Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet6/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

САҲРА БҮЛБИЛИНЕ 
Заман дəртин дəстан етип тилинде,
Халқыңның ар-намыс, ҳүжданы болдың.
Аяқтағы қарақалпақ елинде
Шайырлық мүлкиниң султаны болдың. 
Сен саҳра бүлбили едиң сайраған,
Бағ тапбаған жерде шеңгелге қонған.
Жапакеш ел ушын жан пидə қылған.
Дəртли кеўиллердиң дəрманы болдың. 


15 
Елим деп, журтым деп усы елаттан
Бир шайыр туўылса, - сени жаратқан.
Халықтың сөйлер тили болып киятқан,
Дилўарлықта алғыр тарланы болдың. 
Ҳəр сөзиңде даналығың таныттың,
Мəртлиги бар Алагөздей алыптың.
Кеўли ақ, қалпағы қара халықтың
Қосыққа айланған əрманы болдың. 
Уллы Наўайыдан саўат ашқаның,
Даңқлы Физиўлыдан дүрлер шашқаның,
Устаз Мақтымқулдың изин басқаның,
Улығлардан үлги алғаны болдың. 
Дүньяға даңқ жайған Өзбекстанда,
Мустақиллик шешек атқан бостанда,
Бабалар руўҳы оянған таңда,
Ел ардақлап еске алғаны болдың. 
Айтқан сөзлериңди алтынға қаплап,
Туўысқанлар айтар: «Əссалам, Бердақ!» 
Мерекеңди Президент қутлықлап,
Жаңа əўладлардың илҳамы болдың. 
Декабрь, 1998-жыл. 
СҮМЕЛЕК ҚАЙНАТҚАН ЖЕҢГЕЙГЕ 
Аман бол, сүмелек қайнатқан жеңге!
(Маған - жеңге болсаң, жаслар «шеше» дер).
Нəўбəҳəр оянған айдын кешелер
Шүкирлик етерсең ғəниймет демге,
Аман бол, сүмелек қайнатқан жеңге. 
Сүмелек қайнатпас мəзи сəн ушын,
Үйрет келинлерге буның мəнисин.
Ата-баба дəстүрлерин танысын,
Ким үйретер оны өзиңнен өңге?
Аман бол, сүмелек қайнатқан жеңге. 
Байрам сүмелеги дəстүрден қалмас,
Дəстүр сыйламай ел жөнлесе алмас.
Еркин базардағы шет елден келген
Шийринликлер оған теңлесе алмас. 
Абийҳаят суўын ишкен бул байрам,
Заманнан-заманға көшкен бул байрам.
«Ҳəр күнимиз Наўрыз болғай» деп тилеп,
Пайғамбар нəзери түскен бул байрам. 
Наўрыз-журттың шадлық салтанаты бул,
Бүгин-ғəрезсизлик шарапаты бул.


16 
Мийрим-шəпəəттиң инсан қəлбине
Илəҳий нур қуйған кəраматы бул. 
Халық шағлап мустақил Өзбекстанда,
Дүнья тыныш, еллер абадан болсын. 
Шадлық сазы жаңлап ҳəр атқан таңда,
Ҳəр шаңарақта толы дастүрқан болсын. 
Быйыл Жəйҳун дəрья мəўжирип тасып,
Егинге кенелгей Ўатан жерлери.
Қуўанғай табысы тəрези басып,
Қарақалпақ ҳəм Хорезм еллери. 
Шағлаң, бирадарлар, ортаңыз толсын,
Жетиспек ғаниймет бул шадлы күнге.
Наўрыз байрамыңыз мүбəрəк болсын,
Аман бол, сүмелек қайнатқан жеңге. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling