Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


ТАЛЛАР ЖАПЫРАҚ ТӨКТИ, УРЫҚЛАР ҚУЎРАП


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet8/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ТАЛЛАР ЖАПЫРАҚ ТӨКТИ, УРЫҚЛАР ҚУЎРАП... 
Таллар жапырақ төкти, урықлар қуўрап,
Тек те атқулақлар жаўдырасады.
Азан-ғазан ала қарғалар шуўлап,
Аспан қумайтланып, сыйқы қашады. 
Қуўрақ қамыс ызыңлайды намаға,
Ертең - бир күн суўық түсиўи мүмкин.
Көптен жылымаған мусəпирханама
Сен жылыў əкелген күн еди бул күн. 
Оннан берли бəҳəр бес ирет көклеп,
Бес ирет қублаға қайтты тырналар.
Дүзде бес мəртебе жантақлар сөклеп.
Нарт шыбықлар тал болдық деп ырғалар. 
Муҳаббат ҳəм ошақ бийғəрезлигин
Қорғаўда сен мəртлик көрсете алдың. 
Еркин қыз ўағыңды сағынып бүгин,
Муңлы бир ноқатқа тигилип қалдың. 
Қой, өйтип талдырма қарар көзиңди,
Қайғы жараспайды, шабазым, саған.
Толған айдай дөңгеленген жүзиңди
Өйтип төмен салма не болса соған. 


19 
Билемиз ағайин деген кисини,
Базда жанын саған суўырып берер.
Қəпелимде сəл нəрсеге исинип,
Ғыйбат «бес бийдай» ын қуўырып берер… 
Қатын деген еркектиң тас қайрағы,
Ол қайраса, қазан пышақ, қыл қаўар.
Аңгөдек ер гийне таўып қайдағы,
Телпегин терис кийип, ийт болып қабар. 
«Ағайин азар да, безери болмас»,
Оның бары жақсы не деген менен.
Қарға «ғақ» дегеннен қыс түсе қоймас,
Ат жүрисин бузбас ийт үрген менен... 
Қара, қаныңдай кең бул ата мəкан!
Ата-бабамыздың алтын мийрасы.
Қаншама əўладлар миннетдар оған,
Ҳəммеге де жеткен ырысқы мийуасы. 
Бул елге, бул журтка сениң ықласың
Ағын суўдай таза ҳəм де раўан.
Қушақ ашар қанша қурбы-қурдасың,
Ҳəм йошлы қосықлар жаздырар маған. 
Жатқан бир кең дүнья бул ата мəкан,
Тек мəзи тарылған адам пейили. 
Кеўли тар бендеге тардур бул жаҳан,
Дүнья кең пейилге - наўрыз сейили. 
Тəңирим үркитпегей бул дəўлет қусын,
Бир қысым топырақ бар тойымсыз көзге.
Кеўлиңди тарылтпа, қосшым, ол ушын,
Кеңлик жарасады сиз бенен бизге. 
Таллар жапырақ төкти, урықлар қуўрап,
Тек те атқулақлар жаўдырасады...
Ағайин гийнеси - ийт тартқан туўлақ,
Ертең умытып, жəне қушақ ашады... 
Январь, 1999-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling