Ибрайым юсупов үмит жағасы


ҚАЙТЫП КЕЛСЕ ЕДИ БАЛАЛЫҚ ШАҒЫМ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet6/36
Sana13.05.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1456689
TuriПоэма
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Umit jagasi (1990)

ҚАЙТЫП КЕЛСЕ ЕДИ БАЛАЛЫҚ ШАҒЫМ 
 
(Нөкистеги "ВЛКСМ ның XXХ жыллығы" мектебиниң 
таза жайында оқыўдың басланыўына арналған 
митингте оқылған қосық.) 
 
Қайтып келсе еди балалық шағым,
Сизлер менен бир мектепке қатнасам,
Класстан классқа бирге атласам,
Қайтып келсе еди балалық шағым... 
Гүзги самал менен егин ырғалса,
Қуслар жуғырласып намаға салса.
Маған дәптер, кийим излеп дүканнан,


17 
"Балам оқыйды" деп анам қуўанса. 
Таңғы шымшық пенен оянып бирге,
Жүрек шәўкилдеген ықласлы түрде,
Кетсем сенлер менен оқыўға мен де.
Қайтып келсе еди балалық шағым. 
Көзим қызығады сенлерди керип,
Бәри еске түсер наўқандай өрип.
Жалаңаяқ арба жолды шаңғытып,
Жаптан қарғыр едик балақты түрип. 
Класстың едени полсыз жер еди,
Айнадан қараған зорға көреди.
Аўыл бойынша бир ҳәкленген жай бар,
Сол бир гөне тамды "мектеп" дер еди. 
Ол гезде де қыста қар жаўар еди,
Бир кесек пеш, сынық моржа бар еди.
Бул сөзлерге сенлер түсинбейсизлер,
Кийимлер "бөз" деген бир таўар еди. 
Бирақ халықтың онда пейли кең еди,
Дүнья қуўып жүрген адам кем еди.
Ҳәзиргидей көмешке күл тартыў жоқ,
Сумлық жайламаған еден ел еди. 
Ол ўақтың да тәўир жери бар еди,
Таза суўлы дәрья, көли бар еди.
Балларына пахта тергизбейтуғын,
Кең пейилли дыйқан ели бар еди. 
Ал ҳәзир ше? Қарарлар бар. Бирақ та,
Муғаллим әўлады аўыллық жақта,
Китапларды жыйыстырып қойды да,
Ижарашы болып егип жүр пахта. 


18 
Қысы-жазы пахта атызында жүресең,
Муғаллим билмесе, қалай билесең?
Саўатсызлық ҳәм оқыўшы жумсаўдың
Тап нағыз әкесин енди көресең... 
"Күйгеннен күй шығып", қаласаң аңбай,
Сиз ушын шайырлық жолларым мениң.
Жүзлериңиз жайнасын таң нурындай,
Көзи жаўдырасқан балларым мениң. 
Ҳәссений, қайтадан туўылармедим:
Шадлы балалықтың бахытын сезип,
Атақ, абырай, орден —бәринен безип,
Сизлерге қосылып жуўырар едим... 
Ол жоқ енди бизге. Сиз барсыз бирақ.
Қуўанамыз бәрҳа сизлерге қарап. 
"Жигирма бир" деген жаңа әсирдиң
Атларын минесиз, жалларын тарап. 
Бирақ ол сондай бир асаў ат болар,
Билимсизди жығып кетип, мат қылар.
Ол заманда ақыллы ҳәм инсаплы,
Бизлерден көп билгиш адамзат болар. 
Олар бәлким бирин бири алдамас,
Сулыў сөйлеп, қызыл тилин жалламас.
Атом бомба менен журтты қорқытып,
Ана-тәбиятты биздей қорламас. 
Ким жақсы оқыса—соның заманы,
Халыққа, келешекке күш-қуўат болың.
Биз қайта қуралмай атқан дүньяны,
Дүзетип алғандай азамат болың. 


19 
Компьютер заманы күтеди сизди,
Билим шыңларына умтылар болың.
Бизлер сумлық пенен қурытқан теңизди
Мийрим суўы менен толтырар болың... 
Август, 1989-жыл. 


Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling