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ 
 
 
 
 
ҮМИТ ЖАҒАСЫ 
 
 
 
(қосықлар ҳәм поэма) 
 
 
 
 
НӨКИС 
"ҚАРАҚАЛПАҚСТАН" 
1990 
Белгили сөз шебери, Қарақалпақстан халық шайыры 
Ибрайым Юсуповтың оқыўшылар жәмийетшилигине 
усынып отырған бул "Үмит жағысы" топламы— 
тийкарынан жаңа қосықларынан ибарат. 
Топламға сырлы шәшмелердиң сылдырлысындай 
болып 
кеўиллерге 
ләззетли 
сезим 
қуятуғын 
лирикалық қосықлар менен бирге, "Мәңги булақ" атлы 
әпсанаўый поэмасы киргизилген. Әмиўдиң татлы 
суўын 
аңсап 
шөллеген 
оқыўшыларымыз 
бул 
қосықларды оқығанда, сол теңи-тайы жоқ әбизәмзәм 
суўынан бир сарқум суў ишкендей болады деп 
исенемиз. 


2
ТЫРНАЛАР 
Әл ҳаўада қанатларын талдырып,
Жат мәнзилге сапар шеккен тырналар.
Айралық дәртинде бизди қалдырып,
Шадлығымды алып кеткен тырналар. 
Ҳаўазыңа қулақ салып қарасам,
Ақ қағаздай ғағырласып барасаң.
Хош аллияр айтысқандай боласаң,
Келмеске жол тартқан гөззал тырналар. 
Жерге бир нәўбетдур, елге бир нәўбет,
Қайтып баратқандай қайтасы дәўлет.
Аш толқынлар урмас жағысқа гүрлеп,
Соналы көллерден ушты тырналар. 
Сизлер нәсил көрген атаўлар аўлақ,
Әдира қалғандай айдынлы суўлақ,
Диң аспанда муңлы "қуррыў-қуррыў" лап,
Не деп баратырсыз, байғус тырналар? 
Не ис тапса, инсан пейлинен табар,
Ол қаст етсе, терис ағар дәрьялар.
"Бул жер бизге ҳарам" дегендей олар,
Аҳ урып қыйқыўлап барар тырналар. 
Қусларды көлатсыз, теңизди суўсыз,
Қалдырған нәмәртлер қалмас сораўсыз, 
"Карғыска жолығып бәри қалыўсыз.
Туқымқурт болғай" деп барар тырналар. 
Таңларым оянбас толқын сестинен,
Қайлардан аларман ондай күшти мен?


3
Дузлы шаңғыт көмген көллер үстинен,
Бул жағысқа түспей барар тырналар. 
Барар интизамлы, жипке дизилип,
Мен қарайман жүрек-баўырым үзилип.
Сиздей мен де ата журттан безигип,
Неге кете алмайман, айтың тырналар? 
Октябрь, 1985-жыл

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling