Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet15/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

 
 
 
 


31 
ҚОБЫЗ 
Қурбанбай жыраўға 
Жаңла қобыз, əсирлердиң гүўасы, 
Қарақалпақ сазларының сағасы.
Қайтқан ғаздай ғаңқылдаған үниңе
Шадлық қуйған жаңа заман дүньясы. 
Кемсеңлетип ғаррылардың ийегин,
«Посқан елди» толғап өткен Жийениң.
Əсирлердиң аўыр шерин арқалап,
Туқылы ашып, жаўыр болған тийегиң. 
«Келте зибан» гүрмеўиңе келмеди,
«Уллы зибан» бахыт таппай шөлледи.
«Жортыўлыда» елдиң жоғын жоқлаған
Батырлардың ат туяғын серледим; 
«Шербейитиң» шерли жандай аҳ урып,
«Көз айдының» қуўанышқа шақырып,
Халық ғазеби толып тасса, сендағы,
«Айға шаптың» арысландай ақырып. 
Сен дийқанның қулағынан шаң қақтың,
Шопан менен Қызыл қумда қой бақтың.
Сен баянлап келдиң əрман-тилегин 
Хан ермеги болған қарақалпақтың. 
Саздан тулпар, тийегиңнен ер еттиң,
Қыялыңнан қас батырлар дөреттиң.
Халық бахыты деп атландырып оларды, 
Саркоп пенен Байсын елин излеттиң. 
Күн астында Саркоп, Байсын көп еди,
Бəринде де байлар ғана тоқ еди.
Мийнеткеш халық бахыты ушын «боз торғай- 
Қой үстине аўнаған» ел жоқ еди. 
Мəңги бахыт орнап туўған елиңде,
Таза лапыз алды сениң үниң де.
Шадлық жырын толғап Қыяс, Қурбанбай, 
Жаңа турмыс сахнасында көринди. 
Халықтың алтын ғазийнесин қолға алып,
Ғарры жыраў қыя шөлде толғанып, 
Алып шығып əсирлердиң шаңынан,
Жаңа əўладқа мийрас етти қуўанып. 
Жаңла қобыз, сол тапсырған мийрасың – 
Халық өмириниң шежиреси, айнасы,
Бүгин бизге жəрдемлесер жалықбай


32 
Гүллентиўде жаңа турмыс дүньясын. 
 
Нөкис, 1956-жыл. 
Ескертиўлер: «Келте зибан», «Уллы зибан», «Жортыўлы», 
«Шербейит», «Көз айдын», «Айға шап» - қобыз намалары. 
И.Ю. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling