Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
АББАЗ ШАЙЫРҒА УКРАИНАДАН ХАТ
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
АББАЗ ШАЙЫРҒА УКРАИНАДАН ХАТ
Украинаның жолы əжеп жол екен, Қанша көп жүрсең де жүрмедим дерсең. Иззет, ҳүрмет, дос-яранға толы екен, Сирə бийтаныс жан көрмедим дерсең. Бул жолда парқ емес көп пенен азың, Ески досларыңдай қурарсаң бəзим. Бул шадлы заманда, əзийз устазым, Жүз дəўран сүрсең де, сүрмедим дерсең. Алдымда көп екен көрмеген сыйым, Гүл берип қарсы алды қаншама жыйын, Бул заманда шайыр болмақтан қыйын Жумыс бар ма десем, «билмедим» дерсең. Шайыр десе ескен самал тынғандай, Кең залларды кернеп адам толғандай. Сонда «шайырман» дегениң жалғандай, 52 «Көп екен халқыма бермегим» дерсең. Шайыр деген өз халқының елшиси, Шад өмирден мол берилген еншиси. Бола алмасаң ҳасыл сөздиң кəншиси, «Бийкар бул мəжилиске кирмегим» дерсең. Уллы Киев, уллы елдиң орайы, Лыққа толды мəденият сарайы. Қуўаныштан толқып, демим тарайып, Турғанымды айтсам, «көрмедим» дерсең. Сондай ўақта сен түсерсең есиме, Сөзиме сөз, күш қосылар күшиме. «Сөйле иним, албырайсаң несине? Лазым сөз маржанын термегиң» дерсең. Сонда халқым келгендей-ақ жаныма, Қызыў енер тамырдағы қаныма, Сол гезде шайырлық океанына Қайықлы барып - ақ өрледим дерсең. Сен бир тарлан түлеп ушқан таўдағы, Биз палапан қонақлаған жардағы. Қарақалпақтың сен бүгинги Бердағы, Қəйтип «сөз маржанын термедим» дерсең! Днепр бойынан атланып кеште, Биз барамыз жүйрик экспрессте. Сениң бүлбилгөя ҳаўазың есте, Қалайша «яд етип жүрмедиң» дерсең? Сен отырсаң қара талдың астында, Мақбал тыслы еки көпшик дəстиңде, Қол былғасам «қара айғырдың» үстинде, «Көзим гиреў тартып көрмедим» дерсең. «Шайыр кеўли қартайыўды билмейди, Ол бир ағаш, қысы-жазы гүллейди», Деп ғарры Державин айтыпты дейди, Десем, «бала, бул қай ермегиң?» дерсең. Шалқы, шайыр, шалқыйтуғын гез келди, Кеўилге йош, тилге шийрин сөз келди. Жигирмаңда елиң жайнап өзгерди, «Жаста бүйтип, дəўран сүрмедим» дерсең. Мине, поездымыз Харьковке жетти, Халық жапырылып бизге ҳүрмет көрсетти. Бурынғы заманда бундай иззетти Бəлки «түсимде де көрмедим» дерсең. 53 Ўатанымыз шадлы өмирдиң бағы, Онда гүллер поэзия дарағы. Бурқып ақсын ҳасыл сөздиң булағы, «Шалқысын шайырлық өрнегим» дерсең. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling