Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet119/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   115   116   117   118   119   120   121   122   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

УЛУҒБЕК ҚАТИРЕСИНЕ 
(Уллы алым Мырза Улурбектиң 600 жыллық мерекесине) 
Сиз жулдызлар менен сəўбет қурғансыз,
Əлем тилсимлерин оқый алғансыз.
Гүмбези Даўўардан тағлимат көрген
Т
ОҒЫЗ 
мураббийдиң бири болғансыз. 
Илим қанатында ушқыр қыялың
Тамашалап жуддызлардың жамалын,
Дүньяға дəрс берип фалакияттан,
Көп алғыс алғансыз инсанияттан.
Жəҳəнгирлик əйлеп бабаңыз Темир,
Жети ықлымға ол жүргизсе ҳəмир,
Сəйяраларға силтеп аҳли-инсанды,
Сиз жаўлап алғансыз илми-жаҳанды.
Таж ҳəм тахт ҳəўеси - мəңгилик талас, 
Бунда уғул өз атасын аямас.
Ҳүкимдарлық сизге мийрас əйледи,
Ақыбет тағдир суйиқаст əйледи.
Лекин патшалықтың тахтынан да сиз
Алымлықтың тахтын бəлент қойдыңыз.
Бул абадий тахтдур, қанша қылса қаст,
Пəдəрқуш перзентлер тайдыра алмас.
Мəңги отырарсыз бул алтын тахтта,
Инсаният яд етер ҳəмме ўақытта.
«Даңқлы бабамыз» деп мақтанар мудам
Түркий зибан улус, гөззал Түркстан.
Самарқанд үстинде жанар жулдызлар,
Аспаны-фалактен раҳметлер жаўар.
Əўладларың сизден ҳəмийше ырза,
Руўҳыңызға таъзим, Улуғбек мырза! 
6-октябрь, 1994-жыл. 
ҲАҒЛА, ƏМИЎИМ! 
Жазғы таңда шықсам Əмиў бойына,
Ҳаўасы жаныма жағып барады,
Қанат байлап қыялыма - ойыма,
Ылай суўлар бурқып ағып барады. 
Терең ийрим тартып, жайлап та ағар,
Базда сазан атып, туўлап та ағар.
Саўлатланып, суў тулпардың жалындай,
Ырыс қазаны болып қайнап та ағар. 
Басқа қызығыңды қоятур дерсең,
Алтын сахналы бир театр дерсең.
Суў ийеси Сулəйманның мүлкиндей,
Мол ғəзийне ығып киятыр дерсең. 


260 
Қызкеткен, Кегейли, Пахта арналар,
Ғарқəллезий болып Қуўаныш жармалар,
Көлде ғаз қыйқыўлап, жылымлар майлап,
Атызларда дийқаншылық ырғалар. 
Ҳəрекетке келтирип кең дүньяны,
Қарағандай елдиң, жердиң дəўраны,
Жағалықта жасыл туўын көтерип,
Жас тоғайлар алғыслайды дəрьяны. 
Ҳағла. Əмиў - берекеттиң булағы!
Бар тиришилик саған қуллық қылады.
Сен ҳəўижге минсең, еллер қуўанып,
Шайырлар да сеннен илҳəм алады. 
Теңизди терис қайтқан заманлар қуртты,
Ҳеш ким емес, оны адамлар қуртты.
Сағадағы суў симирип жуўҳадай,
Аяққа ағызбай, теңселтти журтты. 
Ашкөз бенделердиң пейлин байқаған
Тəңирим бəлким талай басын шайқаған,
Жаратқанның өзи жарылқар болса,
Адам ириккен дəрья тасар қайтадан ... 
Бойларыңда жүрип ойға таламан.
Демде не заманлар кешти арадан!
Пəтли ағысыңды қайтадан көрип,
Қуўанғаннан көзиме жас аламан. 
Ҳағла, ҳағла Əмиў, - жəўлан урып ақ.
Абийҳаят суўы менен толып ақ.
Əйдарҳадай айбат шегип, жулқынып, 
Ҳəм жилли көзленип, Жəйҳун болып ақ. 
Жағысына бахыт бəҳəрин берсин,
Саған Нуў пайғамбар қəҳəрин берсин.
Қырға шығып қалған байғус Аралға,
Ҳəр тамшың тиришилик нəҳəрин берсин. 
Жуўасып, ҳеш кимге бағынбағайсаң,
Нəўпир суўдан ҳасла арылмағайсаң.
Сен ҳəзирги адамлардың пейлиндей,
Ишкирнелик етип, тарылмағайсаң. 
Август, 1993-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   115   116   117   118   119   120   121   122   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling