Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
МОНТЕР БАЛА СЫМ ТАРТЫП КЕЛДИ
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
МОНТЕР БАЛА СЫМ ТАРТЫП КЕЛДИ
Кеше жаңа жайлаўға бизиң, Монтер бала сым тартып келди. Москваның таныс ҳаўазын, Тартқан сымы бизге əкелди. Қайтқан ғаздай дизилди қатар, Телеграфтың бағаналары. Қуўанысты шопанлар, ғаррылар Ҳəм жайлаўдың жас балалары. Жас монтерды арқадан қағып, Фермамыздың баслығы күлди. Гүлжəмийла жеңгей қуўанып, Бир кастрюль сүт алып келди, «Уста қəйним, əкелдим саған сүт, Мə, ишип ал маўқыңды басып. Əттең, сол бир қыз күним болғанда, Болар едим мен саған ашық! ... Бир доғалақ сымға отырды да, Күлди жигит жадырап күндей. «Рахмет саған, саўыншы жеңге, Болса екен аў қызлар да сендей. Сен айтасаң, қыз күним болғанда, Болар едим дейсең сен ашық. Ал мениң сүйген қызым кийиктей, Мени көрсе кетеди қашып. Гейде күлер мениң үстимнен, Сөзге сараң, гейде дым туйық. «Муҳаббат деген не өзи?» - деп меннен Қасақана сорар тымпыйып. Жүрегим соғар сымдағы тоқтай, Өтсем күнде үйиниң тусынан. Ойласам қулап түсе жазлайман, Столбаның ушабасынан. Мени көрсе сол почтальон қыздың Мысқыл шашып күлимлер көзи. Айтшы жеңге, ол да неге сендей «Сүйемен» деп айтбаўы неси?... «Беў, ангөдек, тил билмес қəйним, Түсинбейсең, сен еле жассаң: Қызлар деген өртенип кетсе де, «Сүйемен» деп айтпайды ҳаслан... «Аҳ, солай ма, демек, ол да мени Жүр екен ғой ишинен сүйип!» «Солай қəйним, абайлап иш, аўзың – Ыссы сүтке қалмасын күйип» … «Түсинбеппен аў оған мен гешше» Деп жас жигит жадырап күлди... Сөйтип бизиң жайлаўға кеше, Монтер бала сым тартып келди. 1954-жыл. Нөкис. 37 Шынтлап сүйген кеўил ҳаслан айнымас, Сен өзиңди бостан-босқа қыйнадың: Бизден көре ажарлырақ ҳəм де жас, Яр тапсам деп, жат пикирди ойладың. Сатқын тилиң «сүйемен» деп уялмай, Сыбырлады, сөйтип, бир жат қулаққа. Сонда туңғыш муҳаббатын қыялмай, Ҳадал кеўлиң менсиреди бирақта. Маған соңғы хатты жазып, албырап, Қорқақ колың почтаға əкеп таслады. Менсиреген ҳадал кеўлиң, ал бирақ, Мендей көрип сүйе алмады басқаны. Жигитке де жеңил емес айралық, Ышқы азабы мəлим бастан кешкенге. Талай түним өтти уйқысыз қыйналып, Сени ҳаслан қыя алмадым ҳеш кимге. Жаслық өмир саған мениң жанымды, Сырлы алтын жиби менен ышқының – Тиккенлиги сонда ғана танылды, Үзе алмадым умтылсам да күш қылып. Етегиңе ерген шөптей қалтырап, Кеўлим саған ерди, раҳим етпедиң. Бар сулыўлық нурың менен жарқырап, Мəккар күлкиң көз алдымнан кетпеди. Ышқы, - бөдене емес, үриккен ўақтыңда Безетуғын уя салған жеринен. Көп оқыдым ышқы, айралық ҳаққында, Сениң дəртиң өтти бирақ бəринен. Уйқы орнына сен жайластың көзиме, Айыплаўға тилим, бирақ, баспады. Не шара бар, ушқалақ қыз өзине Ҳəмир етсе «сүйесең» деп басқаны? Жүрдик сөйтип, ал не болды кейнинде: Мине, алдыма келип турсаң айланып. Қалай екен шынтлап сүйген кеўилге, Қалай, қошшым, аңсат па екен айралық? Мен өш алар едим ҳəзир, егерде Сендей көрип сүйе алсам өзгени. Лекин адам өз бахтына тебер ме, Өз бахтымды жек көриўге төзбедим. 38 Таза жүрек таза тəлим себеди, Муҳаббатты алдай алмас сайлы жас. Сүйсек, усылай шын сүйейик, себеби, - Шынтлап сүйген кеўил ҳаслан айнымас. 1955-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling