Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet20/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

АҚТАС РОМАНТИКАСЫ 
Хостаға жазда, жаным, келсең еди, 
Аралап қуртоғайды жүрсең еди.
Қытықлап ақ балтырды қос бурымың,
Ақтастың аясына минсең еди.
Ақтас, бул, - тəбияттың бир балконы.
Алдынан ашылады Кавказ оның.
Қарсыңда уйлығысып қарлы таўлар,
Таласып созар еди-аў саған қолын.
Пальмалар пешанаңды желпип əсте,
Тəриплеп қубылжыған қуслар сести,
Бананлар жапырағын жаўып саған,
Магнолия гүлин төгип дəсте-дəсте;
Сымбатлы сəрўи таллар қатар дүзеп,
Шиповник бояў сүртип өзин безеп,
Əсирлик тиссалар да тас төбеңнен
Таңланып қарар еди гезек-гезек.
Бултлар көрип сени усы жерде,
Шабысып шомылғанда қара терге, 
Қызғанып ийирилген аппақ думан,
Жүзине тутар еди жуқа перде.
Ал сонда пəтли қурдым жемтик аўлап,
Айқасып аш толқынлар, тынбай шаўлап,
Ыңыранып ырғыр еди гранитке,
Ақтастан алыў ушын сени жаўлап … 
Рафаэль өзи салған суўретине
Ашық болып қалғаны есиңде ме?
Гүрилдеп қол шапатлар еди сондай,
Тəбият сендей сулыў перзентине. 
Хоста, 1955-жыл. 
 
 
МАГНОЛИЯ 
Қара теңиз жағасында жайқалып,
Май жапырақлы магнолия өседи.
Көрген сайын жас кеўлиме ой салып,
Ышқы сезими менде арта түседи. 
Терең тамырын жуўып шалқар океан,
Тур бəлентте сулыўлыққа таласып. 
Жаз таңында қалың жапырақларынан 
Шық тамшысын емер түслик қуяшы. 
Бирин ашып, бири ғумшасын салып,
Қысы-жазы шашар аппақ гүллерин.
Пал ҳəрреси балаўызға қадалып,
Ийисин алып қашар мəўсим желлери. 


41 
Сол сияқлы жүрегимде мениң де 
Қысы-жазы гүллеп жатар муҳаббат.
Бурқыраған магнолия гүлиндей
Сап ышқымды, сəўер ярым, қабыл ет. 
1955-жыл, Хоста. 
 
АРАШАН 
Таўлы еллер қандай сулыў жерге бай!
Көркин көрип көзиң тоймас қарасаң.
Соның бири: жасыл қыснақ, терең сай,
Гүл төселген қырғыз жери - Арашан. 
Арашан, Арашан! 
Естен кетпес сенде көрген тамашам! 
Таңларыңда думаныңды сүйгеним,
Кешлериңде суў жағалап жүргеним.
Көрдим сенде көзге тосын таўларды,
Жатырқаған бир де жанды көрмедим. 
Қарап турсам тас астында қайнаған
Ыссы суўлы, мөлдир көзли булаққа,
Яр жамалы түр көрсетип айнадан,
Сыңқылдаған сести келди қулаққа,
Гүллер мысал кесе тутқандай маған,
Балаўызын толтырып пал шарапқа,
Сонда шайыр жүрегинде муҳаббет
Кенарынан толып тасты сан ирет. 
Гүзеттеги жылқышыдай қунтыйып,
Ақ қалпағын баса кийген шыңларың,
Талай сапар егегинде ынтығып,
Жас бүркиттиң шаңкылдысын тыңладым.
"Қолларыңды тийгизейин жулдызға,
Өрмеле" деп сонда маған ымладың.
Шың басына кеттим шығып, Арашан,
Көринбедиң булт үстинен қарасам. 
Едирейип маялышлы жасқада
Тур кийиктиң бир шай батыр ылағы.
Ақ думаны ийирилген аспадан 
Сарқырама шуўлап төмен қулады.
Ал төменде ГЭС гүрилдеп тынымсыз,
Жаңа өмирди жырлап ҳаллас урады.
Сонда шайыр жүрегинде йош артып,
Қырғыз жерин тəрип етер қумартып. 
Арашан, Арашан, 
Естен кетпес сенде көрген тамашам! 
1954-жыл, Арашан. 


42 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling