ƏСКЕРБАЙ АЛПЫС ЖАСЫНДА
(ҳəзил)
Ҳəй сақый, қуй қəне бир кəса шарап,
Қуры хошеметти сүймес Əскербай.
Журтлар бул дүньяның жүзине қарап,
Күйсе күйе берсин, күймес Əскербай.
Бул бенделер бири-бирин қыйнасып,
Жүре берсин гə айтысып, сыйласып.
Ялғаншыны сирисинен бир басып,
Жыртық ботинкидей кийер Əскербай.
Шахаман елинде енеден туўып,
Қоық қоян болса, ийт болып қуўып.
Ғам-қайғыны бир қос шаршыға түйип,
Ертеде дəрьяға атқан Əскербай.
24
Дəрўиш дейин десем, қылқа тоны жоқ,
Мəжнүн дейин десең, Лəйли яры жоқ.
Шайырлар бар қосығының дəми жоқ,
Олардай биймəни емес Əскербай.
Бир аққан суў қайтып ақпас салмадан,
Жасаў-бендесинен, өмир-алладан.
Қарақалпақта Омар Ҳайям болмаған,
Ең болмаса, болсын мейли Əскербай.
Ҳей сақый, қуй жəне бир кəса шарап,
Ертең таптырмайды бүгинги қонақ.
Не қыламыз жасы қанша деп сорап,
Сол шалқыўы менен өтсин Əскербай.
1997-жыл.
«БАХЫТ ЛИРИКАСЫ» китабынан
1955
УЛЛЫ ҚЫТАЙ МАҚАЛЫ
Дүньяның барлық халқы аяқ қосып
Бир ўақта жерди тепсе, жер силкинер.
Дүньяның барлық халқы урт толтырып
Үплесе, даўыл турып, күн гүркирер.
1950-жыл
ДИПЛОМ АЛҒАН ДОСТЫМА
(Досжан Насыровқа)
Уядан ушқан жас суңқар,
Қанатты кеңнен жайыпсаң.
Турмысты өзиң ет гүлзар,
Бахыт келмес ғайыптан.
Шайқалған гүлдей жас өмир,-
Жазғы мəўсим, гүлстан.
Жулдыздай билим көгине
Шық жарқырап Шығыстан.
Қутлы болсын дипломың,
Билимдарлық белгиң ол.
Кең, бахтияр үлкениң
Хүрметине садық бол.
Билим берген Ўатанға
Исимиз болсын ылайық.
Салынып атқан сарайға,
Кел, биз де гербиш қалайық!
25
1949-жыл.
Do'stlaringiz bilan baham: |