Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
10 TYPK УЛУСЫНА («Қырық қыз» дəстанына арналған халық аралық, конференцияда оқылған қосық) Түрк улусы, қан қатыслы қардашым, Атыңды байлайын жүрек төриме. Сизлер ушын қурбан болсын бул басым. Хош келипсиз, қарақалпақ елине. Ата журты Түркстанға минəсип, Дийдарымыз бир-биреўге жарасып, Ғəрезсизлик шарапаты жол ашып, Хош келипсиз, туўысқанлар елине. Жəҳəнге жайылған дақы-саўлаты, Тоны көк ҳəм Билге қахан зуряды. Оруз, қыпшақ, қырғыздың мəрт əўлады, Хош келипсиз, қарақалпақ елине. Қорқут ата қобызынан саз тыңлаң, Жыраўлардан ески дəстан сөз тыңлаң, Бул бир еден халықтың жүрегин аңлаң, Келиң алтын мийрас дəстан елине. Хорезмшахларға қала болған жер, Беруний бабамыз бала болған жер, Бердақ, Əжиниязға ана болған жер, Хош келипсиз, сол даналар елине. Наўайы ғаззелин, Фузулий сөзин, Мақтымқулды оқып ашылған көзим. Абай, Токтағулды сүйемен өзим, Айтсам, келтиремен гүлин-гүлине. Түрк ғардашым, даңқы кеткен дүньяға, Беглик инабатың журттан зыяда, Юнус Ҳəмирең мегзер бүлбилгөяға, Хош келдиңиз, бүлбиллердиң елине. Бизиң қызлар Гүлайымның урпағы, Сулыўлықта жулдызлардың шолпаны. Жигитлери ғошшақ елдиң султаны, Хош келипсиз, миймандослар елине. Қонақ-султан болсын, мен қул болайын, Қатнасықтың алды болғай илайым, Жаны пида Ашық Аяз-Ибрайым, Горуғлыдай миниң Ғыйрат белине, Хош келипсиз қарақалпақ елине, «Қырық қыз» лардың ат ойнатқан жерине.... 12-сентябрь 1997-жыл. 11 ПРЕЗИДЕНТ Заман күшли зилзиладан 2 силкинип, Турғунлық қорғаны иштен қыйрады. Даўыл ҳүкиминде теңиз жулқынып, Толқынларды тоғыз баллға айдады. Қыйратпақшы болды соқтырып жарға, Толқын қақшып ушан корабльлерди. Тəўекел деп, келди штурвалларға 3 Азатлықтың ер жүрекли ерлери. Сонда бириншилер қатарында сиз Тəўекел кəмарын белге буўғансыз. Ата-баба əрўағына сыйынып, Тəкаббир қудиретке қарсы барғансыз. Империя - жети баслы əйдарҳа, Дем шегип турса да айбынбай барып, Теңсиз мəртлик иследиңиз сиз сонда. Қəпестеги Хумай 4 қусты қутқарып. Хумай - дəўлет қусы жазып қанатын, Ушты, ел үстине саясын салды. Саҳыбқыран руўҳы ат ойнатып, Өзбек өз тəғдирин қолына алды. Үмит күтип уллы келешегинен, Халық қуўанды, жаңлап шадлық намасы. Шығыс аспанының көк жийегинен Бас көтерди мустақиллиқ қуяшы... Есимизде, парламент минберинен сиз Айттыңыз: «Тоқтатың бизди мақтаўды. «Қойың өз ҳалыма мени» дедиңиз. - «Маған халық тəғдири жүклеген таўды Жеткермегим лазым мəнзилине мен. Үрдис кылмаң бир-биреўди мақтаўды. Сизлерден диз шөгип өтинемен мен, Аўызбирлик, татыўлықты сақлаўды.» Бул еди инсаный пазылет сөзи, Халық кеўлинде тасты сизге муҳаббат. Ҳəр зат өз атына ийедур өзи, Мақсет - мақтаў емес, - ҳақлық əдалат. 2 Зилзила – жер силкиниў. 3 Штурвал – кораблди басқарыў орны. 4 Хумай (Хумо) - əпсанаўий бахыт қусы. Ол кимге яки қайсы елге саясын салса, бахытлы болады деген рəўият бар. Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан Республикаларының герблерине оның сүўрети салынған. Қарақалпақлар оны Дəўлет қусы деп атасады. 12 Тəғдир тикенекли соқпақларынан Жаслай жалаңаяқ айдап қар-музға, Қандырып зəкаўат 5 булақларынан, Тəңирим сизди берген ығбалымызға. Сумлық жайлаған бул делбе дүньяда Сиз тыңнан туўры жол салып келесиз. Ел кəрўанын өткели жоқ дəрьядан Аўдырмай өткерип алып келесиз. Қыйынлықлар еле изде қалады, Мийнет сүйгиш халық гүллентер Ўатанды. Дүнья «бир көрсем» деп ашық болады, Өзбекстан атлы жəннетмəканды. Бизди тəн алмақта еллер қайдағы, Бүгин жаңа əсир босағасында. Сиз көтерген Ғəрезсизлик байрағы Желбирер БМШ астанасында. Мықлы ийниңизде алып келесиз, Халық тəғдири жүгин. Ел сизден ырза. Уллы абырай қазанасыз еле сиз, Қуда қуўат берсин, Президент мырза! Жаңа əўлад сыйлап, алғайлар ядға, Тəңирим бəрҳа нурлы нəзерин салғай. Сизден-бизден сол ертеңги əўладқа Азат ҳəм де абат бир Ўатан қалғай. Журтбасымызсыз халықтың тилегиндеги, Узақ жас буйырсын өмириңизге. Қарақалпақтың аппақ журегиндеги Алғыс ҳəм сəлемин жоллайман сизге! Февраль, 1999-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling