Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet9/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

АШЫҚ АЯЗДЫҢ 
ҚОСЫҚЛАРЫНАН 
БОЛМАС 
Жерге хызмет қылмай полат пазналар,
Жүзлери жарқырап ашылған болмас.
Елге хызмет қылмай ғошшақ жигитлер,
Ерлик сыннан өтип, ысылған болмас. 


20 
Жақсыларға хызмет қылсаң жасыңда,
Қартайғанда жаслар жүрер қасыңда.
Гүрлеп жанған отты ошақ басында
Киси қолы менен ысырған болмас. 
Қəстерле өзиңниң ҳаслы затыңды,
Жоқары тут беглик инабатыңды.
Жаслар тутып байламаса атыңды,
Оларды ғыйбатлап қысынған болмас. 
Ашық Аяз айтар, тəңирим берселер,
Жақсылар шад болып дəўран сүрселер.
Əўел-ақыр пейли бузық кимселер
Ҳажға барған менен мусылман болмас. 
ШЫРАЙҒА ЕНЕР 
Жақсы ҳаялларға жас миңген сайын,
Гүзде ашылған гүлдей шырайға енер.
Майысқан мəжнүн тал жыл өткен сайын,
Салланысып сарҳаўызға сəн берер. 
Изде қалған қыз дəўранның қызығы,
Ақ жүзине түскен əжим сызығы.
Жаста жайтаңлаған көздиң сүзиги
Хош əдеп, мулайым ҳəм илҳам берер. 
Отырыслары ханның қонағы яңлы,
Сырлы сулыўлықтың булағы яңлы.
Көп жыллық Муҳаббат шарабы яңлы,
Сөйлегени сөз мүлкине жан берер. 
Ақыл, парасатлы шын дилбар десе,
Кəйўанылық кимге жарасар десе,
«Қызларға бергисиз жаўан бар» десе,
Ашық Аяз сол нақылға тəн берер. 
СҮЙМЕГЕНГЕ СƏЛЕМ ЖОҚДУР... 
Ашықлықтың өз жолы бар, 
Сүймегенге сəлем жоқдур.
Сулыўлықта сениң менен
Бəс байласар сəнем жоқдур. 
Ашық бақбас өз ҳалына,
Қанат питер қыялына. 
Машақатсыз висалыңа
6
Жетсем деген дəмем жоқдур. 
Келмели-кетпели дəўран,
Бизден өтип, сизде қалған.
6
Висал – ашықлықта тил табысыў, ушырасыў. 


21 
Мен ғəрип дəртиңнен жанған,
Бийдəртлерге бəлең жоқдур. 
Бүлбил аңсар гүл жамалын,
Сыртым пүтин, иште жалын.
Ашық Аяздың аҳўалын
Хатқа салар қəлем жоқдур. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling