Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet17/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

МУХАЛЛЕС 
Қыстың күни қар гүллер, ярым, сен жүрген жерде,
Жупар ийис шашар желлер, ярым, сен жүрген жерде,
Бостанға дөнер шөллер, ярым, сен жүрген жерде,
Өзгеше сайрар бүлбиллер, ярым, сен жүрген жерде,
Қəдемиңе қайыл жер, ярым, сен жүрген жерде. 
Арғымақ жəўланында Əмиў бурқып ағады,
Таң самалын жалынтып сен барасаң жағада,
Жар астындағы жайын көрип сени набада,
Жаңа болған жигиттей өрден ыққа шабады,
Саған ашық ҳəммелер, ярым, сен жүрген жерде, 
Қəдем бассаң қаймығып, қар ерир суў болғалы,
Бəҳəр намасын шалып, гүрлеп сайға толғалы,
Жап бойын қаплап сүйрик, шығар теректиң палы,
Көл үстинде басланып қуслардың фестивалы.
Таўда суңқар қус түлер, ярым, сен жүрген жерде. 


35 
«Көрсең тəрийпин айт» деп түнлер жалынар таңға,
«Гүл жүзине қонба» деп таңғы шық кейир шаңға,
Ийнеликлер үймелеп, атшөклер шақырғанда,
Атлас кəмзол гүбелек жоңышқалықта байрамда,
Гүўилдер пал ҳəррелер, ярым, сен жүрген жерде. 
Сеңсең постынын шешип, жер алар кең тынысын,
Бəҳəр баслайды бағда гүл қəдемли жүрисин,
Пахтакеш жəўлан урып қолға алар егисин,
Егис - халық иси, демек, сениң ҳəм мениң исим,
Пахтаңды ақ алтын дер, ярым, сен жүрген жерде. 
Бəҳəр əййямы сенсең, қумар көзим, кел бери,
Гүл ғуншаны оятсын жеңил хош қəдемлериң,
Сен десем сергип жаным, қалмас кеўилдиң шери,
Ерик гүллерин шашып қарақалпақ жерлери,
Шадлық бəҳəри күлер, ярым, сен жүрген жерде. 
1950-жыл. 
ҚОЙ, ДАҢҚПАРАЗ БОЛЫЎДАН УЯЛ... 
Ҳəй, жас ойшыл, нəсиятым саған:
Болагөрме өйтип даңқпараз.
Болса егер адам даңқпараз,
Жерде жақсы ат қалмас оннан...
Бирақ та сен шайыр болдың да,
Өзиңе аўыр шоқмарды алдың.
Журттан мақтаў дəме қылдың да,
Изинде көп күлкиге калдың.
«Əкел маған гүлиңди, халқым,
Мен шайырман» демекшисең сен.
Наўайының сөзи емес, даңқын
Мəжнүн болып излемекшисең. 
Қой, даңқпараз болыўдан уял,
Неге керек қанатсыз қыял! 
Оннан қайта бəҳəр келгенде
Жол бойына көгерт бир түп нəл.
Жыллар өтер, гүжим ержетер,
Сая берер шаршағанларға.
Талай əўлад астынан өтер.
Силтеў болар адасқанларға.
Тəжирийбели жолаўшы турып,
Бунда ойға батар гей күни.
«Раҳмет буны еккенге» деп журт,
Узақ жыллар яд етер сени...
Ҳей, жас ойшыл, сен маған қара!
Соннан абзал даңқ бар ма сирə?
Қой, даңқпараз болыўдан уял,
Кимге дəркар қанатсыз қыял! 
1957-жыл, Нөкис. 


36 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling