Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


КИМ БАР, БИЗИҢ ЖАҚТЫҢ ҲАЯЛЛАРЫНДАЙ…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet5/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

КИМ БАР, БИЗИҢ ЖАҚТЫҢ ҲАЯЛЛАРЫНДАЙ… 
Ҳаял гөззаллығы - илаҳий тилсим,
Бинияд болған ҳақтың инаятынан.
Инсан қəлбин мудам жақтыртып турсын,
Деп тəңирим бир сөнбес нур қуйған оған. 
Адам жаралғалы қосықлар, сазлар
Оны тəриплеўден жалыққан емес.
Ҳəзирети Наўайы, Əжиниязлар
Қəлем тарта-тарта таўысқан емес. 
Жəҳəнгир шахлар да, отыралмай тахта,
Алдында диз шөгип, қазнасын шашқан.
5
Зəкəўат-ақыл-парасат. 


13 
Бул бир илаҳий нур жарқ еткен ўақта,
Ҳəтте пайғамбарлар көзи қамасқан... 
Шайдасындай бүлбил муҳаббатының,
Ҳəр гүлдиң өз көрки, абзаллығы бар.
Ҳəр елде, ҳəр халықта ҳаял затының
Өзинше көрк-шырай, гөззаллығы бар. 
Дəстанларда тəрийпи бар бəриниң,
Ким жаздырар оның сырлы өрмегин?
Бирақ бизиң жақтың ҳаялларының
Сулыўлығын мен ҳеш жерде көрмедим. 
Бейиш ҳүрлери ме турған қарсыңда,
Ишпей-жемей дийдарына тоярсаң.
Тумарис пе, Шасəнем бе, Баршын ба,
Ким екенин билмей ҳайран боларсаң. 
Олардың жадырап күлгенин көрсем,
Мен өзимди йошлы шайыр сеземен.
Қайғы-қапалықта жүргенин көрсем,
Мүсəпирлик шөллеринде геземен. 
Дəртин гизнеп, жас келиндей төркинсип,
Қыпсаламай сыр тарихын естеги,
Ғəрезсизлик минберинен еркинсип,
Айтайық-та дəбдиўлерди иштеги: 
«Ҳаял еркек пенен тең ҳуқықлы» деп,
Талай қышқырғанбыз, талай жазғанбыз.
Жетпис жыл мақтаўын жетирип сөйлеп,
Қыста тоң қопартып, қазыў қазғанбыз. 
«Буныңдай еркинлик сизге қайда» деп,
Атызда сарғайтып саратанларда,
«Темир қатын көк корабль айдар» деп,
Мингизгенбиз муздай комбайнларға. 
«Қызыл əйдарҳаның» түсип дəстине,
Мий шайылып, жүрек суўлағаншелли,
Самолеттен зəҳəр шашты үстине,
Көкирек сүтиңизди уўлағаншелли. 
Үйиңде қараўсыз қалып бесигиң,
Сол уўланған «ақ алтын» ды тердиңиз.
Қыста сүйрик саўсақларың тесилип,
«План ушын» қорек жулып жүрдиңиз. 
Түкирип суў ишкен дəрьяларына,
Қудайсыз адамзат ҳəлдинен асты,
Төзбей адамлардың жаўызлығына,
Өз жағысын таслап теңизлер қашты. 


14 
Мине ақыбети: бул байғус топырақ,
Айықпас дəртлердиң болды уясы.
Дүнья бас шайқасар бизлерге қарап,
Неткен ҳүждансызлық анемиясы. 
Мен айтпайман бул ғəлетий апатлар
«Бəри-бəдар кетти, қалды – деп - кейин».
Базар жолындағы көп машақатлар
Бой жаздырмас еле биразға дейин. 
Лекин жақсылыққа бет алды заман,
Үмитлимиз соңы жақсы болар деп.
Еркинлик ҳаўасын жутқан бул инсан
Бəрин еле орны - орнына қояр деп. 
Берекет дарыған ырысқы-несибе,
Гүллеп кеўиллерде шадлық, муҳаббат,
Тербелип ығбалдың алтын бесиги,
Ошақ басы аман, ел болғай абат. 
Тамшы жас қонбағай кирпигиңизге,
Биймезгил ҳеш үйде сөнбегей шырақ.
Бийбипатпа пийриң яр болғай сизге,
Əзийз анаханлар, байрам мүбəрəк! 
Март, 1997-жыл.
АРАЛҒА 
Тəңирим берди сени бул адамзатқа,
Ырыс қазаны болып қайнап турсын деп.
Бенделерим шағлап, жетип муратқа,
Бул алтын жағыста дəўран сүрсин деп. 
Қəдирине жетпедик, əзийзим Арал,
Гүрсинген ҳаўазың тур қулағымда.
«Үмитиң-жолдасың» деген де сөз бар,
Толқырсаң заманың келген шағында... 
1998-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling