Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- Нөкис, «Қарақалпақстан» 1999 Электронлық вариантының корректоры Бахтыяр Досымбетов
- МИННЕТДАРШЫЛЫҚ
ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ ӨМИР, САҒАН АШЫҚПАН… Сайланды шығармалары Нөкис, «Қарақалпақстан» 1999 Электронлық вариантының корректоры Бахтыяр Досымбетов Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсуповтың бул китабына ярым əсирлик дөретиўшилик мийнетиниң ең сайландылары енгизилди. Китаптан шайырдың «Актрисаның ығбалы» поэмасы да орын алды. Бүгинги дəўир менен тең қəдем атып киятырған шайырдың ширели қосықларының талғампаз поэзия ышқыпазларының дийдинен шығатуғынлығына сөз жоқ. МИННЕТДАРШЫЛЫҚ Ўа, шайырлық! Сенсиз саҳра шөлдеймен, Булағыңнан ишкен сайын шөллеймен. Ҳəр сапары түсип кетсе ушқының, Тамызықтай жанып болмай сөнбеймен. Жарасығы менен берген 70 жас - Алла тааланың «жарлықарман» деген бендесине инам еткен теңи тайы жоқ сыйлары. Оны минасып инсаный мазмунға бөлеп жасай алмағанымызға ақыбетте өкинермиз бəлким. Көп заманласларым сыяқлы, мен де өз өмириме, «жаста мийнет бер, картайранда дəўлет бер» деген дурыс тилек қабыл болғандай, шүкирлик етемен. Туўылған сəнемиз рəсмий айланыстағы ҳүжжетте 1929- жылдың 5-майы деп жүритиледи. Киндик қанымыз тамған ата мəқан Шымбайдың Азат аўылы. Раҳметлик əкемиз Юсуп ахун биз туўылған жыллары бай-улама сыпатында мал-мүлки қатланып тартып алынып, өзи қамақта қазаланған. Еки ул, төрт қыз бенен қалған Ханбийби елти-анамыздың сондағы қорлықлы турмысы ядыма түскенде еле жан-жүрегим сызлайды. Жигит ағам Мəден Юсупов урыстың басында осколка менен келип, 2 өлди. Жайы жəннетте болғай бул мийнетли бенделердиң. Өмирбаян анкетамда мына хызметлер жазылған: колхоз табельщиги (1942-44), Нөкистеги пединститут студенти (1945-49), сол институттың əдебият муғаллими (1949-61), «Əмиўдəрья» журналының редакторы (1961-62), илимий хызметкер (1962-65), Қарақалпақстан жазыўшылары аўқамының баслығы (1965-80), «Совет Қарақалпақстаны» газетасының бас редакторы (1980-88), парахатшылық комитетиниң баслығы (1988-94). 1994-жылдан ҳəзирге дейин Қарақалпақстан «Руўхый мəденият ҳəм ағартыў» жəмийетлик орайының баслығы. Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан Республикаларының Жоқарғы Кеңеслерине депутат та болдық, бир неше орден, атақ ҳəм сыйлық та алдық. Бул хызметлер əлбетте күш- жигерди де, ўақытты да алды, соның менен бирге, шайырдың заман ҳəм халық турмысы менен бирге қайнап писиўине, азаматлық сезим жуўапкершилигине жəрдемлести де. Шығармаларымның, китапларымның дизимин айтып, ўақтыңызды алмайман. Мəзи айтарым, шайырлықта үш нəрсеге садық болдым: қосық арқалы халық жүрегине жол изледим, заманласларымның кеўил-күйин, қайғы- қуўанышын, арзыў-əрманларын, умтылыў тилеклерин, бийик адамгершилик пазыйлетлерин жырлаўға тырыстым. Қосықтың, Шығыс ҳəм Батыс классикалық жолларын тынбай үйрендим. Наўайы, Мақтымқулы, Бердақ, Абай, Тоқай тийкар салған түркий қосық «академия» сын таўап еттим. Əдебият босағасын атларда бизлерге ағалық қылған Н.Дəўқараев, Ж.Аймурзаев, Қ.Айымбетов, Ж.Орынбаев, Ə.Шамуратов, И.Сағитов, А.Есемуратов сыяқлы устазларымыздың руўхы шад болғай деймен. Бирге мерекелес болған, мениң шайырлық өмириме жанкүйерлик қылған досларымнан Б.Исмаилов, М.Нурмухамедов, С.Ахметов, Ч.Абдиров, Д.Насыров, А.Худайбергенов, Т.Сейтжановты бүгин жетпистиң ызғырық желли асырымында турып, емиренип еске аламан. Ал ҳəзир өзим менен бирге өмир сүрип атырған, сəўбетлес дос-яранларға аузақ өмир, аманлық тилеймен. Шайырлықтың үлкен мəжилислерине кириўимде пири кəмиллеримиз болған нураный тулғалар Ғафур Ғулам, Айбек, Миртемир, Камил Яшен, Сабит Муханов, Берди Кербабаев, Сулайман Рустам, Қайсын Қулиевтың өз улындай еркелетип, бизге қылған дуўалары мустажаб болса итимал. Шараф Рашидовтың аталық ғамхорлығын, Зульфия апаның аналық мийрибанлығын умытпайман. Жүйрик қəлем ийелери болған Константин Симонов, Михаил Луконин, Максим Танк, Римма Казакова бизге ўақтында көп қайырқомлық иследи. Ҳəзирги заманымыздың көркем сөз шеберлери Шыңғыс Айтматов, Расул Гамзатов, Мустай Карим, Олжас Сулейменов, Суйинбай Ералиев, Абдулла Арипов, Еркин 3 Ўаҳидовлар бизди бəрҳа өзлериниң туўысқанлық баўырына тартады. Шығармаларымызды өз ана тиллерине ықлас ҳəм шеберлик пенен аўдарған шайыр досларымызға, əде- биятшы алым ҳəм баспа хызметиндеги бирадарларымызға шын кеўилден миннетдарман. Шайырлық мениң руўҳый өмирим, машақатлы мийнетим, мақтанышым. Бүгинлиги журт қатарлы жаңа заманға - ғəрезсизлик заманына ерисип, оған хызмет қылыў несип еткенине қуўанаман. Сөзимниң бəнтбасарында Журтбасымыздың жақында маған жоллаған илҳамбағыш хатынан үзинди келтиремен: Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling