Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet23/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

«ЖЕТИ АСЫРЫМ» китабынан 
1962 
ОРДЕНЛИ ХАЛҚЫМА 
 
 
Шам едиң ҳəстеси сынған,
Дуўтар едиң дəстеси сынған.
Бүгин тарың алтын сымнан.
Халқым қайтадан туўылған 
Аббаз 
 
Қара таўдың жырасындай
Кеўлиңде көп жара еди.
Басыңдағы қурашыңдай
Ығбалың шым қара еди. 
Ғарғыс болды ханнан сыйың,
Түтип жеди болыс, бийиң.
Жыртық үзик қара үйиң
Желсиз күни панаң еди.
Едилден суў ишпек деген,
Түркстаннан поспақ деген,
Арқаланып көшпек деген
Үйреншикли ылаң еди. 
Əмиў бойы егис жериң,
Жаўмағанда маңлай териң,
Мисли қатып қалған шерим,
Қуўраған қуў далаң еди. 
Жаўдыраған жаслығында
Көп шөлледиң таслы қумда.
Арал теңиз ашлығында
Асыраўшы анаң еди. 
Өрбимей үрим путағың,
Бердақ болды тил ҳəм жағың.
Аманлықта алтын тағың
Жайдақ ешек, палаң еди. 
«Азатлық» деп аҳыў-зарың,
Қайнап кекли намыс-арың,
Ала көзли Ерназарың
Сен деп өлген балаң еди. 
Қылғындырып қыл буғаўы,


47 
Бир майламай ығбал аўы,
Əжинияздың «Боз атаўы»
Ең бир шадлы намаң еди. 
Өзбек, түркмен ҳəм қазағым,
Бирге шегип хан азабын,
Жақынлатқан жол узағын,
Ханаласың ханың еди... 
* * * 
Қайрылып кет, ескен самал,
Сениң маған керегиң бар!
Шад өмирден шадлы нама
Шертсем деген тилегим бар. 
Үстирт бетте туўылдың ба,
Кийик пенен жуўырдың ба,
Аралымда жуўындың ба,
Тазалықтан дəрегиң бар? 
Жумсақ жекен, өткир ысқа,
Сүйкендиң бе нар қамысқа?
Туўып өссең бул жағыста,
Шалқып дəўран сүрериң бар. 
Бедеўдей қурықтан қашқан,
Омыраўдан көбик шашқан,
Əмиўдəрья толып тасқан,
Мол ғəзийне телегим бар. 
Төрт түлигим қаплап өрген,
Ойпатым бай ҳасыл жерге.
Ақ мамығы көзге сүрме
Пахта деген бир егин бар. 
Қанша байлық, қанша алтын,
Жер, суў ҳəм есапсыз малдың
Ийесисең өзиң, халқым,
Бай несийбе - хорегиң бар. 
Қус қанаты күйген шөлди
Атлап полат жоллар келди.
Қыя майданлардан енди
Өмир гүлин термегим бар. 
Дослыққа берик сениң жаның, 
Ҳақ мийнет деп тебер қаның.
Тағам толы дастүрқаның
Толған майлы шөрегиң бар. 
Еккен пахтаң ел дəўлети,


48 
Мың-мың жүрек муҳаббети.
Мийнет десе талўас етип,
Түлеп ушқан түлегиң бар. 
Саў бол, халқым! Сен дегенде,
Бир күш пайда болар менде.
Саған қыянет еткенге
Сыбаныўлы билегим бар. 
Ибрайым дер: жаным қурбан,
Дослық десе ҳаллас урған,
Сениң ушын соғып турған
Геўдемде бир жүрегим бар. 
1960-жыл 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling