Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- СУЛЫЎ ЕКЕН АЛМА АТАНЫҢ ҚЫЗЛАРЫ...
ƏНАР ГҮЛЛЕДИ
Кел сүйиклим, бағ сейлине барайық. Бахыттың бағында əнар гүлледи, Басқа жемислердиң мийўасы байып, Гүл төккен ўағында əнар гүлледи. Сəрўи болсаң, бүлбил қонажақ саған, Мəлел бермес, бағманымыз жақсы адам. Еркин гүл үзейик бағы-бақшадан, Толысқан шағыңда əнар гүлледи. Ерик гүллегенде келмедиң ярым, Алма гүлин берсем, алмадың ярым, Басқа ағаштың гүли қалмады, ярым, Қырмызы тон кийип əнар гүлледи. Тоншыға таптырмас əнар послағы, Жаслық дəўранымыз ашықлық бағы, Жаз өтсе, гүз бар деп силтеме тағы, Жаздың жарасығы əнар гүлледи. 1958-жыл, Төрткүл. СУЛЫЎ ЕКЕН АЛМА АТАНЫҢ ҚЫЗЛАРЫ... (ҳəзил) Алтын жапырақ, ақ балтырлы кайыңлар, Шарпыды ма қоңыр гүздиң ызғары? Бул сөзимди шаўлап көкке жайыңлар: Сулыў екен Алма атаның қызлары. Алма көз, бота көз, қой көз, қара көз, Гей бир қыздың бет жүзиниң бəри көз. Мыйық тартып айтса жалғыз аўыз сөз, Еригендей Алатаўдың музлары. Жолдан пош, жигитлер, сизлик жоқ исим! Көше толы қыздың туттым бирисин, «Əпиў ет қарындас, қызлар шалғышын Қайда сатар?» десем, сынын бузбады. Қулақ аспай силтеўине, сөзине, Мен урланып қарай бердим жүзине, Əлле ушырасыўға шыққан гези ме, 39 Оны күткен қай көшениң бозлағы? Иске салдым қарақалпақша тилимди, Гейде билинбесе, гейде билинди. Онлап тымсал бир сабаққа илинди, Көзим көк шалғышта, кеўлим қыздады. «Айт қарындас көк шалғыштың дүканын, Тез барып алайын, төзбей тур жаным, Усындай бир шалғыш еди əрманым... Айып көрме жан ағаңның қызғанын. Гүлин Көкше таўдан терген бе деймен, Дала қызғалдағын берген бе деймен, Жибин Баян сулыў өрген бе деймен, Абай емес пе екен нағыс сызғаны? Көгис гүли Буўрабайдың көлиндей, Сарғыш жийек тыңда пискен егиндей, Желбиреўи Қурманғазы күйиндей, Кеўлимде көп ышқы дəртин қозғады...» Күлди қыз: «Ағай сиз ақынсыз, билсем, Жамбылдан оңға тарт... Дүкен бар əсем... Несип болып шəли тапсаң жеңешем Бир қуўанар» деди, енди созбадым. Қулама сай шыққандай кең жазыққа, Бир аңқаў пил үңилгендей қазыққа, Кеўлим алып қашты яр жүрген жаққа, Көзимди ашсам, кетип қалған қыздағы. Тек айнала зəўлим жайлар орап тур, Тек қайыңлар жапырағын борап тур, Бир топ адам «миниңиз» деп сорап тур, Троллейбустың дизгин сымы дызлады... Қазақ қызы, баўырым демей не дейин, Сенде мол қазақша сулыўлық, зейин, «Жеңгем» деген пал аўзыңнан сүйейин, Ярды еске салдың, кеўлим азбады. Мениң ярым Əмиўдиң ақ маралы, Ядға түсти оның айдай жамалы, Қайда жүрсем оған тартып қыялым, Шақырғандай мени сағыныш гүзары. Азамат қайыңлар, гүўам боларсыз, Шайырдың жаны пəк, тек тили арсыз, Яр сүйген кеўлимде сиз де турарсыз, Алма-атаның алма жүзли қызлары. Ноябрь, 1958-жыл. Алма-Ата. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling