Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet28/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

СЕКСЕЎИЛ 
Үнсиз көкке қолларын созып əстен,
Ким булар ел шетинде ербеңлескен?
Ҳеш ким емес, бул мəзи сексеўиллер,
Шет - шебирсиз даланы қаплап өскен. 
Бойында қызғыны бар тас көмирдей,
Шаң басып қуўаң тартқан жас көринбей.
Өз даласын жаўлардан қорғап турған
Əййемги массагеттиң лəшкериндей. 
Айқасар отлы əптап, жəбир менен,
Жығылса иси болмас қабир менен.
Жаўмай өткен бултларға өшегисип,
Түйедей төзе билер сабыр менен. 
Боранлар келип оны жулқылаған,
Корықпас ол бирақ ҳеш бир ғулғуладан.
Артезиан излеген барлаўшыдай,
Узын тамыры шөл төсин бурғылаған. 


56 
Қақшыйып қыйынлыққа төс кериўли,
Билмейди қула дүзде сескениўди. 
Салмағы мысалы пил сүйегиндей,
Сүйемен шөл перзенти сексеўилди. 
Туқымы жер таңламай өнип кетер,
Жасында көк шыршадай дөнип кетер.
Жанса да тегин жанбай, адамзатқа –
Бойдағы бар қызыўын берип кетер. 
1963-жыл 
АЛТЫН ДƏРЬЯЛЫҚ САМАЛЫНА 
 
Алтын дəрьялықтың пəтли самалы,
Сен шалқып, йошланып ескенде мудам,
Түрли тиллердеги түрли наманы,
Қанатыңда алып келесең маған. 
Сенде сарқыраўы күшли ағыслардың,
Сеннен жуўсан ийси танаўға урар.
Сенде наў қарағай нар қамыслардың
Миллион сыбызғылық сылдырлысы бар. 
Булттай қараманлар, шоқ торанғыллар
Бийиктен сəлемин жоллайды саған.
Суў бойында нама шығарған таллар
Саған өз нотасын үйретер мудам. 
Мени асықтырар жалқаў тырнаның
Мезгил курантындай «тыр-тыр» лаўлары.
Ҳəз берер бийдəўлет шағалалардың
Шын кеўилден күлип шақақлаўлары. 
Асаў толқынлардың «тыңларын сүрген» 
Пароходлар даўысы, шақырыўлары: 
Сенде бар жоқары вольтли тоқ жүрген
ГРЭС сымларының дыңылдаўлары. 
Бəрин-бəрин ядлап үйренгенсең сен,
Алтын дəрьялықтың пəтли самалы!
Бирақ, айтып бер сен, маған əкел сен
Жаңа адамлар айтқан жаңа наманы! 
Əкел, жаңа күштиң йош булақларын
Бурқылдатып ашқан жаңа заманның
Жаңа қосықларын, жаңа сазларын,
Жүрек соғыўларын, талпыныўларын! 
Бул қосық еситилер қарақалпақтың
Таллы жағыстағы хош ҳаўазынан;
Даңқлы пахтакеши күншығыс жақтың,


57 
Туўысқан өзбектиң сулыў сазынан. 
Бул нама Қызылқум жайлаўларынан 
«Ет, сүт молшылығы!» деп сүрен салар.
Малдың изин ироглифтей оқыған.
Баўырым қазақлардың əн-күйинде бар. 
Бул қосықты айтқан рус даўысы, 
Туўысқан мотив болып сиңген қаныма,
Жаңа дəўир, жаңа наманың күши 
Лапыз берген түркмен айдымларына. 
Бул намадан жаңа жигер, йош алған,
Баҳадыр балықшы - Арал бойлары.
Еситилген шалы атызларынан
Бизиң кореецлердиң «торадийлары». 
Усы нама қайсы жерде айтылса, 
Сол жер жасарады, абат болады. 
Бул қосықты айтып халык ҳүжим қылса, 
Үстирттен нефть шығып, газ атылады. 
Бул-жаңа заманның жаңа намасы,
Йош ҳəм жигер толы əжайып нама,
Дөретиўши мийнеттиң сақый қуяшы,
Төк сен нурларыңды далаларыма! 
Ўа, алтын дəрьялық, туўған мəканым!
Заман корабльлери асығар саған. 
Қайсы тилде қосық айтсаң да, жаным,
Бəри түсиникли, қəдирдан маған. 
Шадлық, йош ҳəм ышқы, наз бенен толып,
Ессин лəззет бағыш самалың сениң.
Бахыт, абаданлық жолдасың болып,
Жайнасын келешек заманың сениң. 
1962-жыл, Нөкис. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling