Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet10/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

АШЫҚЛАРДЫҢ КЕЎЛИ ДƏРТЛИ 
Ашықлардың кеўли дəртли,
Көрген күнлерин айтсаңə.
Бийдəртлердиң бизиң менен
Ойнап-күлгенин айтсаңə. 
Бийрəҳим жаратып сени,
Зары-гирян етип мени,
Сулыўлық деген бəлени
Сизге бергенин айтсаңə. 
Илмесултан ҳəр мазағың,
Бизге қылған дарғазабың,
Ашықлықтың бар азабын
Бизге бергенин айтсаңə. 
Ашық Аяз тақат етпей,
Ышқы дəргайына жетпей, 
Дəртиңнен өртенип кетпей,
Аман жүргенин айтсаңə. 
ЖАНАН ЕНЕР ТҮСЛЕРИНЕ 
Бəлент таўлар қалғып кетсе,
Думан енер түслерине.
Бүлбил қуслар көз илгитсе,
Бостан енер түслерине. 
Салланысқан сəнемлердиң,
Елге сəн бергенин көрдим.
Таза пəрий жигитлердиң,
Жанан енер түслерине. 
Аңшы пейлин аңда көрдим,
Жан себил шикарда көрдим.
Пайда куўған саўдагердиң
Шырўан енер түслерине. 
Айралықтың дəртин жаздым,
Ышкыңда сарғайдым - аздым.
Бийшара Ашық Аяздың
Илҳам енер түслерине... 


22 
«ЕРКИН БАЗАР» 
Ергенексиз бул дүньяның,
Ҳəзир еркин базары көп.
Жер-жаҳаннан дүнья-малдың
Келип турған гүзары көп. 
Ҳəр ким оған барын салған.
Ҳəтте намыс-арын салған.
Биреў сəтли саўда қылған,
Биреўлерге ҳазары көп. 
Ҳасыл гəўҳар, зери де бар.
Аптекте жоқ дəри де бар. 
Пулың болса бəри де бар,
Пулсыз көзиң қызары көп. 
Ҳəр ким пайдасын гөзлеген,
Ырас-ялғаннан сөзлеген.
Бирақ онда мен излеген
Муҳаббаттың базары жоқ. 
Сондай базар болғанында,
Сен базарлап барғаныңда,
Шасəнемдей баяғыда...
«Мен Ғəрипти сатып ал» деп,
Жығыларем аяныңа... 
1997-жыл.
ЎА, ДЕНСАЎЛЫҚ, ДЕНСАЎЛЫҚ 
Ўа, денсаўлык, денсаўлық,
Сен бир жүрген қол жаўлық.
Базарың түсип кеткенде,
Баҳаң пияз бир баўлық. 
Қəстелик басқа түскенде,
Қəдириңди билермен.
Мысқалыңа мың сомнан
Төле десе, төлермен. 
Қəстелик бастан кеткен соң,
Үстиңнен жəне күлермен.
Майына минген көликтей,
От-жемсиз қыйнап минермен,
Азабыңды берермен. 
Ўа, денсаўлык, денсаўлық,
Усайсаң ағар булаққа.
Сол булақтың басынан
Əкетер жыллар узаққа.


23 
Дуқтурлардың айтқанын
Илмедим онша қулаққа.
Айландырғаным сен болдың
Бара ғойсам қонаққа.
Кисинин кеўлин жықпадым,
Жықтым сени бирақ та...
«Ақыллыман» деп жүргенлер
Қызығып қарар суқланып,
Дени саў жүрген дораққа. 
Ўа денсаўлық, өзиңде
Қылық жоқ қудай сүйгендей.
Шаңғалақ шақтың тис пенен, 
Тоң қопарған сүймендей.
Сен шеккен сигаретлердиң
Дүтинен тандыр сөнгендей.
Сен жутқан никотинлерден
Бир үйир жылқы өлгендей. 
Қыйнайман сен Мысырдың
Басы байлы қулындай.
Жумсайман сени жолымнам
Таўып алған пулымдай. 
Адамлар сени бузады,
Шыпакер байғус емлейди.
Алдынан аққан дəрьяның 
Қəдирин киси билмейди. 
Минип жүрген атың да,
Күтим талап етеди.
Денсаўлық та, қатындай,
Қарамасаң кетеди. 
1992-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling