Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- «КЕЎИЛ КЕЎИЛДЕН СУЎ ИШЕР» китабынан 1971 ХАЛЫҚ СӨЗЛЕРИ
БЕРДАҚҚА
Сен қосықсаң жыртық үйде туўылған, Аш халықтың əрманына жуўылған. Туўылыўдан ығбал излеп халқыңа, Жалаң аяқ қарды басып жуўырған. Ийниң тийсе пүтинирек кийимге, Шешип жаптың оны бөтен ийинге. Қосық жазар хошым жоқ деп йош аңлып, Отырмадың май кекирип үйиңде. Залымлардың көзине сен жин болдың, Қарлыққанға шаңқылдаған үн болдың. Қақаман қыс халықтың əпшин қуўырса, Сен оларға кемпир қуяш күн болдың. Боз ордада айшы-əширет қурмадың, 72 Дəнсиз жерде торғай болып шырладың. Қарлығаштай аўзың менен суў тасып, Прометейдей тəңириден от урладың. Байрон болып даңқың түспес жəҳəнға, Оның менен кемип қалмас баҳаң да. Кеўиллердиң гүли болып жасарсаң, Өзиң өткен, биз туўылған мəканда. Ел дəртине дəрман болған гиясаң. Халық əрманы туўған поэзиясаң, «Атақ емес, сөз қуўагөр, балам» деп, Көз алдымда турасаң да қоясаң. 1965-жыл. * * * Алды илим дəрежесин, атағын, Бурқытып докторлық айлық алып тур. Енди оның жазған ҳəр бир китабын Пул төлеп оқытыў ғана қалып тур... * * * Тəғдир көп кешигип жаратқан сени, Сөйлегенде тилиң төсиңе түсер. Адамзаттың ҳаслы маймыл екени Сени көрген сайын есиме түсер. * * * «Поэзия! Ол не? Алтын ба, дур ме? Болмайма олсыз да өмир сүрмеге?» - Дер биреўлер. Дурыс ғой. Жасаўға болады. Мəселен, ҳайўанлар ше? Жасамай жүрме?... «КЕЎИЛ КЕЎИЛДЕН СУЎ ИШЕР» китабынан 1971 ХАЛЫҚ СӨЗЛЕРИ Халқым дана десем болар, Нақыл еткен биле-биле: Сөйлей-сөйлей шешен болар, Көсем болар көре-көре. Нақыл көптиң мүлки болар, Адам сумы түлки болар, 73 Ийт жулдызға күлки болар, Айға қарап үре - үре. Қорыққанларға қос көринер, Жолдаслық жолда билинер. Жүргенде жормал илинер, Көп көрерсең жүре-жүре. Бəдҳасылға ҳəмел жетсе, Пуқарасын талар ийтше. Қумырысқаға қанат питсе, Ҳəлек питер келе-келе. Халқым қалпы айтсын қалай? Заманларды көрген талай. Биреў өткен жылай-жылай, Биреў дəўран сүре - сүре. Шайырлық етсе наданлар, Бəлеге қалар адамлар. Ақмақ айтар, ақыл тыңлар, Зейин менен иле - иле. Менменликке басты шатпаң, Шымшық өз тасына батпан, Ешек озсам дейди аттан, Желмаядай желе - желе. Күшигеннен бүркит болмас, Теңиз суўын сырқып болмас, Жартыўлы жүн қырқып болмас, Ала қойды бөле - бөле. Адамның бир парасы бар: Оқымай-ақ санасы бар. От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре - түре. Қызлар белин қынасады, Мəрт майданда сынасады, Қыймылдаған қыр асады, Еңбек еткен еме-еме. Кирпиктен кеўилге жара Түссе, оған бар не шара? Бийтəртип өскен қыз бала Бəле табар күле -күле. Астарлап айтар маманлар, Буның мəнисин ким аңлар Атадан алтаў туўғанлар Жетеў болар өле - өле? ... 74 Қалаўын тапсаң қар жанар, Жүйсиз урсаң балта сынар, Жигит жаслай дилўар болар, Мəжилиске кире - кире. Дүнья қуўған байыр, өтер, Ел қыдырған сайыл өтер. Из қалдырып шайыр өтер, Сөз маржанын тере - тере. 1970-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling