Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet25/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ДНЕПР БОЙЫНДАҒЫ ЕМЕН 
Арғы жағы асаў дəрья,
Берги жағы кең гүзар жол –
Көк шатырдай тиккен жарға,
Дөң басында турыпты ол. 
Турыпты ол - жасыл айғақ,
Мың жасаған мықлы емен.
Игорь бунда атын байлап,
Түнепти деп еситтим мен. 
Жат үлкеге узатқанда,
Ярославна келген дейди,
Жүрек ҳəўири қыздың сонда
Жас еменге сиңген дейди. 
Найзағайын шатырлатып,
Қанлы урыслар өтти буннан.
Жаўлар өртеп, шаўып, атып,
Көп азаплар берди оған. 
Бирақ та, ол туўған жерге
Сүңгитип берик тамырларын,
Төзди барлық бəлелерге,
Жеңди ҳəм де өз душпанын. 
Енди, мине, жайнап тағы, 
Жайқалып тур емен жаным,
Уллы дəрья бойындағы
Кең даланың ветераны. 
Енди оның саясында 
Күлки, қосық жаңлар тынбай;
Мəртлик ҳəм даңқ келип бунда,
Сайран салып атырғандай. 
КРЕЩАТИК КАШТАНЛАРЫ 
Гүллери бар шоғырласқан,
Мисли Кремль шамлары, -
Көргениңде зейин ашқан
Крещатик каштанлары. 
Көрмеген едим Киевти,
Əл ҳаўаға ол тийипти.
Жаслық липасын кийипти
Крещатик каштанлары. 
Усы жерде қанлы саўаш
Болған десең ҳеш инанбас,
Бəри сулыў, бəри де жас 


51 
Крещатик каштанлары. 
Алдымда кең көше жатыр,
Əжайып амфитеатр.
Қатарласқан қалың шатыр –
Крещатик каштанлары. 
Саяңда сайранлап əсте,
Келдим сизге күнде кеште.
Сиз бəлентте, жоллар пəсте,
Крещатик каштанлары. 
Шадлы дəўран буннан бирдей
Толып ағар Днепрдей.
Қулпырған қызық өмирдей
Крещатик каштанлары. 
Скамьяңа барсам жақын,
Еситтим ашықлар «аҳын».
Саў бол туўысқан дəргаҳым,
Крещатик каштанлары. 
Жапырағың жайнап сондай,
Урысқа нəлет айтқандай.
Украинаның жаслығындай
Крещатик каштанлары. 
Мəканымсаң шын баўырман,
Саяңда сайранлап турман,
Жаным қурбан, жаным қурбан,
Крещатик каштанлары. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling