Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
КҮНШЫҒЫС ЖОЛАЎШЫСЫНА Өңиринде шайқалған жас қара тал, Əмиўдəрья суўларынан нəр алып, - Қубласында шөккен нардай Қара таў, Арқасында ақ сазанлы Аралы ... 29 Өз елиңниң бул мүйешин аралап, Жүрегиңде мəңги сақлап кетиўге, - Күншығысқа сапар шеккен азамат, Асық достым бизиң жаққа жетиўге! Бизде сөз бар: мийман - ырыс, берекет, Қонақ күтиў - зийнети ҳəр адамның. Егер үйге бес күн мийман келмесе, Шайы қонбас мениң байғус анамның. Тандыр жапқан жеңгейлерден бар мирəт, Руқсат жоқ аўыз тиймей өтиўге. Күншығысқа сапар шеккен азамат, Асық достым бизиң жаққа жетиўге. Бунда дослық салтына жан сүйинер, Жатырқамай араласаң егер сен. Ҳəр шəҳəрли, ҳəр дийқанның үйинен Өз үйиңниң жыллы лебин сезерсең. Бунда өскен пахтаның ҳəр талшығы Шын дослықтың беккем алтын жибиндей. Жайлаўларға қурдай қаплап мал шығып, Кең далалар дөнер сурдың түгиндей. Оқыранар қайшы қулақ қаназат, Желдей жүйиткип сени алып кетиўге. Миңгиң келсе ушқыр тулпар, азамат, Асығагөр бизиң жаққа жетиўге ... Бунда өмир қаўынындай Шаббаздың Толып тасар тил үйиргиш ширеге. Бунда Пушкин, Наўайы ҳəм Аббаздың Қосықларын ҳəмме ядтан биледи. Мейли Киев, тундра я Арарат ... Уллы журттың турсаң да қай шетинде, Бул жер сени өгейсимес, көрмес жат, Асық достым усы жерге жетиўге. Нөкис, 1956-жыл. ШӨГИРМЕ (Халық шайыры Аббаз Дабыловқа оның алпыс жыллық тойында шөгарме кийгизилгенде) Турмысымыз таза болғансоң енди, Кийимлер де көшкен жаңаша түрге... Айтсам сен туўралы еситкенимди, Бабалардың бас кийими шөгирме. Бир атың телпекдур, бир атың қураш, Заманыңда кийим болғаның ырас. Түрли баслар менен сен болып сырлас, Талай асыўларды астың шөгирме. 30 Əўел пайда болдың кимниң басында, Арал теңиз, Едил-Жайық қасында? Он əсирлик орыс жылнамасында Қуўандым атыңды оқып, шөгирме. Бабам пана излеп Россиядан, Петербургқа жол тартқанда қыядан, Ҳүрмет көрип Мəскеў, Макариядан, Көп жерлерди аралаған шөгирме. Ҳəмел ушын Айдос арын сатқанда, Бегис, Мыржық қаны саған қатқан ба? Ерназарды жаў арқадан атқанда Сен қанға боялып жаттың шөгирме. Əреби, шийразы байларда болды, Сени кийип олар тойларда болды. Мурны аспанда, кеўли айларда болды, Дəўири шым-шытырық болған шөгирме. Күниң бар ма жазда күйе түспеген? Өрде турсаң ығыңнан жел еспеген, Өттиң талай телпек дирилдеспеден, Басыңа көп ғаўға түскен шөгирме. Алдыңнан қарасам артың аўықтай, Қапталдан қарасам түриң ғаўықтай, Қыста сəўирлеген түйетаўықтай Самал қақса ҳəңкийесең шөгирме. Қара үйге кирсе ким сени кийип, Келдиң ергенекке сен зорға сыйып, Пүтин тери зая болмасын дийип, Бабам байғус үйе салған шөгирме ... Еркин қанат қақты азатлық қусы. Кетти өмиримиздиң қаҳəрли қысы, Ҳəр заманның өз кийим, өз модасы, «Жаңа турмыс өссин» дедиң шөгирме. Гедейлик қысмети көп түсип басқа. Қолым тиймеди деп ҳеш қолаң шашқа, Телпек киймедим деп бир шалқып жаста, Аббаз шайыр əрман еткен шөгирме. 1969-жыл, январь. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling