Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- Ибрайым Юсупов Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан халық шайыры . ХАЛЫҚ ЖҮРЕГИНИҢ ТЕРЕҢ ТАМЫРЛАРЫ
«Миллий
тикланиш» газетасында басылған қосығыңыздың ҳəр бир қатарында мəўиж урып турған шын жүреклилик ҳəм үлкен сый ҳүрмет сезиминен оғада тəсирлендим... Шын кеўилден жазған қосық қатарларыңыз ушын миннетдаршылық билдирип, сизге саўлық - аманлық, өмириңизге ҳəм ижадыңызға берекет тилеймен. Ҳүрмет пенен, Өзбекстан Республикасы Президенти И.Каримов. Ҳүрметли Президентимиздиң бул хаты мениң өмиримди жасартып, шайырлығыма жаңа йош-илҳам береди. Ибрайым Юсупов Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан халық шайыры. ХАЛЫҚ ЖҮРЕГИНИҢ ТЕРЕҢ ТАМЫРЛАРЫ Қарақалпақтың өткендеги жүрегин дəрт жайлаған шайырларына қулақ салсаңыз, олардан əрманлы пəряд еситесиз. Булар халық ушын ҳақыйқат ақтарып көтерилген пəрядлар еди. Жийен жыраў, Күнхожа, Əжинияз, Бердақ дəрбадар болған, тозғып кеткен, басынан қаншадан - қанша пəлекетлерди, қанлы апатларды кеширген халықтың қайғы- зарын қосыққа салып жырлады. Қарақалпақтың биригип халык болыўында, қорқынышлы тарийхый сынақлардан аман шығыўында, өз бирлигин сақлап калыўында, терең, миллий белгилериниң қəлиплесиўинде ҳəм қарар табыўында усы халық ишинен он сегизинши - он тоғызыншы əсирлерде жетисип шыққан шайырлардың тутқан орны оғада үлкен болды. Өткендеги қарақалпақ шайырлары өзлериниң халыққа, əсиресе қарапайым мийнеткеш халыққа жақынлықлары, шын мəнидеги халықшыллығы менен ажыралып турады. Олар əпиўайы ҳəм оғада тəсиршең шығармаларында халықтың қəдир-қымбатын бийикке көтеретуғын, беглик инабатын оятатуғын, гүресшеңликке ҳəм жасаўға талпындыратуғын идеяларды күшли руўҳланыў менен жырлады. Əжинияз, Күнхожа ҳəм Бердақ оғада мəрт ҳəм дəўкелбет шайырлар. Олардың мəртликлери ҳəм ҳақыйқатгөйлиги айтқан, жазған ҳəр бир сөзлеринде далада 4 жағылған гүлхан отларының жалын қызыўындай жүзиңди шарпып турады. Сол мəртлик халықтан оның шайырларына ҳəм шайырлардан халықтың өзине өткен, қарақалпақтың халық болып сакланып қалыўына наятий зор хызмет қылған. Мине, усы қарақалпақ, шайырларының шынлықшыл, халықшыл дəстүрлери қарақалпақ əдебиятының ҳəзирги шайырлық дүньясында да өзиниң даңқлы сүрдеўин жоғалтпай киятырыпты. Бул əжайып дəстүрлер отызыншы ҳəм қырқыншы жылларда Аяпберген Муўсаев, Аббаз Дабылов, Садық Нурымбетов, Жолмырза Аймурзаев сыяқлы жарқын тулғалардың шайырлық ижадында қаншелли айқын көринген болса, əдебиятқа оларға илесип избе-из кирип келген Тилеўберген Жумамуратовтың, Байнияз Қайыпназаровтың, Тажетдийин Сейтжановтың ҳəм басқалардың шығармаларында өз көринисин тапты. Елиўинши жыллардан тартып қарақалпақ шайырлық дүньясы өзиниң жаңарыў, излениў шеңберин кеңейте баслады. Поэзия өзиниң раўажланыу жолында жаңа баскышқа көтерилди. Мине, усы жаңа əдебий ҳəрекет талантлы шайыр Ибрайым Юсуповтың аты ҳəм дөретиўшилиги менен тығыз байланыслы. Ибрайым Юсупов - жаңа заман кисиси, қарақалпақ халқының жаңа бир жəмийетлик көтерилиў дəўириндеги шайыр, көркем сөз шебери, алым зиялысы. Ол əтираптағы халықлар əдебиятын ҳəм мəдениятын, дүнья əдебиятын ҳəм əсиресе оның дурдана үлгилерин терең биледи, оларды сүйип үйренген, зейин менен аңлаўға умтылған, жүрек сезимине сиңдирген. Бул үйрениў ҳəм излениўдиң ҳеш бири изсиз, бийкарға кетпегенин көрип қайыл қаласаң киси. Олар суўсырап шөллеп атырған қунарлы жерге жаўған абылайсаң нөсер жамғырдай əжайып гүлшешеклерди ҳəм нəлшелерди жайнатып жүзеге келтирди. Былайша айтқанда, усы билимданлық оның шайырлық дүньясында өзиниң берекетли тəсиринде қəдембе - қəдем сəўлеленип турады. Ҳəм Ибрайым Юсупов өз поэзиясында интеллектуаль камалат тапқан шайыр сыпатында көзге түседи. Ибрайым Юсупов Бердақ шайыр туўылғаннан соң жүз жылдан кейин дүньяға келди. Бердақ өзиниң атақлы бир қосығында: Жигит болсаң арысландай туўылған, Удайына хызмет еткил халық ушын, - деп айтқаны бар емес пе? Ибрайым Юсупов усы дана сөзлерди əдейи өзине қарата айтылған, уллы шайырдың өзинен кейин дүньяға келетуғын ақлық-шаўлығына қалдырған ўəсияты деп билди. Соның ушын да бул сөзлер оның шайыр қəлбиндеги ийгиликли инсанлық туйғыларды күшейтип, оның қосықларына сулыўлық ҳəм ақыл-зəкаўат нурын берди. Ибрайым Юсупов бул жағынан алғанда саўлатлы шайыр болып табылады. Ҳаслында оның 5 шайырлығы үлкен устазлар руўҳының булағынан суўсынлаған леззетли шайырлық. Ибрайым Юсупов өз қосықларын қырқыншы жыллардың ақырына таман жəриялай баслады. Оның аты тез танылды. Қосықлары тез тилге илинди. Шайырдың «Бахыт лирикасы», «Күншығыс жолаўшысына», «Жети асырым» сыяқлы китаплары қарақалпақ əдебиятына үлкен талант ийеси, қəлби нəзик бир шайыр кирип келгенинен дерек берди. Жəне Бердаққа мүрəжаат етип көремиз: Мəрт жигитти егер сүйсе елаты, Күннен күнге артар оның қуўаты. Сол айтқандай, Ибрайым Юсупов елдиң муҳаббатын ҳəр қəдеминде, ҳəр қосығы шыққанда сезип турды. Бул оған зор илҳам бағышлады, қəлемин өткирлестирди. Соның ушын шайырдың «Дала əрманлары», «Заман ағымы», «Кеўил кеўилден суў ишер» сыяқлы қосық китаплары, «Актрисаның ығбалы», «Тумарис» сыяқлы қатар поэмалары, «Ғарғы туттағы гүз», «Сейдан ғаррының геўиши» усаған гүрриң ҳəм көркем очерклери, «Қырық қыз», «Өмирбек лаққы» усаған драма ҳəм комедиялық шығармалары қарақалпақ əдебиятының раўажланыўына үлкен үлес болып қосылды. Көрнекли қарақалпақ шайырын əтираптагы еллер жақсы билиседи. Оның көпшилик шығармалары түрли буўындағы талантлы өзбек шайырлары тəрепинен аўдарылып, өзбек оқыўшылары шайырдың «Олтин қирғоқ». «Чўл турғайи», «Саҳро орзувлари», сыяқлы китапларын өз шайырындай сүйип оқысады. Оның орыс тилинде шыққан «Песня горного ручья», «Меридианы сердца», «Розы и полынь», «Глаза ящерицы», «Избранное» сыяқлы китаплары шайыр ҳаўазын узақ - узақларға таратты. Оның қырғызша, түркменше қосық китаплары шығып, узақтағы шет еллер де оны оқысады. Ибрайым Юсупов ез халқының зəбəрдес шайыры болғалы берли поэзия бостанына қаншадан - қанша сарғаймас, солмас дарақлар көгертип атыр. Бердақтың қосықлары жақсылыққа шөллеген өмир дарағы еди. Ибрайым Юсуповтың поэзия дарағын жаңа заманлар самалы шайқап, инсан қəлбин, ой - əрманларын жаңаша жырлаўшы, жаҳан цивилизациясы булақларынан суў ишип, өз туўған топырағына терең тамыр урған, йошлы ҳəм заўықлы қосық. Қудды бабаларының қосықлары киби Ибрайым Юсуповтың шайырлық дарағы пүткил өзекли тамырлары менен қарақалпақ топырағына терең сүңгип барады: Бир жағым суў, бир жағым шөл болмаса, Жəннет қурып берсең де мен бармайман. Гүл ҳəм жуўсан ийиси аңқып турмаса, 6 Ол жерде мен қарақалпақ болмайман. Ибрайым Юсупов қосықларының руўҳый тамырлары туўған жерге қаншелли терең кеткенлиги ҳəм бул тамырлар не менен азықланып атырғаны усы бир күтə таўып айтылған сөзлерден көринип турыпты. Бул қосықтың ҳəр бир сөзинен, ҳəр бир образынан, ырғағынан қарақалпақтың қəлби көринип турыпты. Ҳəр бир қосық оқыйтуғын қарақалпақ бул сөзлерди өз жүрегиниң арзыўлары сыпатында қабыл етеди, алғыслайды. Əл ҳаўада сайра, достым, пырпырлап, Саз бенен сəўбетсиз дəўран болды ма. Сен көкте, мен жерде буншелли шырлап, Сүймегенде оннан Ўатан болды ма? - деп жазады шайыр «Пошша торғайға» деген қосығында. Шайыр Ўатанды усылай заўықланып жырлап пайыз қылыўды жүрегине түйген. Усындай кең көкиректен шыққан ийгиликли тилеклер арқалы оның қосықлары Ўатанға, халыққа деген муҳаббат пенен суўғарылады. Ўатанның исшең алға умтылғыш руўҳы оның шығармаларын өзгеше бир тəризде мазмунлы етип турады. Ибрайым Юсуповтың қосықлары, соның менен бирге, мəзи қарақалпақ дəстүрлери айналысында шекленип қалмағанын айтқан едик. Деген менен, жəне соны итибарлап айтыўымыз лазым, оның поэзиясы жүдə күшли жəне тəсиршең миллий рух, миллий колорит кəсип еткен шайырлық дүнья. Ол қарақалпақ халқының миллий өзгешеликлери менен белгилерин, оның руўҳын, дүньяға көз-қарастағы өзине тəн жақларын сондай терең ҳəм гөззал қылып сүўретлейди, нəтийжеде бул суўретлеўлер тар, шекленген шеңберден шығып, улыўма адамгершилик ҳəдийселериниң ажыралмас бир бөлеги киби аңланады. Сол мəниде оның шайырлық дүньясын қарақалпақтың жаҳанға, жаханның қарақалпаққа қаратылған тынық айнасы деў мүмкин. Ырасында да бул сөзде асырып айтылған нəрсе жоқ. Ибрайым Юсупов нағыз дослық жыршысы. Дослық, қардашлық, бирадарлық идеялары оның шайырлық дүньясында мисли бир тилла тарлы саз: бул сазды шерткенде оның қосығы өзгеше бир заманагөй заўықлы ҳаўаз береди. Бул ҳəўижли саз ҳаўазында ол халықтың келешек ығбалын, əўладлардың бахыт-саадатын көрип, илҳамланып жырлайды. Оның «Өзбекстан», «Ўатан», «Хорезмге», «Шыбығы сынса шынардың...», «Қырғызларға», «Бул ақшам жулдызлар сондай ири еди», «Саарема», «Мен Абайды ядға билген халықпан», «Тоқайға», «Мақтымқулының жолына», «Тынбай жамғыр жаўар Пярну жолында» сыяқлы терең азаматлық, сезим менен суўғарылған қосықлары - нағыз дослық қасидалары - мақтаныш қосықлары болып табылады. Шайыр бир 7 халықты улығлай қойса, шын жүректен шыққан сулыў сөзлер менен улығлайды. Хақыйқат, жанлы суўретлемелерде сол халықтың жүрегин суўретлеп көрсетеди. Ол қырғыз дияры ҳаққында қосық жазса, бул қосықтан бурқасынлаған таў булақларынан «жылқылары суўға қоса жулдыз ишип, қой падалары таў бултындай ақтарылып» бийиктеги жасыл жайлаўлардан ерип киятырғанын көресең. Ол «Днепр бойындағы емен» деген қысқа қосығында қардаш Украинаның тарийхый ҳəм боранлы, жанлы образын сүўретлегенде өзиңизди сол бийик дəрья бойында көкирек керип турған əсирлик дарақ жанында көресиз. Сол тайнапыр емен астында саз-сəўбет қурылып, Мəртлик ҳəм Даңқ мəўритинде кеўлине түйген шайыр. Ол сөздиң əҳмийетин жəне қəдир-қымбатын жақсы биледи ҳəм оны бəлент қояды. Оның ҳəзир «сөйлей-сөйлей шешен болған» пайты. Ол дəўир идеяларының жыршысы, халқының сүйикли көркем өнерли перзенти. Оның дүнья əдебияты, орыс, өзбек əдебияты дурданаларын қарақалпақшаға аўдарыўда көрсеткен улуғ хызметлериниң өзи де бир үлкен шайырдың даңқлы мийнетине татыйды. Халық жүрегиниң терең тамырлары шайыр Ибрайым Юсуповтың жалынлы қосық қатарларына тутасып жатыр. Бул, демек - бахытлы қосық! Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling